QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
10.7K subscribers
47.7K photos
5.07K videos
28 files
14.6K links
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мәденият сарайында Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Қоңырат районындағы 98166- әскерий бөлимниң шөлкемлестириўинде бөлим хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының қатнасыўында «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» сүрени астында ушырасыў болып өтти.
  
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
ӨТИРИКТИҢ ӨМИРИ ҚЫСҚА
⬇️⬇️⬇️
"Өтириктиң өмири қысқа"

Адамзат аңсат пул табыў жолында ҳəр қандай жеркенишли жумысларға қол урар екен. Бирақ, олар нызам алдында ҳәмме бирдей жуўап бериўи ҳəм ҳəр қандай жынаятлы қылмыс ушын жазаның бар екенлигин ҳеш естен шығармаўы керек.
1992- жылда Ташкент ўәлаятында туўылған, миллети өзбек, ақыл- еси жайында болған Умиджон Шухратович бир неше мəрте алдаўшылық жынаяты ушын судланып, азатлықтан айырыў жазасын өтеп шыққанлығына қарамастан, аңсат пул табыў үмитинде тағы тəкирарый жынаят ислеўге қол урды.
Ол 2024- жылда жалғыз тəртиптеги исбилермен ретинде жумыс искерлигин баслап, Ташкент ўәлаяты Орта Шыршық, Шиноз ҳəм Янгийул районларында “HARAMAN TOWER” туристлик агентлигин ашқан ҳəм пуқараларды “Умра зыяраты ” сапарына жибериў менен шуғылланыўды баслаған. Алдын пуқаралардың исенимине кириў мақсетинде бир неше шахсларды таныслары арқалы “Умра зыяраты” сапарына жиберген. Бул арқалы басқа пуқаралардың да исенимине кирип, тез пурсатта арзан баҳаларда “Умра зыяраты” сапарын шөлкемлестирип бериўи ҳəм керекли ҳүжжетлерди рəсмийлестириўде мəселелер болмайтуғынлығын айтқан. Сол мақсетте қәлбеки төлем квитанциялари ҳəм туризм агентлигиниң лицензияларын жасап, қыңыр ислерди əмелге асырған.
Солай етип, ол шама менен 100 ге жақын пуқаралардан “Умра зыяраты”ушын пул қаржыларын алып, телефон номерлерин өзгерткен ҳəм шет мəмлекетлерге қашып шығып кетиўди мақсет етип, жасаў орнынан қашып кеткен. Оған байланыслы пуқаралардан түскен арзаларға көре, қыдырыў жәрияланған. Усының себебинен шет елге рəсмий жоллар менен шығып кетиўдиң мүмкиншилиги жоқ екенлигин билсе де, алдаўшылық жынаятына қосымша Мəмлекет шегарасын бузып өтиў жынаятына қол урмақшы болған.
Арадан анағурлым ўақыт өтип, Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районының Казақстан мəмлекети менен шегаралас бөлими арқалы нызамға қарсы жоллар менен шегара сым тосықлары арқалы шығып кетиўге урынған ўақтында шегара əскерий хызметкерлери тəрепинен қолға алынған.

Бул пуқара Ташкент ўәлаяты жынаят ислери бойынша суды тəрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 223-статьясы (нызамға қайшы түрде шет елге шығыў ямаса Өзбекстан Республикасына кириў) ҳəм 168- статьясы (алдаўшылық ) менен айыплы деп табылып, 9 жыл мүддетке азатлықтан айырыў жазасы тайынланды.

Г.Каражанова.
Журналист

Өзбек тилинде

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#DÍQQAT❗️
#XABARLANDÍRÍW❗️

Búgin saat 19:00 de Qaraqalpaqstan telekanalınıń “Ashıq mikrofon” kórsetiwinde Qońırat rayonınıń social- ekonomikalıq jaqtan rawajlanıwında tórt sektor tárepinen ámelge asırılıp atırǵan jumıslar haqqında sóz etiledi.

