QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.17K subscribers
45.9K photos
4.81K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
"ҮСТИРТ" TЕ ҒӘЛЛЕДЕН МОЛ ЗҮРӘӘТ ТОПЛАНДЫ

  Қоңырат районының ең шетки аймақларының бири- "Үстирт" аўыл пуқаралар жыйынындағы ең алыс аўылларға да суў келип тиришилик қайта оянды.
  Суў келмегенликтен бир неше жыллардан бери егислик болмаған майданлар өзлестирилип, партаў жерлер егислик майданға айналдырылды.
Өткен жылы гүзде "Қоңырат пахта кластер" ЖШЖ тәрепинен 586 гектар майданға егилген гүзлик бийдайдан бүгин атызларда мол зүрәәт топланды.
Қырмызы дән жоқары өнимдарлы комбайнлар жәрдеминде орып алынып, ел телегине тапсырылмақта.
Районда ғәллешилик пенен шуғылланатуғын 139 фермер хожалықлары тәрепинен мәмлекетке 11мың тоннадан аслам бийдай тапсырыý нәзерде тутылған. Орым-жыйым мапазын шөлкемлескенлик пенен өткериý мақсетинде 13 отряд дүзилген болып, оларға 13 дана заманагөй комбайнлар бириктирилген.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
❗️ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

   Бүгин Қоӊырат районындағы "Азатлық","Моншақлы","Түркистан" МПЖ аймақларында саат 9:00 ден 18:00 ге дейин усы аймақлардағы трансформаторларда киши оңлаў жумыслары өткерилиӯине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылатуғынлығын хабарлаймыз.

Қоңырат РЭТК

Telegram | Instagram |
УouTube | Facebook
❗️ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Қоңырат районы суў тәмийнаты филиалына қараслы «Алтынкөл ВЗС» насос станциясында ири оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы «Әжинияз» АПЖ, «Алтынкөл» ППЖ, «Қумбыз» ,«Каратал», «Кашы», «Хан жап», «Моншақлы», «Таллық» ҳәм «Бердах» МПЖлар аймақларында 2024-жыл 20-июнь күни саат 10-00 ден 17-00 ге дейин ишимлик суў тәмийнаты ўактынша тоқтатылатуғынлығын хабарлаймыз.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Шоманай районы ҳәкими тайынланды

Бүгин, 20-июнь күни халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң гезексиз тоқсан биринши сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда Шоманай районы ҳәкими лаўазымына Аметов Адилбек Оразымбетовичты тайынлаў мәселеси көрип шығылды.

Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.

Сессияда Аметов Адилбек Оразымбетович Шоманай районы ҳәкими етип тастыйықланды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, А.Аметов мийнет жолы даўамында бир қанша жуўапкершиликли лаўазымларда жемисли мийнет еткен.

Усыныӊ менен халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң гезексиз тоқсан биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Бугун Президент Шавкат Мирзиёев "Инно" инновацион ўқув-ишлаб чиқариш технопаркига ташриф буюриб, муҳандислик соҳаларида кадрлар тайёрлаш ва олий таълим муассасалари фаолиятини янада такомиллаштириш масалалари юзасидан видеоселектор йиғилишини ўтказади.

Бүгин Президент Шавкат Мирзиёев "Инно" инновациалық оқыў-ислеп шығарыў технопаркине барып, инженерлик тараўларында кадрлар таярлаў ҳәм жоқары оқыў орынлары жумысын және де жетилистириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилисин өткереди.

Facebook|Instagram|X
Президент раислигида муҳандислик кадрларини тайёрлаш тизимидаги устувор вазифалар юзасидан видеоселектор йиғилиши бошланди. Йиғилишда 36 та олийгоҳ ректорлари ҳам қатнашмоқда.

Давлатимиз раҳбари бугунги мураккаб вазиятда барча давлатлар ички ресурсларга таяниб, инновацияга интилаётганини қайд этди.

Мамлакатимизда ҳам сўнгги йилларда илм, таълим ва инновацияга эътибор тубдан ўзгарди.

Масалан, ўтган тўрт йилда 1 минг 727 та амалий, инновацион, фундаментал ва стартап лойиҳаларга 2,2 триллион сўм йўналтирилди. Шундан муҳандислик-техника йўналишидаги 176 та лойиҳага 152 миллиард сўм берилган.

Тадқиқот, тажриба-конструкторлик
учун харажатлар 2 баробар ўсган. Бу маблағларнинг 41 фоизи давлат улуши бор корхоналарга, 34 фоизи хусусий секторга ва 25 фоизи олийгоҳларга тўғри келган.

Президент басшылығында инженерлик кадрларды таярлаў системасындағы баслы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси басланды. Мәжилисте 36 ЖОО ректорлары да қатнаспақта.

Мәмлекетимиз басшысы бүгинги қурамалы жағдайда барлық мәмлекетлер ишки ресурсларға таянып, инновацияға умтылып атырғанлығы атап өтилди.

Мәмлекетимизде де соңғы жыллары илим, билимлендириў ҳәм инновацияға итибар түп-тийкарынан өзгерди.

Мәселен өткен 4 жылда 1 мың 727 әмелий, инновациялық, фундаментал ҳәм стартап жойбарларға 2,2 триллион сум бағдарланды. Соннан, инженерлик-техника жөнелисиндеги 176 жойбарға 152 миллиард сум берилген.

Изертлеў, тәжирийбе-конструкторлық ушын қәрежетлер 2 есе өскен. Бул қаржылардың 41 пайызы мәмлекетлик үлеси бар кәрханаларға, 34 пайызы жеке секторға ҳәм 25 пайызы жоқары оқыў орынларына туўра келеди.

Facebook|Instagram|X
Шу билан бирга, олийгоҳлар фундаментал тадқиқотлар ўтказиш билан чеклангани, иқтисодиёт учун амалий ишланмалар жуда камлиги кўрсатиб ўтилди.

Муҳандислик йўналишида юзлаб стартап ва инновацион лойиҳалар амалга ошмай қолиб кетаётгани қайд этилди.

Сабаби – олийгоҳ билан саноат ўртасида узилиш бор. Ректорлар корхоналарга бориб, янги технологиялар билан танишмаётгани, ускуна ва дастгоҳларни ўрганмаётгани, ҳоким ва вазирлар эса ўртада кўприк бўлиб, буни ташкиллаштирмаётгани ҳақида қатъий эътироз билдирилди.

Соның менен бирге, жоқары оқыў орынлары фундаментал изертлеўлер өткериў менен шекленгени, экономика ушын әмелий исленбелер жүдә кемлиги көрсетип өтилди.

Инженерлик жөнелисинде жүзлеген стартап ҳәм инновациялық жойбарлар әмелге аспай қалып кеткени атап өтилди.

Себеби – жоқары оқыў орны менен санаат ортасында үзилис бар. Ректорлар кәрханаларға барып, жаңа технологиялар менен таныспай атырғаны, үскене ҳәм станокларды үйренбей атырғаны, ҳәким ҳәм министрлер болса ортада көпир болып, буны шөлкемлестирмей атырғаны ҳаққында қатаң наразылық билдирилди.

Facebook|Instagram|X
Президент соҳадаги муаммо ва ечимларга тўхталиб ўтди.

Юртимизда йилига 3 мингта саноат корхонаси ишга туширилиб, уларда 150 минг атрофида иш ўрни яратилмоқда. Шундан 35 мингтаси техника йўналишида.

Ҳозирда 36 та давлат олийгоҳида ушбу йўналишда 264 минг бакалавр, 3 минг магистр ўқимоқда. Йилига 67 минг нафар талаба битирмоқда.

Лекин, техника олийгоҳларида йўналиш ва мутахассисликлар ишлаб чиқарувчилар талабларига мос эмас. Масалан, Давлат техника университетидаги 76 та бакалавр йўналишидан 45 таси, 73 та магистратура мутахассислигидан 51 таси бугунги кунда етакчи хорижий техника олийгоҳларида ўқитилмайди.

Оқибатда муҳандисларнинг 60 фоизи ўзи ўқиган йўналишида ишламаяпти.

Президент тараўдағы машқала ҳәм шешимлерге тоқталып өтти.

Елимизде жылына 3 мың санаат кәрханасы иске түсирилип, оларда 150 мың әтирапында жумыс орны жаратылмақта. Соннан, 35 мыңы техника жөнелисинде.

Ҳәзирги ўақытта 36 мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында усы жөнелисте 264 мың бакалавр, 3 мың магистр оқып атыр. Жылына 67 мың студент питкермекте.

