QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.8K photos
4.95K videos
27 files
14.3K links
Download Telegram
#Оnline

#Xalıqlar_doslıǵı

30-iyul "Xalıqlar doslıǵı kúni"

Búgingi kúnde elimizde 130 dan aslam millet wákilleri bir-birine húrmet hám bekkem awız birshilik penen turmıs keshirip, elimizdiń barlıq tarawlarında teńdey huqıqlarda, hár qıylı tarawlarda jemisli miynet etip, Watanımızdıń gúllep-jasnawına hám onıń ǵárezsizligin bekkemlewge, Respublikamızdıń xalıqaralıq maydandaǵı abıroyın arttırıwda múnásip úleslerin qosıp kelmekte.

Mámleketimizde 2021-jıl 10-fevralda 30-iyul sánesin "Xalıqlar doslıǵı kúni" sıpatında keń túrde belgilew haqqında 672-sanlı Ózbekstan Respublikasınıń Nızamı qabıl etildi. Bul bolsa kóp milletli elimizde milletler ara tatıwlıqtıń joqarı basqıshqa shıǵıwına negiz jarattı.

Sáne múnásibeti menen orınlarda "Milletlerara tatıwlıq" atamasında "Doslıq festivalı" ilajları shólkemlestirilmekte. Usınday ilajlar rayondaǵı 5-sanlı hám 25-sanlı mektepke shekemgi bilimlendiriw shólkemlerinde kóterińki ruwxta ótkerilmekte.

"Doslıq festivalı" ilajları dawamında shólkemlerdiń tárbiyalanıwshıları tárepinen elimizde jasawshı xalıqlardıń mádeniyatın ózinde sáwlelendirgen milliy kiyimler kórgizbeleri menen koncert tamashaları jıynalǵanlarǵa bir álem zawıq baǵıshlamaqta.

Ótkerilgen ilájlarǵa rayon hákimi orınbasarı, shańaraq hám hayal-qızlar bólimi baslıǵı J.Ametova hámde rayonlıq IIB inspektorı J.Uteniyazovalar qatnasıp, shólkem xızmetkerleri arasında "Milletler ara tatıwlıq" boyınsha úgit-násiyat, túsinik jumısların alıp barılmaqta

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Оnline

 КИБЕРЖЫНАЯТ ҚУРБАНЫНА АЙНАЛЫП ҚАЛМАҢ!

   Мәлимлеме технологиялары раўажланған сайын оннан ғәрезли мақсетлерде пайдаланыўшылар да көбейип бармақта.

"Бостан"мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Қоңырат сигналластырыў ҳәм байланыс кәрханасында Қарақалпақстан Республикасы Транспортта қәўипсизликти тәмийнлеў басқармасы тәрепинен пуқаралардың кибержынаятлардың қурбанына айналып қалыўының алдын алыў бойынша ушырасыў өткерилмекте.

Сәўбет даўамында киберҳүжимлерден абайлаў, оған қарсы қай тәризде гүресиў ҳәм халыққа бул мәселе бойынша түсиндириўлер алып барыў ҳаққында сөз етилмекте.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Оnline
Журт абатлығы- халық разылығы

Қоңырат районындағы "Көкдәрья"аўыл пуқаралар жыйыны халқын бир неше жылдан бери қыйнап киятырған ишимлик суý тәмийнаты машқаласы өзиниң унамлы шешимин таýмақта. Аймақ пуқараларының мүрәжатлары тийкарында жаңадан 28,3 км узынлықтағы ишимлик суý тармақларын тартыý жумыслары әмелге асырылмақта.
Қурылыс- монтаж жумыслары жуýмақланғаннан соң аймақтағы 380 нен аслам хожалықлардың таза ишимлик суýына болған талабы қанаатландырылады.
Район ҳәкими Бекзaд Мадаминов ҳәм сектор баслықлары аймақ турғынлары менен ушырасып,
ең шетки аймақларда да аўыл инфраструктурасын жақсылаў, халыққа қолайлы турмыс шараятларын жаратыў
бағдарында ҳүкиметимиз тәрепинен бар имканиятлар иске салынып, бул жумыслардың даўамлы екенлигин айтпақта.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Оnline

Спорт майданшасы аўыл перзентлерине хызмет етпекте

   2024-жылдың 1-мәўсиминде  «Басламалы бюджет» жойбары шеңберинде Қоңырат районының "Хорезм" аўыл пуқаралар жыйынындағы 9-санлы мектепте спорт майданшасын қурыў бойынша усыныслар жоқары даўыс жыйнап, бул жойбар жеңимпаз болған еди.

Жақында қурып питкерилип пайдаланыўға тапсырылған жасыл қапламалы спорт майданшасы аўыл жаслары арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге хызмет етпекте.

Енди балалар мектеп жанындағы спорт майданшаларында мини футбол, волейбол, баскетбол менен шуғылланып, бос ўақытларын мазмунлы өткермекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети


Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Оnline
#Машқала_ҳәм_шешим

"Хорезм" аўыл пуқаралар жыйынындағы шетки аўылларға ишимлик суў тармақлары тартылмақта.

Узынлығы 13,2 километр болған суў тармақларын тартыў жумыслары "Biznes standart" жеке кәрханасының қурылысшылары тәрепинен жедел пәтлерде әмелге асырылмақта. Қурылыс-монтаж жумыслары толық жуўмақланғаннан соң, жәми 120 хожалық таза ишимлик суўы менен толық тәмийнленеди.

- Бурын суўды қудықтан ишетуғын едик. Мине ең шетте жайласқан бизиң "Жеткиншек" ҳәм "Хожа" аўылларына да жаңадан ишимлик суў тармақлары тартылып атыр. Өткен жылы көшелеримизге қум-тас араласпасы төселди. Аўыллық мектебимизге жасыл қапламалы спорт майданшалары қурып берилди.
   Халқымыз ушын қолайлы турмыс шараятларын жаратып берип атырған Президентимизге алғысымыз шексиз,
- дейди аўыл бийи Қуралбай Әметов биз бенен сәўбетте.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Оnline

Saqıy ana jerimizdiń hár bir qarısı altınǵa teń

Qońırat rayonında baǵshılıq penen shuǵıllanıwshı fermer hám diyxan xojalıqları jámáátleriniń miyneti arqasında baǵlarda jetistirilip atırǵan miywe ónimleri jergilikli bazarlarǵa arzan bahalarda shıǵarılmaqta.
Búgingi kúnde baǵmanlar tárepinen rayonda jámi 77,2 gektar baǵ maydanlarında miywe ónimleri jetistirilmekte.
" Qıpshaq "awıl puqaralar jıyınında jaylasqan "G'AROYIB OLAM "MCHJ tárepinen 2 gektar maydandaǵı miywe tereklerinen mol zúráát alınıp, xalqımız dásturxanına jetkerip berilmekte.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook