QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.57K subscribers
45.4K photos
4.74K videos
27 files
13.7K links
Download Telegram
#Ашық_сәўбет

ҚОҢЫРАТ РАЙОНЫНДА ЖУМЫССЫЗ ЖАСЛАРҒА ДИЙХАНШЫЛЫҚ ЕТИЎ УШЫН ЖЕР БӨЛИП БЕРИЛЕДИ


Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жаслар бәнтлигин тәмийнлеў мәселелерине бағышланып өткерилген жыйналыста 2024-жылы халықтың бәнтлигин тәмийнлеў ушын 60 мың 500 гектар жер жасларға дийханшылық ушын ажыратылатуғынлығы атап өтилген еди.
Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминов ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қоңырат районы бөлими баслығы Э.Исматов райондағы бир қатар жумыссыз ҳәм дийханшылық етиў тилегин билдирген жаслар менен ушырасып, ашық сәўбет өткерди.
Ашық сәўбет даўамында
район ҳәкими жер ажыратыў тәртиби, жер алған жаслардың экспортбап егинлер жетистириўге оқытылыўы,оларға мини техника,туқым ҳәм нәллер сатып алыў ушын ажыратылатуғын субсидиялар ҳаққында кең түрде түсиник берди.Сондай-ақ,Президенттиң усы жылдың 18-январындағы "Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға бериў тәртибин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы
Пәрманының да мазмун -әҳмийети түсиндирилди.
Ашық сәўбет даўамында район ҳәкими тәрепинен “Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПФ-37-сон, 21.02.2024 й.)менен районда жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлардан пайдаланыў бойынша кең түрде мәлимлеме берилип, өз-ара пикирлер алмасылды.

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
@qongiratrkuz
#Ашық_сәўбет

ҚОҢЫРАТ РАЙОНЫНДА ЖУМЫССЫЗ ЖАСЛАРҒА ДИЙХАНШЫЛЫҚ ЕТИЎ УШЫН ЖЕР БӨЛИП БЕРИЛЕДИ

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
@qongiratrkuz
#Ашық_сәўбет
Қарардың мазмун-әҳмийетине бағышланды
⬇️⬇️⬇️
#ашық_сәўбет

  Елимизде «Жасыл мәкан » улыýма миллий жойбары шеңберинде алып барылып атырған илажлардан баслы мақсет  орынларда жасыл майданларды көбейтиý, экологиялық жағдайды жақсылаýдан ибарат. Мәденият сарайында Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминовтың басшылығында өткерилген мәжилисте "Жасыл мәкан" улыýма миллий жойбары шеңберинде алып барылып атырған жумыслар сын көз,-қарастан көрип шығылды. Быйылғы бәҳәрги  көклемзарластырыý мәýсиминде Қоңырат районы бойынша 1млн нан аслам  мийўели ҳәм декоратив нәллерди егиý, 32 орында тутзарлықлар жаратыў режелестирилген. Егилген нәллерди минерал хәм органикалық төгинлер менен азыкландырыý ,зыянкеслерден қорғаý жумыслары қадағалаýға алыныўы зәрүрлиги, биогумус ҳәм жергиликли төгин менен ислеý берилген ҳалда әтир гүл,  райхан, назбайгул,  лаванда сыяқлы  емлик қәсийетине ийе өсимликлерди уй алды қыйтақ жерлерине, көшелерге, салма бойларына, мәдений дем алыý бағларына егиý нәзерде тутылған.


        
#АШЫҚ_СӘЎБЕТ
#Үй_алды_қыйтақ_жери_қосымша_дәрамат_дереги

Бүгин Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминовтың басшылығында "Қаңлы"аўыл пуқаралар жыйынында аймақ турғынлары ҳәм мәҳәлле жетилиги, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында өткерилген ашық сәўбет даўамында Сайхунобод тәжирийбесин енгизиў бойынша жумыслар додаланды.
⬇️⬇️⬇️
#АШЫҚ_СӘЎБЕТ

Үй алды қыйтақ жери-қосымша дәрамат дереги

Мағлыýматларға қарағанда , Жер жүзи халқының 1 миллиардтан асламы ашлықта күн  кеширип, ҳәр күни 25 мың адам жарлылық хәм ашлықтан көз жумбақта.
"Бирин көрип пикир ет
,бирин көрип шүкир ет"дегениндей, елимиздеги ашық аспанымыз, тынышлық-қәтержамлығымыз, базарларымыздың молшылығы шүкирлик туйғысын оятпай қоймайды. Ал, журтымыздың, соның ишинде Қоңырат районындағы "Қаңлы"аўыл пуқаралар жыйынының географиялық жайласыýы , топырағының өнимдарлығы, қала берсе, аймақ турғынларының жердиң тилин түсинип, түрли егинлерден мол зүрәәт топлаýдың әдисин билиýи жылдың төрт паслында да дийханшылық етиýге имкан береди.

Хабарыңыз бар, Президентимиз Сырдәрьяның Сайхунобод районында үй қапталы қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыў имканиятларын толық иске салыў арқалы халықтың дәраматларын асырыў бойынша өткерген видеоселектор жыйналысында бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берген еди.

Бүгин Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминовтың басшылығында "Қаңлы"аўыл пуқаралар жыйынында аймақ турғынлары ҳәм мәҳәлле жетилиги, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында Сайхунобод тәжирийбесин енгизиў бойынша жумыслар додаланды.

"Қаңлы"аўыл пуқаралар жыйынында1070 хожалықта 5521 адам жасайды.Әзелден бағманлар ели болған бул аўыл халқы 134 гектар үй қапталы қыйтақ жерлеринен өнимли пайдаланып келмекте. Деген менен қыйтақ жер ийелерине бүгинги жаратылып атырған имканиятлардан ,жеңилликлерден толық пайдаланылмай атырғанлығы қатаң сынға алынды.

Халықты үй алды қыйтақ жеринен кең пайдаланыўға үйретиў, бир жылда кеминде 2-3 мәрте зүрәәт алыў, кооперацияға бириккен ҳалда барлық хожалықларда биогумус жетистириўди жолға қойыў, улыўма алғанда,  шаңарақларды үй қапталы қыйтақ жеринен турақлы дәрамат алыўға үйретиў, үйден шықпаған ҳалда бизнес етиўди енгизиў бойынша кең түрде пикирлер алмасылды.

Ашық сәўбет даўамында, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң"Жасларға жер ажыратыў  арқалы олардың дәраматларын асырыў ҳәм бәнтлигин тәмийнлеў , сондай-ақ,жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында" ғы 2024-жыл 5 -апрельдеги ПҚ-153-санлы қарарының мазмун-әҳмийетине де кең түрде тоқтап өтилди.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#ашық_сәўбет

Үй алды қыйтақ жери-қосымша дәрамат дереги

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#АШЫҚ_СӘЎБЕТ

   Қоңырат районы ҳәкимлиги мәжилислер залында кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында ашық сәўбет өткерилди. Онда район ҳәкими Бекзод Мадаминов Қоңырат районында әмелге асырылып атырған  социал -экономикалық реформалардың барысы ҳаққында кең түрде айтып өтти.
   Атап өтилгениндей, районда усы жылдың өткен январь-март айларында  ислеп шығарыў көлеми 296,4 млрд .сумды қурап, өсиў пәти 2023- жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 104,2% ке өскен. Ал хызметлер ислеп шығарыў көлеми 481870,5 млн.сумды қурап,өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 102,3% ти қурады.Сондай-ақ,тийкарғы капиталға киргизилген инвестициялар миллий валютада 411,5 млрд.сумды қураған,яғный өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў пәти 205,0%ти қурады.
Социаллық ҳәм қурылыс тараўларындағы жаңаланыўлар ҳәм орын алып атырған кемшиликлер де талқыланды. Ашық сәўбет даўамында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Каналға ағза болыў:
@qongiratrkuz‌‌
#Ашық_сәўбет