Kórsetiwge Qońırat rayonı tórt sektor baslıqları hám tiyisli taraw basshıları mirát etilgen.

Eger sizde Qońırat rayonında reformalardıń orınlanıwına baylanıslı sorawlar hám usı rayondaǵı tórt sektor jumıslarına tiyisli múrájatıńız bolsa kórsetiwdiń telegram mánziline jollawıńızǵa boladı.

https://t.iss.one/ashiqmikrofon

Esletpe: Sorawdı jollaǵanıńızda atı, familiyańız hámde mánzilińiz, telefon nomerińizdi jazıp jiberiwdi umıtpań.
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ген план Нөкис қаласы.pdf
2 MB
Нөкис қаласының бас жобасы тастыйықланды

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 13-декабрьдеги №837 қарары тийкарында Нөкис қаласын комплексли раўажландырыў, қурылыс жумысларын жобаластырыў, олардың сапасы ҳәм дәрежесин арттырыў, қаланың архитектуралық-жобаластырыў келбетин, сондай-ақ, инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў мақсетинде Нөкис қаласының бас жобасы тастыйықланды.

Нөкис қаласы бас жобасының жойбарында 2040-жылға шекемги дәўирде Нөкис қаласының Нөкис районы аймағына (876 гектар) кеңейиўи есапқа алынған.

Қарарға муўапық, Нөкис қаласының бас жобасы жойбарының тийкарғы шешимлери ҳәм техникалық-экономикалық көрсеткишлери тастыйықланды.

Нөкис қаласында 2040-жылдың соңына шекем:

Халықтың санының өсиўи – 312,4 мың адамнан 400,0 мың адамға көбейиўи прогноз етилген;
Қаланың аймағы – 12 507,0 гектардан 13 383,0 гектарға;
Елатлы пункттиң турақ жай аймағы – 5 030,2 гектардан 5 486,5 гектарға өзгериўи жобаластырылған.

Жаңа бас жобаға муўапық қалада еки административлик орай шөлкемлестириледи.

Биринши административлик орай – қаланың ҳәзирги ўақыттағы административлик орайы болып, Ислам Каримов, Әмир Темур ҳәм М.Жуманазаров көшелериниң кесилиспелери болып есапланады. Бул орай сақлап қалынады. Онда жайласқан Савицкий музейи, Еслеў майданы, мийманханалар, «IT-парк», демалыў бағы ҳәм басқа административлик ҳәм хожалық имаратларын қурыў ҳәм қайта оңлаў, ески имаратлар ҳәм объектлердиң орнына жаңа ҳәм заманагөй көп қабатлы имаратлар қурыў белгиленген.

Екинши административлик орай – қаланың қубла-батыс бөлиминдеги Нөкис районына шығатуғын көшелер ҳәм жойбардағы көшелериниң кесилиспесинде орналастырылады.

«Нукус Сити»диң бул орайлары киши ҳәм орта бизнести, банк филиаллары, турақ жай ҳәм жәмийетлик имаратлардың бизнести басқарыў менен байланыслы объектлерин бирлестиреди ҳәм 7 этаждан 16 этажға шекемги болған объектлер қурылады.

Нөкис қаласының жойбарлық шегарасы:

Арқада – Нөкис районы ҳәм «Дослық» каналының өзени бойлап;
Шығыста – киши айланба жолға шекем;
Батыста – Әмиўдәрьяға шекем;
Қубла тәрепте – санаат аймақларына шекем етип белгиленеди.

