QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.57K subscribers
45.4K photos
4.74K videos
27 files
13.7K links
Download Telegram
#Онлайн

Балаларға бериң дуньяны
1-июнь-Халықаралық балаларды қорғаў күни байрамы Қоңырат районы дем алыў бағында көтериңки кейпиятта даўам етпекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ жигирма тоғызыншы сессиясы басланды.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети ағзалары, министрлик, мәкеме басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнаспақта.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта.

Дәслеп депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram
Сессия күн тәртибиндеги дәслепки мәселе халыққа көрсетилип атырған тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызметлериниң сапасын жақсылаўға қаратылған илажлар ҳаққында Жоқарғы Кеӊес депутаты Т.Романовтыӊ мәлимлемеси тыӊланды.
Баянатшыныӊ атап өткениндей бүгинги күнде республикамыз халқына 156 тез медициналық жәрдем бригадалары хызмет көрсетпекте.
Соның ишинде, 137 улыўма тармақлық бригадалары, 11 реанимация, 3 психиатрия ҳәмде 5 фельдшерлик бригадалары болып табылады.
Соңғы 5 жылда тез медициналық бригадалар саны 92 ден 156 ға, тез жәрдем бригадаларына зәрүр болған дәри-дәрмақлар түрлери 20 атамадан 41 атамаға көбейген.
Сондай-ақ, тез жәрдем хызмети ушын жәми 109 дана арнаўлы автотранспортлар алынып, 68,6 пайызы жаңаланған.
Республика бойынша тез медициналық жәрдем хызметиндеги шыпакерлер ушын ажыратылған штат бирликлери кейинги 5 жылда 393 тен 856 штат бирликлерине жеткерилген.

Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Сессияныӊ күн тәртибиндеги екинши мәселе «Туқымгершилик ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Дүйсенбай Утамбетов баянат жасады.

Ислеп шығылған нызам жойбары 4 бап, 39 статьядан ибарат болып, ҳәрекеттеги нызамның 9 статьясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳәм де жаңадан 27 статья киргизиў усыныс етилмекте.

Сораў-жуўаплардан соӊ депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram
#Bùgin
1- iyun Xaliqaraliq balalardi qorģaw kùni mùnàsebeti menen posyolkamizda " Balalarģa beriñ dùnyani" atli bayram keshesi òtkeriw rejelestirilgen.
Bayram keshemizde qaraqalpaq estrada juldizlari atqariwinda àjayip shou koncert dàstùrleri orin alģan.
Bayramda sondayaq sawda yarmarkalari shòlkemlestiriledi.

Mànzilimiz; Qiriq-qiz posyolkasi UGCC Miymanxanasi aldindaģi balalar maydanshasi.

Òtkeriletuģin waqit; 19;00 de baslanadi.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Онлайн
Балаларға бериң дуньяны
1-июнь-Халықаралық балаларды қорғаў күни байрамы 25-санлы мектепке шекемги билимлендириў бөлиминде болын өтпекте.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4889-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығыныӊ орынбасары Н.Ерлепосовтыӊ есабаты тыӊланды.

Есабатта атап өтилгениндей, 2020-2023-жылларда 2788 жойбар ҳәм объектлерде 21 трлн. 209 млрд.сўмлық кеӊ көлемли жумыслар әмелге асырылыўы режелестирилген болып, соннан 2021-жылда бир ғана социаллық тараў объектлеринде, яғный, 22 мектепте 81 млрд.сўмлық, 13 мектепке шекемги шөлкемлерде 47,3 млрд.сўмлық, 8 денсаўлықты сақлаў объектлеринде 48,8 млрд.сўмлық қурылыс жумыслары алып барылып пайдаланыўға тапсырылған.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram