Қоңырат районында ишки жолларды оңлаў жумыслары даўам еттирилмекте.
"Тарақлы"мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы "Дарақлы", "Шамшырақ", "Адай аўыл' көшелеринде қум-тас араласпасын төсеў жумыслары қызғын алып барылмақта.
Мағлыўмат ушын, районда 2023-жыл даўамында 118,2 км жоллар қум-тас араласпалы жолларға айландырылды.
Президентимиздиң тапсырмасы менен қабыл етилген Министрлер Кабинетиниң 500-санлы қарары тийкарында быйыл Қоңырат районында 20 мәҳалледе жәми 7,4 млрд. сумлық 28,0 км ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги тәрепинен 9 мәҳалледе 21,7 млрд. сумлық 121,0 км жәми 357 көшеге 149,0 км ишки топырақ жолларға қум-тас араласпасын жатқызыў нәзерде тутылған.
Тийкарғы мақсет- халықтың машқалаларына шешим таўып, олардың бүгинги турмысынан разы болып жасаўын тәмийинлеў болып есапланады.
Бул ийгиликли жумыслар шөлкемлескенлик пенен даўам еттириледи.
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook

"ҮСТИРТ" TЕ ҒӘЛЛЕДЕН МОЛ ЗҮРӘӘТ ТОПЛАНДЫ
Қоңырат районының ең шетки аймақларының бири- "Үстирт" аўыл пуқаралар жыйынындағы ең алыс аўылларға да суў келип тиришилик қайта оянды.
Суў келмегенликтен бир неше жыллардан бери егислик болмаған майданлар өзлестирилип, партаў жерлер егислик майданға айналдырылды.
Өткен жылы гүзде "Қоңырат пахта кластер" ЖШЖ тәрепинен 586 гектар майданға егилген гүзлик бийдайдан бүгин атызларда мол зүрәәт топланды.
Қырмызы дән жоқары өнимдарлы комбайнлар жәрдеминде орып алынып, ел телегине тапсырылмақта.
Районда ғәллешилик пенен шуғылланатуғын 139 фермер хожалықлары тәрепинен мәмлекетке 11мың тоннадан аслам бийдай тапсырыý нәзерде тутылған. Орым-жыйым мапазын шөлкемлескенлик пенен өткериý мақсетинде 13 отряд дүзилген болып, оларға 13 дана заманагөй комбайнлар бириктирилген.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•