Шығыс ҳәм қубла бағдарлар қумлар менен оралғанлығы себепли жаңа турақ жай массивлери тийкарынан арқа-батыс тәрепте жайласады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
#Xosh_xabar ⚡️SPORT MEKTEBIMIZDEN JÀNE BIR JETISKENLIK Buxara wàlayatı Buxara qalasında sport mekteplerindegi sportshılar arasında sporttıń Dzyu do túri boyınsha Ózbekstan chempionatı ótkerilmekte. 🔹Onda Qońırat rayonı sport mektebinen qatnasqan sportshımız…
⚡️ESBOL chempion❗️

🔹Buxara wàlayatı Buxara qalasında sport mekteplerindegi sportshılar arasında sporttıń Dzyu do túri boyınsha Ózbekstan chempionatında Qońırat rayonı sport mektebinen qatnasqan sportshımız Esbol Abdurasuliyev sıylı 1-orındı iyelep, Ózbekstan chempionlıǵın qolǵa kirgizdi.

💐Erisken nátiyjesi menen Esbol Abdurasuliyevtı hàm tayarlaģan treneri B.Tórebayevti sport mektebimiz jámátı atınan qızǵın qutlıqlaymız.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Депутатлар ушын семинар шөлкемлестирилди
⬇️⬇️⬇️
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары районлық Кеңеслери депутатлары ушын zoom бағдарламасы арқалы оқыў- семинары шөлкемлестирилди.
Қоңырат районындағы студиядан халық депутатлары Қоңырат, Қанлыкөл, Мойнақ, Шоманай
районлық Кеңеслери депутатлары қатнасты. Семинарда Олий Мажлис Сенаты Баслығы Т.Нарбаева ҳәм Мәмлекет басқарыўы академиясы ректоры А.Бекмуродов тәрепинен тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен Олий Мажлис палаталарының мәжилислеринде белгиленген баслы ўазыйпалар, онда ўәкиллик органларының орны ҳаққында баянат жасалды.
Буннан соң Сенаттың комитет баслықлары ҳәм профессорлар тәрепинен жергиликли Кеңес депутатларының статусы, депутатлық искерлигиниң кепилликлери, жергиликли Кеңеслер, турақлы комиссиялар, партия топарлары ҳәм депутатлар искерлигиниң дурыс ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў ҳаққында кеңнен түсиниклер берилди.

Сондай-ақ, жергиликли бюджетти
ҳәм аймақларды раўажландырыў бағдарламаларын
қәлиплестириў, тастыйықлаў, оның орынланыўы үстинен нәтийжели депутатлық қадағалаўды әмелге асырыў, қарарлар қабыл етиўде нызамшылықты тәмийнлеў, кеңеслер искерлигинде санлы технологиялар, Жергиликли кеңес депутатларының ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақлар менен ислесиўи ҳәм және басқа әҳмийетли мәселелер бойынша депутатлар өз билим ҳәм көнликпелерин асырыў имканиятына ийе болды.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Зәҳәрли газден зыянланып атырғанымызды қалайынша билиў мүмкин?

⚡️Зәҳәрли газден жаныўшы материалдың (көмир, тәбийғый газ, ағаш ҳ.т.б) шала жаныўынан пайда болады. Ол ийиске, дәмге яки көриниске ийе емес.

⚡️Төмендеги жағдайлар зәҳәрли газ пайда болып атырғанынан дерек береди:
-Қазанхана (котёл) морыларының тығылып қалыўы;
-Тәбийғый газдиң сарғыш реңде жанып турыўы (нормада көк реңде жаныўы керек);
-Ханалардың жоқарғы бөлегиниң қараўытып ыс басыўы;
-Ханаға киргенде бастың аўырыўы, кеўилдиң айныўы, ҳәрекетлердиң аўырласып, ериншекликтиң күшейиўи, көз жасланыў, қурғақ жөтел ҳәм денениң көкирек бөлиминде аўырыўдың пайда болыўы зәҳәрли газден зыянланып атырғаннан дерек береди.

⚡️Зәҳәрли газден зыянланыў инсан ден саўлығының бузылыўына (кома жағдайына түсип қалыўы мүмкин), ҳәттеки өлимшилик жағдайы келип шығыўына алып келеди.

⚡️Ҳүрметли пуқаралар, қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң. Өмириңиз ҳәм ден саўлығыңызға итибарсыз болмаң!

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook