QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.6K photos
4.91K videos
27 files
14.2K links
Download Telegram
Бугун Ўзбекистон Республикаси Олий Мажлиси Сенатининг Оролбўйи минтақасини ривожлантириш масалалари қўмитаси раиси ўринбосари Батир Матмуратов, Олий Мажлис қонунчилик палатаси депутати Лейла Сейтова ҳамда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг депутати Пахраддин Айтжановлар Қўнғирот туманида бўлди ва туманда амалга оширилаётган ишлар билан яқиндан танишди. Янгидан ишга туширилган хусусий клиника фаолияти,
"Адабиёт"ОФЙ ҳудудидаги янги қурилаётган чорвачилик комплексини кўздан кечирди, шунингдек, бир нечта фуқаролар йиғинларидаги мамлакатимизда жорий этилган моддий ёрдам ва кўмакка муҳтож оилалар бўйича "Темир дафтар"лар, ишсиз ёшлар бўйича ("Ёшлар дафтари"), ишсиз ва боқувчисиз хотин-қизлар бўйича ("Аёллар дафтари") рўйхатига киритилган фуқароларга кўрсатилган ёрдамлар билан танишиб, тегишли маслаҳатлар берди. Ташриф якунида бозор ҳудудидаги янгидан қурилаётган савдо марказида ҳамда яқинда ишга туширилган "Ёшлар меҳнат гузари" да бўлиб, 10 нафар ишсиз ёшларнинг бандлигини таъминлаган ёш тадбиркор билан учрашди.

@qongirotrkuz
QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal| pinned «Бугун Ўзбекистон Республикаси Олий Мажлиси Сенатининг Оролбўйи минтақасини ривожлантириш масалалари қўмитаси раиси ўринбосари Батир Матмуратов, Олий Мажлис қонунчилик палатаси депутати Лейла Сейтова ҳамда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг депутати…»
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағының қабыл етилгенлигине 29 жыл толыўы мүнәсибети менен Қоңырат районы ХББ не қараслы 36-санлы улыўма билим бериў мектеби тәрепинен таярланған видеоролиги.
@qongiratrkuz
Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағының қабыл етилгенлигине 29 жыл толыўы мүнәсибети менен бүгин Қоңырат районы ХББ не қараслы 35-санлы улыўма билим бериў мектебинде "Мәмлекет байрағы-Ўатан тимсалы" атамасында сүўретлер таңлаўы шөлкемлестирилди.

@qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қорақалпоғистон Республикаси Қўнғирот тумани ХТБга қарашли 31-сонли умумтаълим мактаби Бошланғич ташкилоти барча юртдошларимизни Ўзбекистон Республикаси давлат Байроғининг 29 йиллиги билан қутлайди.🎉

@qongiratrkuz
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
18-ноябрь – Ɵзбекстан Республикасының мəмлекетлик байрағы қабыл етилген күн

1991-жыл 18-ноябрьде қабыл етилген нызамға муўапық, мəмлекетлик байрақ – Ɵзбекстан Республикасының мəмлекетлик суверенитетиниң белгиси есапланады. Мəмлекетлик байрақ халықаралық қатнасықларда Ɵзбекстан Республикасының символы есапланады.

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
Хабарландырыў:

Бүгин саат 10:00де Қоңырат Санаат техникуми имаратында гезектеги бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы өткериледи.
Мийнет ярмаркасында қатнасыўға мирәт етемиз!

@qongiratrkuz
"Жәрийма майданынан шығарып беремен”

