QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.27K subscribers
45.5K photos
4.75K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
#дыққат

       ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!!!

  ❗️ Бүгин 26-декабрь күни Абу Али ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумында жайласқан 1-сектор штабында өткерилиýи режелестирилген Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминовтың юридикалық ҳәм физикалық шахслар ушын нәўбеттеги көшпели  қабыллаўы ертең, 27 -декабрь, сәршемби күнине қалдырылғанын мәлим етемиз.
  
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
#online

СЕССИЯ

Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң 65- сессиясы басланды.

Сессияға Халық депутатлары районлық Кеңесиниң депутатлары, мекеме,кәрхана,өзин-өзи басқарыў уйымлары баслықлары қатнаспақта.

Сессияны Қоңырат районы ҳәкими, Халық
депутатлары районлық Кеңесиниң баслығы Б.Мадаминов ашты ҳәм алып бармақта.
Президентимиздиң 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берген тапсырмалары ҳәм 25-февраль күни өткерилген жыйналыс баянламасына муўапық Қашқадәрья ўәлаятына  Қоңырат районын социал -экономикалық  раўажландырыўға жәрдем бериў ўазыйпасы жүклетилген еди.
Сессияда ўәлаят ҳәкимлиги тәрепинен 2022-2023-жылларда Қоңырат районында әмелге асырылған илажлар ҳәм 2024-жылдағы ўазыйпалар ҳаққында  Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкиминиң инвестиция мәселелери бойынша орынбасары Олимхан Рустамовтың мәлимлемеси тыңланды.


https://fb.watch/pablBxrzeY/?mibextid=Nif5oz

https://fb.watch/pabl9fQdk8/?mibextid=Nif5oz

https://fb.watch/pabk0j3Z9R/?mibextid=Nif5oz

@qongiratrkuz
Ўтган ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Қатар Амирининг ташрифи ва коррупцияга қарши курашчиларни мукофотлаш. Рақамли Ўзбекистон. Маънавият ва маданиятимиз кучайиб бораверади

Обзор важнейших событий минувшей недели: Визит Эмира Катара и награждение борцов с коррупцией. Узбекистан цифровой. Курс на духовный и культурный рост

Facebook|Instagram|Twitter
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Тайынлаў

Шлымбетова Мухаббат Емжаровна – Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң орынбасары лаўазымына тайынланды.

Ол усы күнге шекем Нөкис қаласындағы Президент мектеби оқытыўшысы лаўазымында ислеп келген.

Шлымбетова Мухаббат Емжарова – Мактабгача ва мактаб таълими вазири ўринбосари лавозимига тайинланди.

У шу кунга қадар Нукус шаҳридаги Президент мактабида ўқитувчи бўлиб фаолият олиб борган.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ қырқ жетинши сессиясы басланды

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасып атыр.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта.



Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Сессияныӊ күн тәртибиндеги дәслепки мәселе Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2024-жыл бюджети жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министри Р.Султанов баянат жасады

Келеси жыл ушын Мәмлекетлик бюджет жойбарында Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыў тийкарғы мақсет етип белгиленип, усы тийкарда қәлиплестирилген.

Яғный, Исбилерменлер ушын қолайлы бизнес орталығын жаратыў, социаллық тараўды раўажландырыў ҳәм социаллық жақтан қорғаўды күшейтиў, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, аймақларды, әсиресе, мәҳәлелердиң машқалаларын шешиў, суў ҳәм жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, қоршаған орталықты қәстерлеп сақлаў тийкарғы жөнелис сыпатында белгилеп алынған.

Усы жөнелислерди әмелге асырылыўда зәрүр болған жумысларды жеделлестириў, ажыратылған бюджетти өз ўақтында қаржыландырыў ҳәм мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў ең әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.

Сессияның күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Күн тәртибинде кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасын 2023-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыўдың жуўмақлары ҳәмде 2024-жылға белгиленген режелер ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының мүрәжаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов баянат жасады.

2023-жылдың жуўмағы бойынша Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўдың тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлерине итибар қарататуғын болсақ, жыл жуўмағында жалпы аймақлық өним көлеми 104,1 процентке, санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 101,5 процентке, аўыл хожалығы өнимлери 103,5 процентке, қурылыс-кесип алып ислеў 107 процентке ҳәмде хызметлер көлеми 111,1 процентке өсиўи күтилмекте.

Сондай-ақ, 209,1 мыңға жақын жумыс орынлары жаратылып, бәнтлик бағдарламасының орынланыўы 108,4 процентке орынланыўы, жумыссызлық дәрежеси жыл басындағы 9,1 проценттен 8,2 процентке кемейиўине ерисиледи.

2024-жылда бир қатар ўазыйпалар әмелге асырылыўы белгиленген. 2023-жылға салыстырғанда жалпы ишки өним көлеми 105,6 процентке жеткерилиўи,  санаат 106,1 процентке, аймақлық санаат 106 процентке, аўыл хожалығы 103,7 процентке, қурылыс жумыслары 108 процентке жеткерилиўи режелестирилген.

Депутатлар тәрепинен күн тәртибиндеги мәселе қарап шығылып, қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе «Туризм ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығыныӊ орынбасары Т.Романов баянат жасады.

Бүгинги күнде ҳәрекет етип турған «Туризм ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы 2000-жылы қабыл етилген болып, бүгинги раўажланыўлар, экономикалық, социаллық ҳәм басқа да тараўлардағы жаңаланыўлар шараятында туризм тараўындағы ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлерге бир қатар өзгерислердиң киргизилгени себепли әмелдеги нызамды Қарақалпақстан Республикасының басқа да нызамшылық ҳүжжетлерине муўапықластырыў зәрүрлиги пайда болмақта.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter