QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.5K subscribers
51.3K photos
5.59K videos
32 files
15.9K links
Download Telegram
Қоңыратлы жаслар бос ўақытларында нелер менен бәнт?

Карантин ўақтында жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде Мойнақ районындағы "Мойнақ Келешек қурыўшылары" жуўапкершилиги шекленген жәмийети ыссықханасына жаслар ушын саяхат шөлкемлестирилди, сондай-ақ шарўа комплекисине де барды.

Саяхатқа районымыздағы 4 сектор басшылары, Жаслар аўқамы районлық Кеңеси, сондай-ақ мектеп оқыўшылары қатнасты.

Жаслар саяхат барысында, кәрханадағы жумыс процеси менен танысты. Ал, жаңа бизнеске қол урыў нийетинде болған жаслар болса, өзлери ушын көплеген билим ҳәм көнликпелерге ийе болды. Сондай-ақ, усы шеңберде оқыўшы жаслар ыссықхананың имканиятлары, жыллық дәраматы ҳаққында да мағлыўматларға ийе болды.

Жаслар усы тараў бойынша өзлерин қызықтырып жүрген сораўларын берип, қәнигелерден жуўаплар алды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉@qongiratrkuz
Forwarded from Karakalpakstan.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Мәмекетлик хызметлер агентлиги:

#Дыққат! Бул Сиз ушын әҳмийетли

Перзентли болдыңызба?

❗️Усы жылдың 1 сентябринен баслап:

емлеўханадан туўылғанлық ҳаққындағы медициналық мағлыўматнама алыў;

ПҲАЖ уйымында туўылғанлықты дизимнен өткериў;

поликлиникадан дизимнен өтиў;

бир мәртелик сүйинши пулын алыў;

жасаў орны бойынша дизимнен өтиў;

баланы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине нәўбетке қойыўды ПҲАЖ бөлиминде бир ғана арза толтырыў менен әмелге асырыўыңызға болады.

Мәкеме аралап сергиздан болған ўақтыңызды әҳмийетли жумысларға жумсаң!

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Халқымызға буннан былай да қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде бүгин Нөкис қалалық саўда комплексинде арзан баҳадағы мектеп ярмаркасы орынлары жумыс баслады.

Ярмаркада мектеп оқыўшыларының оқыў қураллары ҳәм канцеляриялық буйымлардың саўдасы жолға қойылды.

Мағлыўмат орында: келеси ҳəптеден баслап ярмарка қатарларынан мектеп оқыўшыларына арналған кийим-кеншеклер де орын алады.