Бирақ, техника жоқары оқыў орынларында жөнелис ҳәм қәнигеликлер ислеп шығарыўшылар талапларына сәйкес емес. Мәселен, Мәмлекетлик техника университетиндеги 76 бакалавр жөнелисинен 45, 73 магистратура қәнигелигинен 51 бүгинги күнде жетекши сырт ел техника оқыў орынларында оқытылмайды.

Ақыбетте инженерлердиң 60 пайызы өзи оқыған жөнелисинде оқымай атыр.

Facebook|Instagram|X
Давлатимиз раҳбари бу борада яна бир мисолни келтирди.

Жорий йилда тўқимачиликда 776 та лойиҳа амалга оширилиб, 72 минг иш ўрни яратилади. Шундан 4 мингта муҳандисга талаб бор.

Лекин, бу йил муҳандислик олийгоҳларини “енгил саноат конструкцияси” йўналишида Бухорода – 86 нафар, Жиззахда – 117 нафар, Сурхондарёда – 56 нафар, Фарғонада – 126 нафар, Тошкент шаҳрида бор-йўғи 153 нафар талаба битирмоқда.

Ҳокимлар ўз ҳудудида аниқ мутахассисга шунча эҳтиёж бўла туриб, ректорлар билан ишламаётгани, олийгоҳларга буюртма бермаётгани танқид қилинди.

Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда және бир мысалды келтирди.

Быйылғы жылда тоқымашылықта 776 жойбар әмелге асырылып, 72 мың жумыс орны жаратылады. Соннан, 4 мың инженерге талап бар.

Бирақ, усы жылы инженерлик жоқары оқыў орынларын «жеңил санаат конструкцияси» жөнелисинде Бухарада – 86, Жиззахта – 117, Сурхандәрьяда – 56, Ферғанада – 126, Ташкент қаласында бары-жоғы 153 студент питкермекте.

Ҳәкимлер өз аймақларында анық қәнигеге сонша мүтәжлик бола турып, ректорлар менен ислемей атырғанлығы, жоқары оқыў орынларына буйыртпа бермей атырғанлығы сынға алынды.

Facebook|Instagram|X
Бугунги кунда бутун дунёда саноатда таннархни камайтириш масаласи жуда долзарб. Хорижий олийгоҳларда “таннарх муҳандислиги” (кост инжиниринг) деган фан бор, ҳатто кадрлар тайёрланади.

Ёки, “қиёслаш муҳандислиги” (бенчмаркинг) орқали энг яхши амалиёт ва ютуқлар таҳлил қилиниб, улардан андоза олиб, ишлаб чиқаришда жорий қилиш ўргатилади. “Қайта муҳандислик” (реверсив инжиниринг) тайёр маҳсулотни олиб, ишлаш механизмини бўлакларга бўлиб, муаллифлик ҳуқуқини бузмаган ҳолда, ўхшаш маҳсулот яратишни ўргатади.

Президент бирорта техника олийгоҳида буларга ўқитиш йўлга қўйилмаганини афсус билан қайд этди.

Оқибатда маҳаллий саноат тармоқлари катта маблағ сарфлаб, ишчиларини хорижда ўқитишга ёки четдан мутахассис олиб келишга мажбур.

Бүгинги күнде пүткил дүньяда санаатта өзине түсер баҳаны кемейтиў мәселеси жүдә әҳмийетли. Сырт ел жоқары оқыў орынларында «өзине түсер баҳа инженерлиги» (кост инжиниринг) деген пән бар, ҳәттеки кадрлар таярланады.

Яки, «салыстырмалы инженерлиги» (бенчмаркинг) арқалы ең жақсы әмелият ҳәм жетискенликлер анализленип, олардан үлги алып, ислеп шығарыўда енгизиў үйретиледи. «Қайта инженерлик» (реверсив инжиниринг) таяр өнимди алып, ислеў механизмин бөлеклерге бөлип, авторлық ҳуқықын бузбаған ҳалда уқсас өним жаратыўды үйретеди.

Президент бирде-бир техника оқыў орнында буларға оқытыў жолға қойылмағанлығын атап өтти.

Ақыбетте жергиликли санаат тармақлары үлкен қаржы жумсап, жумысшыларды сырт елде оқытыўға яки шеттен кәниге алып келиўге мәжбүр.

Facebook|Instagram|X