QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.5K subscribers
49.9K photos
5.39K videos
31 files
15.5K links
Download Telegram
Qońırat  rayonında xızmetler islep shıǵarıw kólemi
2024-jıldıń yanvar- oktyabr aylarında Qońırat rayonında xızmetler islep shıǵarıw kólemi 1567700,0 mln. somdı quradı. Ósiw páti ótken jıldıń sáykes dáwirine salıstırǵanda 100,2% ti quradı.‌‌

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстанда дәслепки самал электр станциясы турбиналары бой тикледи

Қорақалпоғистонда илк шамол электр станцияси турбиналари қад ростлади



Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Қарақалпақстанда дәслепки самал электр станциясы турбиналары бой тикледи

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Саудия Арабстанының “ACWA Power” компаниясы тәрепинен республикамызда әмелге асырылып атырған «Самал электр станциясын шөлкемлестириў» жойбарының Қараөзек районы «Қойбақ» АПЖ аймағында қурылып атырған «Нөкис-1» жойбарын барып көрди.

Улыўма баҳасы 107 млн.доллар, қуўатлылығы 100 Мегаватт болған жойбар шеңберинде ҳәр бириниң қуўатлылығы 6,5 Мегаватт болған 16 самал турбина генераторлары қурылады. Бүгинги күнде 3 турбина толық қурып питкерилген, сондай-ақ, 1 турбина қурылысы жақын күнлерде жуўмақланады. Тийкарғысы жойбарды әмелге асырыўда 150 ден аслам жергиликли пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленген.

Толық оқыў

Қорақалпоғистонда илк шамол электр станцияси турбиналари қад ростлади

Бугун Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев ҳурматли Президентимиз топшириғи билан Саудия Арабистонининг "ACWA Power" компанияси томонидан республикамизда амалга оширилаётган "Шамол электр станциясини ташкил этиш" лойиҳасининг Қораўзак тумани "Қойбақ" ОФЙ ҳудудида барпо этилаётган "Нукус-1" лойиҳаси қурилишида бўлди.

Умумий қиймати 107 миллион доллар, қуввати 100 Мегаватт бўлган лойиҳа доирасида ҳар бирининг қуввати 6,5 Мегаватт бўлган 16 та шамол турбинаси генераторлари барпо этилади. Бугунги кунда 3 та турбина тўлиқ қуриб битказилган, шунингдек, 1 та турбина қурилиши яқин кунларда якунланади. Асосийси, лойиҳани амалга оширишда 150 дан ортиқ маҳаллий фуқаролар бандлиги таъминланган.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
#Сессия

Жетинши шақырық Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң гезектеги екинши сессиясы болып өтти. Оған халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары, мекеме ҳәм кәрхана, өзин- өзи басқарыў уйымлары баслықлары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияны халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң баслығы Б.Мадаминов басқарып барды.

  Дәслеп сессия күн тәртибинде халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси секретариаты баслығын тайынлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

  Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң тийисли қарарына муўапық, депутатлар арасынан жоқары мәртебеге ийе болған, тәжирийбели еки талабан таңлап алынып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине усынылған. Усынылған талабанлар арасынан халық депутатлары районлық Кеңеси секретариат баслығы лаўазымына 10- санлы "Ханжап" сайлаў округинен депутат Усенов Серик Жаксиликовичтиң талабанлығы мақулланды. Депутатлар бул мәселе бойынша өз пикирлерин билдирди.
Буннан соң Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң турақлы комиссиялар қурамын қәлиплестириў мәселеси көрип шығылды. Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси регламентиниң 92- статьясына муўапық, Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси сессияларына киргизилетуғын мәселелерди анық көрип шығыў ҳәм таярлаў ушын өз ўәкилликлери мүддетинде жәмәәтшилик тийкарында жумысларды әмелге асырыўшы турақлы комиссиялар дүзилиўи белгиленген.
Сессияда
-Жергиликли бюджет, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм экономикалық реформалар мәселелер бойынша,
-Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша,
-Социаллық тараў, жаслар сиясаты, мәденият ҳәм спорт мәселелери бойынша,
-Аграр ,суў хожалығы ҳәм экология мәселелери бойынша,
-Регламент ҳәм депутатлық әдеп- икрамлылық мәселелери бойынша турақлы комиссияларды дүзиў бойынша мәселе додаланды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.