QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.49K subscribers
50.3K photos
5.45K videos
31 files
15.6K links
Download Telegram
#Бурахан

⚡️Жас археологлар изертлеўлерди даўам еттирмекте

  Қоңырат районы орайынан 15 км қашықлықта жайласқан "Бурахан ата" тарийхый естелиги Уллы жипек жолы бойындағы eски қалалардан бири болып, Ислам дини дереклеринде "Мадмина Хвонд Бурахан" атамалары менен аталып келген.

   Бердақ атындағы ҚМУ ниң тарийх факультети археология кафедрасы профессор оқытыýшылары ҳәм 2-курс   студентлери "Бурахан"тарийхый орнында археологиялық изертлеý  жумысларын алып бармақта.
Өткен жылғы қазыý изертлеý жумыслары даýамында бул орыннан тарийхый гүзе (11-12-әсирлерге тийисли),тандыр (9-әсирге тийисли,)ecки араб жазыýлары жазылған сфероконуслар табылған еди.

Тарийхый объектлерде алып барылып атырган үйрениўлер жас архелоглардың тәжирийбелерин арттырыўға тийкар жаратады.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Жеке исбилермен Гулжамал Асенова да елимиздеги исбилерменлер ушын жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, "Наўайы" мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан аўқатланыў орнын ашты. Район ҳәкимлиги, районлық Майыплар жәмийети және Бәркамал әўлад балалар мектеби басламасы менен усы пайызлы орында өткерилген илажда  балалықтан майыплылығы болған балаларға исбилермен қәўендерлигинде дәстүрхан жайылып, естелик саўғалар инам етилди. 80 орынға мөлшерленген бул аўқатланыў орнының ашылыýы менен өзинен басқа және бес қыздың бәнтлигин тәмийнлеген жас исбилермен жумыс көлемин еле кеңейтип, жаңа жумыс орынларын жаратыў нийетинде.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
❗️ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

13-июнь күни саат 09:00 ден 13:00 аралығында Қоӊырат районындағы "Жиңишке", "Мыңжарған", "Ҳәким ата", "Түркистан" МПЖ аймақларында саат 09:00 ден 18:00  аралығында "Айран" фидеринде киши оӊлаӯ жумыслары,
"Қашы","Қаратал","Қаңлы","Моншақлы", "Бердақ" МПЖ аймақларында саат 14:00ден 18:00 аралығында "Қусферма 2" фидеринде киши оңлаў жумыслары өткерилиӯине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылатуғынлығын хабарлаймыз.

Қоңырат РЭТК

Telegram | Instagram |
УouTube | Facebook
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Eger awır turmıslıq jaǵdayǵa túsip qalǵan bolsańız, “INSAN” sociallıq xızmetler oraylarına múrájat etiń.

90 nan artıq sociallıq xızmet hám járdemler, 4800 den artıq sociallıq xızmetkerler hám 2300 sociallıq xızmetker assistentleri siz ushın qayǵıradı.

Oraylar arqalı siz medicinalıq járdem, psixologiyalıq qollap-quwatlaw, sociallıq reabilitaciya, parasportqa jollama alıw hám jumısqa jaylasıwda járdem alıwıńız múmkin.

Hárqanday qıyın jaǵdayda, “INSAN” sociallıq xızmetler orayı sizge járdem beriwge tayar.

Tolıq maǵlıwmat: 1140 qısqa nomeri

Biziń betlerimiz: || Bizning sahifalarimiz:
Telegram | Instagram | Facebook | X