QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.65K subscribers
45.4K photos
4.73K videos
27 files
13.7K links
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Россия Федерациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы аймақлар кеңеси шеңберинде келисимлер алмасылыўы мәресими болып өтти

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Россия Федерациясы аймақлары менен бирге ислесиўлерди кеңейтиў бойынша бир қатар келисимлерге ерисилди.

Атап айтқанда, Жоқарғы Кеңес Баслығы Татарстан басшысы Рустам Минниханов пенен көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша ҳүжжетлер топламына қол қойды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
❗️ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

   Қоңырат районы суў тәмийнаты филиалына қараслы «Алтынкөл ВЗС» насос станциясында ири оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы «Ажинияз» АПЖ, «Алтынкөл» МПЖ, «Қумбыз» МПЖ, «Қаратал» МПЖ, «Қашы» МПЖ «Хан жап» МПЖ, «Таллық» МПЖ ҳәм «Бердах» МПЖ аймақларында 2024-жыл 28-май куни 09-00 ден 17-00 ге дейин ишимлик суў тәмийнаты ўактынша тоқтатылады.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
 
❗️ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Қоӊырат районында «Өрнек»,"Көкдәрья"АПЖ лары ҳәм"Қашы"МПЖ аймақларында 2024-жыл 28-май күни саат 09:00 ден 18:00  аралығында   усы аймақлардағы трансформаторларда ири оӊлаӯ жумыслары өткерилиӯине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

Қоңырат РЭТК

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Тожикистонда истиқомат қилаётган ўзбекистонликлар ўртасида «Заковат» ўйини бўлиб ўтди

Куни кеча қўшни давлатдаги мамлакатимиз элчихонасида ташкил этилган интеллектуал ўйин 24 саволдан иборат бўлиб, 2 тур давом этди. Якунда ғолиб бўлган жамоа аъзолари ноутбук билан тақдирланди.

Муножат Йўлчиева, Оғабек Собиров, Мардон Мавлонов каби Тожикистон халқ артисти унвонига эга ўзбекистонлик машҳур хонандалар иштирокчилар учун турли қўшиқлар куйлаб берди.

Бу «Заковат» клуби ҳамда «Ватандошлар» жамоат фонди ҳамкорлигида ташкил этилган иккинчи халқаро тадбир бўлиб, бунгача 13 апрель куни Германияда яшаётган ўзбекистонликлар ўртасида ҳам «Заковат» мусобақаси ўтказилганди.

Келгусида Буюк Британия, Туркия ва Корея Республикаси каби қатор хорижий давлатларда ҳам интеллектуал ўйинлар ўтказиш режалаштирилган.

https://t.iss.one/hudud_inform
Тебинбулақ кәни тийкарында темир рудасы шийки затының гранулалаў фабрикасы қурылысы жойбары әмелге асырылады

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары шеңберинде Россия Федерациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы арасында бир қатар әҳмийетли бағдарларда бирге ислесиўлерди кеңейтиў мәселелери талқыланды.

Еки мәмлекет басшылары қатнасыўында энергетика, металлургия, машинасазлық, аўыл хожалығы, логистика, инновация тармақлары ҳәм басқа да бағдарлар бойынша анық жойбарлар көрип шығылды.

Сондай-ақ, таў-кән металлургиясы жөнелисинде Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районы аймағындағы Тебинбулақ кәнинде улыўма баҳасы 1,6 млрд. долларлық «Гранулалаў фабрика»сы қурылысы жумысларына старт берилди.

Тебинбулақ кәни тийкарында кән-металлургия кәрханасының темир рудасы шийки затының гранулалаў заводы қурылысы жойбары әмелге асырылады.

Завод иске түсирилгеннен соң жылына жойбар шеңберинде 58 млн. тоннаға шекем руда қазып алыў нәтийжесинде 5 млн. тонна концентраттан гранулаланған темир окатышлар ҳәм оларды қайта ислеў арқалы 3,6 млн. тонна туўрыдан-туўры тикленген темир шийки затын ислеп шығарыў қуўатлылығы жаратылады.

Жойбар иске түсирилиўи менен жергиликли кәрханалар ҳәм басқа да тутыныўшылар ушын металлургия шийки өними ҳәм полат өнимлерин ислеп шығарып, жеткерип бериў бойынша бир пүтин комплекске айланады. 

Сондай-ақ, гранулалаў фабрикасында туўрыдан-туўры 500 ден артық жаңа жумыс орынлары жаратылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында Россия Федерациясы аймақлары менен бир қатар келисимлерге ерисилди

Россия Федерациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы аймақлар кеңеси шеңберинде келисимлер алмасылыўы мәресими болып өтти.

Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясының бир қатар аймақлары арасында саўда-экономикалық, инвестиция, социаллық ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм жақын шерикликти беккемлеў мәселелери талқыланды.