"ҲӘКИМ ҲӘМ ЖАСЛАР" УШЫРАСЫЎЫ ӨЗГЕШЕ ФОРМАТТА БОЛЫП ӨТТИ

Қоңырат районында жасларға байланыслы сиясаттың орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде "Ҳәким ҳәм жаслар" ушырасыўы болып өтти. Еркин пикирлесиў, ашық-айдын сәўбет формасында өткерилген илажға район ҳәкими Б.Мадаминов, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бөлими баслығы Э.Исматов ҳәм жаслар қатнасты. Ушырасыўда район ҳәкими Б.Мадаминовтың 2024-жылдың алты айы даўамында жаслар сиясаты ҳәм  бағдарламалардың орынланыўы бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында есабаты тыңланды. Буннан соң жаслар менен ашық сәўбет шөлкемлестирилди ҳәм жасларды қыйнап киятырған машқалалары, пикир ҳәм усыныслары тыңланды.
Ушырасыўда "Жаслар дәптери"не киргизилген 6 жасқа
21 миллион 600 мың сум муғдарында контаракт пуллары төлеп берилгенлиги ҳаққында ваучерлер, 6 жасқа 8 млн 600 мың сум муғдарында 6 айлық оқыў курслары қәрежетлери төлеп берилгенлиги бойынша ваучерлер,белсенди жаслар жетекшилерине баҳалы саўғалар
тапсырылды.

Telegram |
#Ашық_сәўбет

Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминовтың басшылығында  "Хорезм"аўыл пуқаралар жыйынында аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылыўы лазым болған әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм жерден өнимли пайдаланыў мәселелерине бағышланған ушырасыў болып өтти. Оған Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы ўәкиллери, фермер хожалықлары баслықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери қатнасты.
"Хорезм" аўыл пуқаралар жыйынында халықты жумыс пенен тәмийнлеўдиң ҳәм халықтың дәраматын асырыўдың тийкарғы дереги бул -аўыл хожалығындағы жер ресурслары есапланады. Ушырасыўда усы жер ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыў мәселеси додаланды.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube
#Ашық_сәўбет

Президентимиздиң  "Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың турмыс абаданлығын  асырыў бағдарындағы илажларды жаңа басқышқа алып шығыў" ҳаққындағы Пәрманына муўапық,аймақларда халықтың турмыс шараятларын жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарламаларының  нәтийжелилигине ерисиўде жаңаша жантасыў ҳәм топланған тәжирийбелерди қолланыў илажларын жаңа басқышқа алып шығыў белгиленген еди.

  Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминовтың басшылығында  мине усы әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған ашық сәўбет болып өтти.

  Халықтың жоқары дәраматлы турақлы жумыс пенен бәнтлигин тәмийнлеў, жаслардың инновациялық ҳәм санлы технологияларға тийкарланған билим алыўы ҳәм кәсип- өнер үйрениўи, барлық қатламлардың медициналық ҳәм социаллық хызметлерден пайдаланыўы ушын шараятлар жаратыў, мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў бағдарларында комплекс илажларды әмелге асырыў арқалы халықты кәмбағаллықтан шығарыў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.

Telegram |
#Ашық_сәўбет

Энергия нәтийжелилиги ҳәм үнемлилиги- раўажланыў гиреўи

Электр энергиясынан үнемли пайдаланыў- электр тәмийнатының турақлылығына үлкен үлес қосады.

Энергия үнемлеўши технологиялар тек ғана глобал көлемде емес, бәлким дерлик ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир хожалық ушын әҳмийетли. Олардан пайдаланыў тәбийий ресурсларды унемлеўге имкан берип ғана қоймай, энергия сарыпланыўын кемейтиў ҳәм ҳәр қандай ўақытта асқатыўы мүмкин болған қаржыны тежеўге имкан береди.

Қоңырат районы ҳәкими Б. Мадаминовтың басшылығында  сектор баслықлары, ғалаба хабар қураллары, тийисли тараў ўәкиллери ҳәм мәҳәлле жетилигиниң қатнасыўында болып өткен ашық сәўбетте мине усы мәселелер ҳаққында сөз болды.

Пуқаралар арасында энергия үнемлеўши технологиялардан пайдаланыў бойынша үгит- нәсият жумысларын еле де күшейтиў бойынша усыныслар берилди. Ашық сәўбет қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook