QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.3K subscribers
47.1K photos
4.97K videos
27 files
14.3K links
Download Telegram
🏆 “Жас қутқарыўшы” әскерий спорт жарысыныӊ Қоӊырат районлық басқышы болып отти.
2021-жыл 2-март күни Қонырат районы Локомотив спорт залында Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшылары арасында «Жас қутқарыўшы кеўиллилер клубы» жарысынын районлық басқышы өткерилди.

Таңлаўды Қоӊырат районы Ҳәкимлиги,Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар Қоӊырат районы бөлими, Районлық халық билимлендириӱ бөлими, Жаслар ислери агентлиги Қоӊырат районлық бөлимлери шөлкемлестирди.
Таңлаўга улыўма 17 командадан 200 дан аслам жаслар қатнасты.
Жарыс жуўмағына көре:
🥇1-орынды 35-санлы улыўма билим бериӱ мектеби командасы;
🥈2-орынды 43-санлы улыўма билим бериў мектеби командасы;
🥉3-орынды 41-санлы улыўма билим бериў мектеби командалары ийелеп шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
👉👉@qongiratrkuz👈👈
⚡️ Суд-ҳуқуқ масалалари бўйича оммавий қабуллар ўтказилади

Фуқароларнинг суд-ҳуқуқ соҳасидаги мурожаатларига самарали ечим топиш учун янада қулай шароит яратиш мақсадида Ўзбекистон Республикаси Президенти Администрацияси, Президент Халқ қабулхоналари, Олий суд, Бош прокуратура, Ички ишлар вазирлиги, Адлия вазирлиги ҳамда Давлат божхона қўмитаси раҳбар ходимлари иштирокида жойларда оммавий қабуллар ташкил этилади.
⚡️2021-жылдың 26-февраль күни Өзбекстан Экология партиясы тәрепинен Қоңырат районы 2-санлы кәсип-ѳнер мектебинде «Районда аймағында жасаӯшы пуқаралар арасында саламат турмыс-тәризин тәмийинлеӯде экология партияның орны» атамасында үгит-нәсият илажы ѳткерилди. Онда бүгинги күнде Арал апатшылығының ақыбетлерин жумсартыӯ ҳәм тийисли шаралар кѳриӯ бойынша бүгинги күнде Мойнақ районында алып барылып атырған жумыслардың әҳмийети ҳәм нәтийжеси туӯрысында, сондай-ақ ықлым ѳзгерислери инсан саламатлығына атмосферамызға унамсыз тәсирлери ҳаққында сѳз етилди. Илаж даӯамында экология партиясының устав ҳәм дәстүрлеринен келип шығып әмелге асырылыӯы керек болған ӯазыйпаларға тоқталып, экологиялық инновациялардың келешегимиз ушын әҳмийетли тәреплери айтылды. Буннан тысқары жасылландырыӯға қаратылған жойбарлардан терек егиӯ, сексеӯил ҳәм тағы да басқа бир қанша терек нәллериниң ҳаӯа атмосферасына унамлы тәсири ҳаққында мағлыӯматлар берилип, илаж қатнасыӯшылары ѳзлериниң экология бойынша қызықтырған сораӯларына жуӯаплар алды.

Гулхан Аймуратова
Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы Қоңырат районы хабаршысы