Мәмлекетимиз ҳәм дүнья жүзи бойлап карантин қағыйдалары әмел етип турған бир ўақытта, карантин қағыйдаларына ҳәм жол транспорт ҳәрекети қағыйдаларына әмел етпеў жағдайлары көплеп ушырасып турмақта. Бул нызамбузыўшылық жағдайлары анықланғанда тийисли уйымлар тәрепинен жәрийма ямаса басқада жаза шаралары қолланылып келмекте.
Пуқараларымыздың ҳәммесиде нызам қағыйдаларын биледи деп айта алмаймыз, себеби тийисли жаза шарасы қолланылған шахс, сол жазадан тез ҳәм аңсат жол менен қутылыў жолларын излеп баслаўы сөзсиз. Бундай жағдайда ең биринши гезекте өзиниң мәпин ойлап, аңсат пул табыўды хош көриўши, алдаў жынаятын өзине кәсип қылып алған жерлеслеримиз “жәрдем”ге келеди.
Судланыўшы жәрийма майданшасы баслығы Нурлан (аты өзгертилди) алдын судланғанынан өзине тийисли жуўмақ шығармастан 2020-жылдың июнь айында, Қоңырат районында жасаўшы пуқара Қурбанның Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 128-3-статьясы 2-бөлими менен ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып, оның “Нексия” маркалы транспорт қуралы жәрийма майданшасына иркилгенлигинен пайдаланып, Қурбанға «2.000.000 сўм берсең автомашинаңды жәрийма майданшасынан шығарып беремен ҳәм жәриймаңдыда қосып өзим төлеп беремен, нәўбетте күтип турмайсаң» деп алдап, оның 2.000.000 сўм пулын алдаўшылық жолы менен қолға киритип, өз мәпине өзлестирип жиберген.
Судланыўшы Нурлан жоқарыдағы жынайый ис-ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы ЖКниң 168-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген жынаятты қастан ислеген.
Суд, судланыўшы Нурланның айыбын толық мойынлап, ислеген ислеринен пушайман болғанлығын ҳәм семьясында 5 перзентиниң бар екенин, ис бойынша келтирилген зыянды қаплағанын, жәбирлениўшиниң судланыўшыға кеширим бергенин ҳеш қандай даўының жоқ екенин, жасаў жеринен унамлы минезлемеге ийе екенин, жазасын жеңиллестириўши тәреплери деп таўып оған ӨзР ЖКниң 168-статьясы 1-бөлими менен айлық ис ҳақысының 10% мәмлекет дәраматына услаў жолы менен 1 (бир) жыл мүддетке дүзетиў иси жазасын тайынлап, тайынланған жазаға ЖИБ Қоңырат районы судының алдынғы ҳүкими бойынша тайынланған азатлықтан шеклеў жазасының өтелмеген 2 жыл 8 ай 1 күни ЖКниң 59-статьясы 8-бөлими ҳәм 61-статьясы тәртибинде қысман қосып үзил-кесил 3 (үш) жыл мүддетке азатлықтан шеклеў жазасы тайынлады.
Усы орында пуқараларымызға айтарымыз ҳәр қандай ис-ҳәрекетти ислеўдеде Нызам қағыйдаларына әмел етиўин сорап қалған болар едик.



Жынаят ислери бойынша
Қоңырат районы суды баслығы: Д.Разов

@qongiratrkuz
24 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди

Қоңырат районында 2020-жыл 18-ноябрь күни Қоңырат санаат техникумында бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы болып өтти. Бәнтликке көмеклесиў орайы ҳәм район ҳәкимияты, район прокуратурасы, ишки ислер бөлими, жаслар аўқамы менен биргеликте шөлкемлестирилген
ярмаркаға жәми район аймағындағы жайласқан 62 кәрхана ҳәм мәкемелер өзлериндеги бар болған 140 тан аслам бос жумыс орынлары менен қатнасты.
Мийнет ярмаркасына жәми 100 ден аслам пуқара қатнасып, соннан: жаслар 33 пуқара, колледж питкериўшилери 18 пуқара, ҳаял-қызлар саны 25 мийнет ярмаркасына қатнасты.
Мийнет ярмаркасында жәми 24 пуқараға жумысқа жайласыў ушын район аймағында жайласқан мәкеме ҳәм кәрханаларға жолламалар берилген болса, соннан, 13 пуқара жаслар, 3 пуқара колледж питкериўшиси, 12 пуқара ҳаял-қызларға жолламалар берилди. Соннан: 17 пуқара өз қәнигеликлери бойынша жоллама берилди. Кәсипке қайта таярлаўға 9 пуқараға жоллама берилди.
Жәми 34 пуқарага юридикалық мәсләҳәтлар берилди.

Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы директоры: Н.Нуржанов

@qongiratrkuz