QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.6K photos
4.91K videos
27 files
14.2K links
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Брифинг

Қоңырат районы халқының қыс айларында ишимлик суўына болған талабын толық қанаатландырыў бағдарында алып барылған илажлар ҳаққында  Нөкис регионаллық суўдан пайдаланыў басқармасына қараслы Қоңырат суў тәмийнаты лаборатория меңгериўшиси Тамара Бекбаева айтып береди.

@qongiratrkuz
QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍNDA “SHET EL TÁJIRIYBESIN EN JAYDÍRÍW ON KÚNLIGI” SHEŃBERINDE MEKTEP OQÍTÍWSHÍLARÍ USHÍN KEMBRIJ XALÍQARALÍQ  BILIMLENDIRIW SHÓLKEMI WÁKILLERINIŃ QATNASÍWÍNDA SEMINAR TRENINGLER SHÓLKEMLESTIRILMEKTE

🔹 Qońırat rayonı 41-sanlı ulıwma bilim beriw mektebinde Qaraqalpaqstan Respublikası Qońırat, Moynaq, Qanlıkól hám Shomanay rayonındaǵı jańa bahalaw sisteması tájiriybe-sınawdan ótkerilip atırǵan mekteplerdiń muǵallimleri ushın seminar-trening shólkemlestirildi.
  🔹 Seminardı shólkemlestiriwden tiykarǵı maqset ulıwma bilim beriw mektepleri muǵallimleriniń tájiriybesin arttırıw hám sabaqlarda aldıńǵı shet el tájiriybelerin innovaciyalıq usıllardı qollanıw arqalı bilimlendiriwdiń sıpatın arttırıw.
🔹 Bul seminar-trening “Shet el tájiriybesin en jaydırıw on kúnligi”  sheńberindegi seminarlardıń dáslepkisi bolıp  seminarlar  belgilengen reje-grafik tiykarında respublika boylap dawam ettiriliwi rejelestirilgen.

@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Брифинг

Қоңырат районы халқын қыс айларында электр энергиясы менен үзликсиз тәмийнлеў бағдарында алып барылып атырған илажлар ҳаққында  Қоңырат районы электр тәмийнлеўши кәрханасы бас инженери Хасан  Асенов айтып береди.

@qongiratrkuz
#дыққат

      ХАБАРЛАНДЫРЫЎ❗️

2023 -жылдың 20-декабрь күни саат 15:00 де Қоңырат районы Мәденият сарайында Қоңырат районы  ҳәкими Б.Мадаминов ҳәм тараўға тийисли кәрханалар басшылары қатнасыўында исбилерменлер менен ушырасыў өткериледи. Бул ушырасыўға район аймағындағы барлық ибилерменлерди ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланыўды мақсет еткен пуқараларды шақырып қаламыз.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
Президент Шавкат Мирзиёевтың Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жоқары халық аралық сыйлық пенен сыйлықлаў мересиминдеги шығып сөйлеген сөзинен әҳмийетли пикир ҳәм басламалар
____

Президент Шавкат Мирзиёевнинг Коррупцияга қарши курашиш бўйича юксак халқаро мукофот билан тақдирлаш маросимидаги нутқидан муҳим фикр ва ташаббуслар

Facebook|Instagram|Twitter
#көшпели_қабыллаў

ҲӘР БИР МҮРӘЖАТ ИТИБАРДА

Бүгин Абу Али Ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумындағы 1-сектор штабында Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминовтың пуқаралар ушын нәўбеттеги көшпели қабыллаýы болып өтти. Қабыллаý даýамында район ҳәкими тәрепинен пуқаралардың оқыў контракти пулларын төлеп бериў, медициналық ҳәм материаллық жәрдем, кадастр хызмети, коммуналлық тараўларға байланыслы машқалалары тыңланды. Оларды қыйнап киятырған машқалалардың көпшилиги сол жердиң өзинде тийисли уйымлардың қатнасыўында өз шешимин таўып, ўақыт ҳәм үйрениўди талап ететуғын мүрәжатлардың шешими қадағалаўға алынды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz