Бүгин ANTIKORRUPSIYA OAV рәсмий телеграмм каналында
"Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районындағы 34-санлы мектепте мийнет дем алысынан келген муғаллимлер шөп шабыў жумысларына тартылмақта" атамасындағы сын хабар тарқалды. Бул хабарда келтирилген жағдай бойынша тийисли уйымлар тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылып атырғанлығын мәлим етемиз.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook

#Медиа_тур
Қоңырат районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети, Өзбекстан телерадиокомпаниясы, Қарақалпақстан телеканалы журналистлериниң қатнасыўында турақлы экономикалық өсиў арқалы халықтың абадан турмысын тәмийнлеў бағдарында ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша медиа-тур өткерилди.
Медиа-тур даўамында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери "Киет", "Ханжап" мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәким жәрдемшилериниң көмеги менен өз исбилерменлигин жолға қойып, халықты кәмбағаллықтан шығарыўда басқаларға өрнек болып атырған бир қатар заманласларымыздың искерлиги менен жақыннан танысты.

⚡️Qońıratlı jas diyxanlardıń mańlay terinen jetilistirilgen awılxojalıq ónimleri dáramatqa kirdi
Burın fermerler menen birge úles esabına jumıs islegen jaslar búgin óz aldına diyxan xojalıǵın júrgizip miynet etip kelmekte. Olar óz ónimlerin awıl arasında hám sawda orınlarında satıp dáramat almaqda.
Qońırat rayonı "Órnek" awıl puqaralar jıyınında jasawshı dıyqan jaslardıń sózlerine qaraǵanda, olar bir kúnde 1-2 million sumǵa shekem dáramat kórmekde.
Jaslarǵa berilgen jer tek ǵana bir jastıń emes, al bir shańaraqtıń da bántligin hám dáramatın támiyinlep bermekte.

Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң гезексиз 76- сессиясының ашылыўы ҳаққында
Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң гезексиз 76- сессиясы 2024-жыл 16-август күни саат 11:00 де Қоңырат районы ҳәкимлигиниң үлкен мәжилислер залында ашылады.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң гезексиз 76- сессиясы 2024-жыл 16-август күни саат 11:00 де Қоңырат районы ҳәкимлигиниң үлкен мәжилислер залында ашылады.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Байрам_нәпеси
Саўда ярмаркалары халық хызметинде
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигине 33 жыл толды. Қоңырат районының барлық орынларында байрам нәпеси ҳүкимлик етпекте.
Байрам алдынан халық ушын ең зәрүрли болған гөш, ун, мәйек, қумшекер, өсимлик майының баҳаларының жасалма рәўиште асырылмаўы, базарда ең керекли, көп қолланылатугын өнимлерге арзан баҳалар қойылыўы тийисли уйымлар тәрепинен қадағаланбақта.
Ҳәзирги ўақытта Қоңырат дийхан баразында район ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти, "Қоңырат дийхан базары" АЖ тәрепинен арзанластырылған аўылхожалығы өнимлери ярмаркасы шөлкемлестирилген.
Бул саўда ярмаркасынан райондағы фермер хожалықлары тәрепинен жетистирилген азық- аўқат өнимлери арзан баҳаларда сатылмақта. Аймақ турғынлары гөш, гүриш, мийўе-палыз, кондитер өнимлерин арзан баҳаларда сатып алыў имканиятына ийе.