QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.17K subscribers
45.9K photos
4.81K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Ҳуқықый_мәсләҳәт

«Ҳаяллар дәптери»не қандай тайпадағы ҳаял-қызлар киритиледи?

Бул ҳаққында Қоңырат районы Юридикалық хызмет көрсетиў орайы баслығы А.Калиев түсиник берип өтеди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Sport

📃 Xabarıńız bar, Respublika balalar mektebiniñ 2022-jıl 2-fevraldaģı PQ-112 sanlı qararınıń orınlanıwın tàmiynlew maqsetinde "Dem-alıs Bàrkamal menen" uranı astında sporttıń Futbol hàm Stol tennis túrleri boyınsha rayonlar arasında aymaqlıq jarıs shólkemlestirildi.

Bul jarısta sporttıñ "Futbol" túri boyınsha Qońırat rayonında Shomanay,Qanlıkol,Moynaq rayonlar arasında jarıs shólkemlestirildi.

⚽️Futbol boyınsha birinshilikte
🏆 Qóńırat rayonı 52-sanli mektebi "Elabat" komandası jeñimpaz boldı hàm 🏓"Stol tennis" túri boyınsha
birinshilikti baǵdar boyınsha
🏆Qońırat I orındı 6-sanlı mektep 7-klass oqıwshısı D.Allambergenova 11-klass oqıwshısı G.Eliwbaeva hám 37-mektep oqıwshısı A.Nazerbaev jeńimpaz bolıp diplom hám estelik sawǵalar menen sıylıqlanıp "Bárkamal awlad kubogi" Respublika basqıshına jollanba alıwǵa miyassar boldı.

Qońırat rayonı "Bàrkamal àwlad" balalar mektebi
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Алдыңғы теримшилер мүнәсип хошаметленди

Бүгинги күнде атызларымызда жетистирилген пахта зүрәәтын сепситпей жыйнап алыўда мапазға белсене қатнасып атырған пахтакешлерге айрықша итибар қаратылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районы Әжинияз АПЖ аймағындағы "Набийбек Палўан" фермер хожалығында болып, пахта теримине қатнасып атырғанлардан хабар алды.

Соның менен бирге қырманға өз үлесип қосып атырғанлықлары ушын терең миннетдаршылық билдирип, айрықша белсендилик көрсетип атырған пахтакешлерге баҳалы саўғалар тапсырды.

Каналға ағза болыў:@joqargikenes
❗️ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!!!

Ҳүрметли Республикамыз халқы,

Республикамыз аймақларында пахта жыйын-терими басланғанлығын ҳәмде биринши терим пулы 1 кг пахта 1500 сўм, екинши терим пулы 1800 сўм етип белгилегенлигин хабарлаймыз. Сондай-ақ, теримшилерге класстер ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен бәрше шәрт-шараятлар жаратылып бериледи.
Гүллан Халқымызды шаңарағына дәрамат алып кириў ушын пахта теримине белсенди қатнасыўға шақырып қаламыз.

💰Дәраматты табыў өзимиздиң қолымызда:
бир үйден 1 адам бир күнде орташа 80 кг терсе - 120 000 сўм, бир айда 3 600 000 сўм болады.
бир үйден 2 адам бир күнде орташа 150 кг терсе - 225 000 сўм, бир айда 6 750 000 сўм болады.
бир үйден 3 адам бир күнде орташа 200 кг терсе - 300 000 сўм, бир айда 9 000 000 сўм болады.

❗️ Мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнетинен пайдаланыў қатаң қадаған етиледи.


Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
📌Қоңырат районында “Жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў Орайы”нда наўбеттеги оқыў семинар шөлкемлестирилди
👇👇
толық👉 https://kungrad.uz/1200.html

📱Каналға ағза болың:https://t.iss.one/qongiratrkuz
🔰Бүгин Қоңырат районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 39-санлы улыўма билим бериу мектебинде Қарақалпақстан хәм Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген билимлендириу хизметкери мийнет қахарманы Хожамберген Иембергеновтың 105 жыллығы белгиленди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Қабыллаў
#Инсан_қәдири_ушын

Мәмлекетимизде Инсан қәдири ушын деген идеяда әмелге асырылып атырған реформалар пуқаралардың турмыс шараятларын жақсылаўға, олардың бүгинги күнинен разы болып жасаўына хызмет етпекте. 

Усы мақсетте Қоңырат районы "Үстирт" АПЖда Қарақалпақстан Республикасы прокурорының орынбасары Ерполат Каипбергеновтың қатнасыўында район Халық қабыллаўханасы ҳәм район прокуратурасы менен биргеликте көшпели қабыллаў болып өтти.

Қабыллаў даўамында пуқаралар мүрәжаты тийкарында
майыплығы бар болған пуқараларға майыплық арбашасы тапсырылды ҳәм жоқары оқыў орынларында шәртнама тийкарында оқып атырған студентлердиң шәртнама пуллары төлеп берилгенлиги бойынша арнаўлы ваучерлер тапсырылды.
Сондай-ақ, қабыллаў даўамында мүрәжатлардың басым көпшилиги сол орынның өзинде үнамлы шешимин тапқан болса, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар бойынша тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Qońırat xalqınıń 5 usınısı "Ashıq byudjet" portalında jeterli dawıs toplap, jeńiske eristi hám mámleketlik byudjetten qarjilandırılıwı belgilendi
Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń 2021-jıl 13-aprel kúngi “Byudjet processinde puqaralardıń belsene qatnasıwın támiyinlew boyınsha qosımsha is-ilajları haqqında”ǵı PQ-5072-sanlı qararı tiykar Ózbekstan Respublikasınıń Qarjı Ministrliginiń   “Ashıq byudjet” portalı  iske túsirilgen edi.

“Ashıq byudjet” portalında dawıs beriwdiń juwmaǵına kóre  Qońırat rayonında  tómendegi 5 usınıs jeterli dawıs topladı hám jeńimpazlar qatarına kirdi.

1. Qońırat awıl puqaralar jıyını aymaǵındaǵı Qorıs boyı hám Hákke awıl aymaǵın taza ishimlik suwı menen támiyinlew usınısı 3297 dawıs penen birinshi orındı,

2. Qańlı awıl puqaralar jıyını Qańlı awılı hám Shamıra awılına ishimlik suwın tartıw usınısı 3224 dawıs penen ekinshi orındı,

3. Xalıq bilimlenidiriw bólimine qaraslı “Barkamal áwlad” balalar orayınıń materiallıq texnikalıq bazasın bekkemlew usınısı 2340 dawıs penen úshinshi orındı,

4. Xalıq bilimlenidiriw bólimine qaraslı 7-sanlı ulıwma bilim beriw mektebine jasalma mini futbol maydanshasın qurıw usınısı 1682 dawıs penen tórtinshi orındı,

5. Mıńjarǵan awıl puqaralar jıyında Saransha aymaǵı hámde O.Ermanov kóshelerin rekonstrukciya qılıw usınısı 1477 dawıs topladı.
🌐https://kungrad.uz/1205.html

Rayonımız turmısına biyparwa bolmay,  dawıs beriw processine belsene qatnasqan  bárshe rayon turǵınlarına rayon hákimligi atınan minnetdarshılıq bildiremiz.

Qońırat rayonı hákimligi Málimleme xizmeti
📱Kanalǵa aǵza bolıń:@qongiratrkuz