QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.61K subscribers
45.4K photos
4.73K videos
27 files
13.7K links
Download Telegram
#өзин_өзи_бәнт_етиў

Елимиздеги киши бизнести раўажландырыўдағы мүмкиншиликлер әсиресе қолында өнери бар, лекин имканияты болмай атырған ҳаял-қызларымыздың турмыс абаданлығын асырыўға хызмет етпекте.
 "Қашы" мәкан пуқаралар жыйынында жасайтуғын Мийрихан Өтегенова
Президентимиздиң "Киши бизнести раўажландырыўды финанслық ҳәм институционал қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында"ғы 306-санлы қарары менен 40 млн сум муғдарында жеңилликли крелит алды ҳәм өзинен басқа және еки қыздың бәнтлигин тәмийнледи.
  -Халқымызда той көп. Соның ушын қурақ көрпешелерге буйыртпа да изли-изинен келип атыр,- дейди Мийрихан-Ҳәм үй жумысларына да үлгерип, ҳәм халқымыздың жақсы күнлерине хызмет етип атырғанымнан қуўанышлыман. Жумыссызлықтан көрген қыйыншылықларым артта қалды. Буның ушын биз ҳаял-қызларға усындай шексиз имканиятларды жаратып берген Президентимизге миннетдаршылық билдиремен.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызметиниң социаллық тармақлардағы бетлерине ағза болың:


Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#өзин_өзи_бәнт_етиў

"Ҳаяллар дәптери" нен- исбилерменликке"

  Дәптердиң мүмкиншиликлери, әсиресе қолында өнери бар, лекин имканияты болмай атырған ҳаял-қызларымыздың турмыс абаданлығын асырыўға хызмет етпекте. 

Әййемги бес қаланың бири 
Қоңырат районында әзелден гилем тоқыў, миллий кестешилик, миллий қурақларды қураў өнери кең тарқалған. Кемпир апаларымыздан мийрас бул өнер бүгин көплеген ҳаял- қызлардың турақлы жумыс искерлигине айналып, шаңарақлардың тийкарғы дәрамат дәреги болып келмекте.

"Өрнек" аўыл пуқаралар жыйынында жасайтуғын Жанна Доскалиева да жеңилликли кредит есабынан тигиў машиналарын ҳәм гилем тоқыў үскенесин алды. Өз үйинен цех ашып, аўылындағы үйинде жумыссыз отырған бес қыз- келиншекти жумыс пенен тәмийнледи.

  -Ҳәм үй жумысларына үлгерип, ҳәм халқымыздың жақсы күнлерине хызмет етип атырғанымнан қуўанышлыман.
Миллий нағысларды гезлемеге түсириў менен бирге гилемшилик өнерин де меңгерип, енди шәкиртлериме үйретип басладым,-
дейди Жанна биз бенен сәўбетте.

Telegram