Сөйлесиўлерде саўда-экономикалық тараўда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды. Тәреплер товар алмасыў көлемин жәнеде арттырыў зәрүрлиги бойынша бирдей пикирге келди.

Сөйлесиўлер даўамында энергетика, металлургия, машинасазлық, аўыл хожалығы, логистика ҳәм инновация тармақлары бойынша анық жойбарлар көрип шығылды.

Россия Федерациясы аймақлары менен сөйлесиўлер шеңберинде санаат, қурылыс өнимлерин ислеп шығарыў, Туризм, логистика, ийирилген жип ҳәм таяр трикотаж, аўыл хожалығы өнимлери бойынша улыўма баҳасы 328 млн. долларлық 64 ҳүжжет, соннан, 131,2 млн. долларлық 22 инвестиция жойбарлары, 184,7 млн. долларлық 32 экспорт шәртнамалары, 12,1 млн. долларлық 10 импорт шәртнамалары бойынша келисимлерге ерисилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Жоқары ҳәм профессионал билимлендириў бойынша Россия Федерациясы менен байланыслар еле де беккемленбекте

Соңғы жыллары елимизде халықаралық байланысларды беккемлеў, саўда-экономика, инвестиция, гуманитар тараўлар ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиўлерди жолға қойыў ҳәм кеңейтиў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Бул бағдарда Россия Федерациясы менен бир қатар жөнелислер бойынша бирге ислесиўлер жолға қойылған болып, соңғы жыллары бул байланыслар еледе беккемленбекте.

Ҳүрметли Президентимиздиң Россия Федерациясына болған рәсмий сапары даўамында Татарстан Республикасы басшысы Рустам Минниханов пенен әҳмийетли бағдарлар бойынша әмелий бирге ислесиў жойбарларын биргеликтеги "жол карта"лары тийкарында әмелге асырыўды келисип алған еди.

Усы "жол карта"ларда келисилген мәселелердиң әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде бүгинги күнде Қарақалпақстан ҳәм Татарстан Республикалары арасында өз-ара бирге ислесиўлер жолға қойылған.

Бул бағдарда Татарстан басшысы республикамызға рәсмий сапар менен де келген еди ҳәм көп тәреплеме шерикликти жолға қойыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Ерисилген келисимлер шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Татарстан Республикасы билимлендириў ҳәм илим министрлиги тәрепинен жоқары ҳәм профессионал билимлендириў системасында алып барылып атырған жумыслар бойынша тәжирийбе алмасыў, бул бағдарда еки тәреплеме пайдалы бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда жақында Қарақалпақстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги делегациясы Татарстанда болып, еки тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша бир қатар әҳмийетли келисимлер ҳәм меморандумларға қол қойылды.

Әлбетте, бул келисимлер шеңберинде еки тәреплеме бирге ислесиўлер елимизде жоқары ҳәм профессионал билимлендириў тараўын раўажландырыўды жаңа басқышқа көтериўде әҳмийетли жөнелислердиң бири болып хызмет етеди.

Айтып өтиў орынлы, Россия Федерациясы менен жоқары ҳәм профессионал билимлендириў тараўы бойынша байланыслар бағдарында елимиздеги ҳәм усы мәмлекеттиң басқа да аймақларындағы жоқары оқыў орынлары арасында көп жыллық тәжирийбе қәлиплесип үлгерген.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы аймақлары арасында сыртқы саўда айланбасы кеңейтилмекте

Бүгинги күнде елимиз экономикакасын беккемлеў, сырт мәмлекетлер менен саўда-экономика, инвестициялық бирге ислесиўлерди кеңейтиў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы аймақлары менен өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша бир қатар жумыслар алып барылып атыр.

Атап айтқанда, Қарақалпақстанда жумыс алып барып атырған кәрханалар менен Россия мәмлекетиниң бирге ислесиўши кәрханалары арасында 2023-2024-жыллар даўамында сыртқы саўда айланбасы 129,6 млн долларға жетти.

Саўда шериклиги бойынша Полиэтилен гранулалары, ийирилген жип ҳәм таяр трикотаж өнимлери, Вермикулит өнимлери, мийўе-палыз өнимлери, басқа түрдеги санаат өнимлери ҳәм хызметлер бағдарында бирге ислесиўлер алып барылмақта.

Усы байланысларды еледе беккемлеў, еки тәреплеме пайдалы келисимлерди әмелге асырыў бойынша әмелий жумыслар буннан-былайда даўам еттириледи.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Самарали Ўзбекистон-Россия саммити якунига етди. Аэропортда Президент Владимир Путинни Президентимиз Шавкат Мирзиёев кузатиб қўйди. Давлат раҳбарлари самимий хайрлашдилар.

Плодотворный узбекско-российский саммит завершился. В аэропорту Президента Владимира Путина проводил Президент Шавкат Мирзиёев. Главы государства тепло попрощались друг с другом.

#Mirziyoyev #tashrif #Rossiya #hamkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X