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
~~~~~~~~~~~~~~~~
Коронавирустан тәўир болғаннан кейин де ҳалсызлык болса, не ислеў тийис?

💊Коронавирустың аўыр түринен тәўир болғаннан кейин наўқас реабилитация процессинен өтеди. 2 айға дейин "Аспирин" ишип турыўы керек, өйткени кеселликтен кейин де тамырларда тромблар қалады ҳәм дәри оларды тиклеўге жәрдем береди.

🥘Тәбийий өнимлерден таярланған тағамларды қабыл етиў лазым.

💧Организм қайтадан тиклениўинде суйықлық жүдә әҳмийетли.

Организмге өзин-өзи тиклеп алыўы ушын имкан бериў тийис. Бунда қосымша дәрилер қабыл етпеў керек, өйткени олар қайта тиклениў процесин төменлетеди ҳәм иммунитетти түсиреди.
Суд системасындағы өзгерислер
👇👇👇
Суд системасындағы өзгерислер

Мәмлекетимизде шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўда соңғы жылларда жүдә үлкен өзгерислер жүз бермекте. Мәмлекетимзде инсан ҳуқық ҳам еркинликлерин қорғаў ең баслы ўазыйпа етип белгиленген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Судлар искерлигин жәнеде жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин асырыўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы усы ўазыйпаны әмелге асырыў барысындағы әҳмийети оғада үлкен.
Бул Пәрман суд қорғаўын тәмийнлеўде ҳәзирги ўақытта ушырасып турған артықша бюрократиялық иркинишлерди, суд қарарларын қайта көрип шығыўда бир-бирин тәкирарлаўшы басқышларды сапластырыўға қаратылған.
Булардың ишинде ўалаят ҳәм оған теңлестирилген пуқаралық ислери бойынша, жынаят ислери бойынша ҳәм экономикалық судларды судьялардың қәнийгелестирилиўин сақлап қалған ҳалда улыўма юрисдикция судларына бирлестириў, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди көрип шығыў ўәкиллигин жынаят ислери бойынша судларға өткизиў ҳаққында Нызам жойбарлары ислеп шығылғанлығы атап өтилип, соның менен бирге 2021-жыл 1-январьдан баслап, суд ислерин бақлаў тәртибинде көриў институты тамамланыўы, жынаят ислерин судта көриў ушын тайынлаў басқышында ис бойынша қарарларды тартысыў принципине бойсынған ҳалда тәреплердиң қатнасында қабыл етиў тәртибин белгилеў, жынаят исиниң улыўма тәртипте көрип шығылыўына тосқынлық қылыўшы себеплерди тезлик пенен анықлаў ҳәм сапластырыўға имканият бериўши дәслепки еситиў басқышын киритиў, мәмлекетлик айыплаўшы айыплаўдан бас тартқан жағдайда жынаят исин тамамлаў бойынша процессуал нызамларға өзгертиў киритиў белгилеп берилди.
Суд системасында күтилип атырған бул өзгерислер, тараўдағы жаңа басқышларға жол ашады.


Е.Бердиев
Жынаят ислери бойынша
Қоңырат районы суды судьясы


👉@qongiratrkuz
Президент пәрманына муўапық, Өзбекстан пуқаралары ғәрезсизлик байрамында неше күн дем алыўы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Ҳәптесине 5 күн ислейтуғынлар ҳәм 6 күн ислейтуғынлар да 30-31-август ҳәм 1-сентябрь күнлери (3 күн) дем алады.


Атап айтқанда:
30-август (қала күни) – календарь бойынша дем алыс күни;
31-август (биринши күн) – 29-август (шенби)ден көширилген дем алыс күни;
1-сентябрь (екинши күн) – ислемейтуғын байрам күни.

Қосымша етилиўинше, 29-август-шемби 5 күни ислейтуғынлар да 6 күн ислейтуғынлар ушын да жумыс күни есапланады.

Дерек: Makan.uz

👉@qongiratrkuz
#Билесизбе

Камбағал ҳәм жумыссыз пухаралар заманагөй кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытылады. Социаллық қорғаўға мүтәж болған халықтың бәнтлиги тәмийинленеди.

Толық инфографикалар арқалы танысың

Дерек: huquqiyaxborot

👉@qongiratrkuz
Суд-тергеў искерлигинде шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў
👇👇👇
Суд-тергеў искерлигинде шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў

«Суд-тергеў искерлигинде шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў кепилликлерин жәнеде кушейтиў иләжлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы (ПП-6041-сан, 10.08.2020-жыл) қабыл етилди.
Пәрманға муўапық, жынаятларды ашыў жумысларын жәнеде жетилистириў мақсетинде төмендегилер белгиленди:
-гуманланыўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшыдан арза, тусиник ямаса көрсетпелер алыўды усы жынаят иси журитиўинде болған сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса судьяның жазба рухсатына тийкар ҳәм тек ғана қорғаўшы қатнасында әмелге асырыў (белгиленген тәртипте қорғаўшыдан бас тартылған жағдайлар буннан тысқары);
-жынаят ислеўде гуман қылынып атырған шахсты услап турыў муддетин ол ҳақыйқатта усланған ўақыттан баслап есаплаў;
-шахс әмелде усланған ўақыттан баслап, тийисли лаўазымлы шахс ол менен байланыслы сорастырыў ҳәм тергеў ҳәрекетлерин өткериўден алдын адвокат пенен өз алдына ушрасыўын тәмийнлеў шәртлигин белгилеў;
-өғада аўыр жынаят исленгенликте гуман қылынып атырған ямаса айыпланып атырған шахсларга байланыслы ислер бойынша, сондай-ақ шахсқа қарата қамаққа алыў уй қамағы тәризиндеги бас шарасын қоллаў мәселеси көрип шығылып атырғанда қорғаўшының қатнасыў шәрт екенлигин белгилеў.

Б.Баймуратов
Қоңырат районлар аралық
экономикалық суды баслығы ў.ў.а

https://t.iss.one/qongiratrkuz
Forwarded from Karakalpakstan.uz
COVID-19

Пайтахтымызда бөлистириў ҳəм емлеў орайы жумыс баслады

https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2222

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi