QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
15K subscribers
46K photos
4.84K videos
27 files
14K links
Download Telegram
#Сессия

Жетинши шақырық Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң гезектеги екинши сессиясы болып өтти. Оған халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары, мекеме ҳәм кәрхана, өзин- өзи басқарыў уйымлары баслықлары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияны халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң баслығы Б.Мадаминов басқарып барды.

  Дәслеп сессия күн тәртибинде халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси секретариаты баслығын тайынлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

  Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң тийисли қарарына муўапық, депутатлар арасынан жоқары мәртебеге ийе болған, тәжирийбели еки талабан таңлап алынып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине усынылған. Усынылған талабанлар арасынан халық депутатлары районлық Кеңеси секретариат баслығы лаўазымына 10- санлы "Ханжап" сайлаў округинен депутат Усенов Серик Жаксиликовичтиң талабанлығы мақулланды. Депутатлар бул мәселе бойынша өз пикирлерин билдирди.
Буннан соң Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң турақлы комиссиялар қурамын қәлиплестириў мәселеси көрип шығылды. Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси регламентиниң 92- статьясына муўапық, Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси сессияларына киргизилетуғын мәселелерди анық көрип шығыў ҳәм таярлаў ушын өз ўәкилликлери мүддетинде жәмәәтшилик тийкарында жумысларды әмелге асырыўшы турақлы комиссиялар дүзилиўи белгиленген.
Сессияда
-Жергиликли бюджет, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм экономикалық реформалар мәселелер бойынша,
-Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша,
-Социаллық тараў, жаслар сиясаты, мәденият ҳәм спорт мәселелери бойынша,
-Аграр ,суў хожалығы ҳәм экология мәселелери бойынша,
-Регламент ҳәм депутатлық әдеп- икрамлылық мәселелери бойынша турақлы комиссияларды дүзиў бойынша мәселе додаланды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Сессияда сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 11- ноябрьдеги 709-санлы қарарына муўапық, фермер хожалықлары  ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларын шөлкемлестириў ушын жер майданларын электрон аукцион саўдасына шығарыў ҳәм тийисли өзгерислер киргизиў , райондағы фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары егин майданларының атыз шетлерине тут, жүзим ҳәм басқа мийўели тереклерди егиўди шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды.

Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлардың пикирлери тыңланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Президент автомобилсозлик соҳасидаги режалар билан танишди. Озиқ-овқат хавфсизлигини таъминлаш масалалари кўриб чиқилди. Инвестиция соҳасидаги ишларнинг аҳволи танқидий таҳлил қилинди

Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: Президент автомобиль қурылысы тараўындағы режелер менен танысты. Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелери көрип шығылды. Инвестиция тараўындағы жумыслардың жағдайы сын көзқарастан талланды.

Обзор важнейших событий за неделю: Президент ознакомился с планами в автомобильной промышленности. Рассмотрены вопросы обеспечения продовольственной безопасности. Критически проанализировано положение дел в сфере инвестиций

Facebook|Instagram|X
   Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги 52-санлы қарары тийкарында Қоңырат районында да әмелий жумыслар алып барылмақта.

  "Түркистан" мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы аўыр шараятта жасап атырған және 38 хожалықтың үйиниң төбесин шиферлап бериў ушын зәрүрли қурылыс материаллары Қашқадәрья ўәлаятынан алып келинди ҳәм оңлаў жумыслары баслап жиберилди.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook