QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.23K subscribers
45.7K photos
4.77K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
#online #жасыл_мәкан "Жасыл мәкан" жойбары әмелде Журтымызды экологиялық апатшылықлардың кери тәсиринен қорғаў мақсетинде барлық аймақларда "Жасыл мәкан"улыўма миллий жойбары шеңберинде гүзги нәл егиў жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта. Қоңырат…
Алдын қараўсыз жатырған майданлар енди тутзарлыққа айналады. Егилген нәллерге агротехникалық тәрбия бериў, зыянкеслерден қорғаў жумыслары прокуратура тәрепинен қадағалаўға алынады. Нәл егиў жумыслары даўам етпекте.

@qongiratrkuz
❗️SHTATÍNA QÍSQARTÍW KELGEN XÍZMETKER MÚDDETINEN ALDÍN PENSIYAǴA SHÍǴÍWÍ MÚMKIN, EGER DE...

📃 "Puqaralardıń mámleketlik pensiya támiynatı haqqında"ǵı nızamnıń 14-statyasına muwapıq texnologiyadaǵı, islep shıǵarıw hám miynetti shólkemlestiriwdegi ózgerisler, xızmetkerler sanı (shtatı) yamasa jumıs ózgesheliginiń ózgeriwine alıp kelgen jumıslar kóleminiń qısqarