Ҳүрметли районымыз турғынлары!
Усы жылдың 30-август күни саат 18:00 де Қоңырат районы ҳәкимлиги алдындағы Ғәрезсизлик майданшасында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 31 жыллығына бағышланған «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!» сүрени астында байрам илажы болып өтетуғынлығын хабарлаймыз.
Байрам илажында елимизге белгили қосықшылар ҳәм районымыздың көркем-өнер ғайраткерлери атқарыўында миллий қосықларымыз жыйналғанларға инәм етиледи.
Усы мүнәсибет менен бәршеңизди байрам илажына мирәт етемиз!
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz

Forwarded from Prezident matbuot kotibi | Sherzod Asadov
Қоңырат районында абаданластырыў жумыслары даўам етпекте
Пуқаралардың узағын жақын, аўырын жеңил қылыўда ишки жоллардың әҳмийети жоқары саналады. Сонлықтан елимизде ишки жолларды жаңадан қурыў ҳәм реконструкция қылыў жумысларына айрықша итибар қаратылмақта.
Районымыздағы «Қашы» МПЖ аймағындағы көшелерде оңлаў жумыслары алып барылып, ҳәзирги күнде жолларға ЩПС (қум-щебень араласпасы) төсеў жумыслары қызғын пәтлер менен әмелге асырылмақта.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱@qongiratrkuz

#Тазалық
#Абаданластырыў
МӘҲӘЛЛЕЛЕРДЕ АБАДАНЛАСТЫРЫЎ ЖУМЫСЛАРЫ
Тазалық-пәкликтиң белгиси. Өзи жасап турған аймақты азада тутыў ҳәм оның абаданластырыў жумысларына мүнәсип үлес қосыў, ҳәр бир пуқараның жоқары адамгершиликли ўазыйпасы есапланады.
Бүгин Қоңырат районындағы барлық мәҳәллелеринде аймақ пуқараларының қатнасыўында абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта.
Бунда, ҳәр бир пуқара өзи жасап турған турақ жайларының әтирапында тазалаў жумысларын әмелге асырып ғана қоймастан, жәмлескен ҳалда мәҳәллениң абаданласыўына тийкар жаратпақта.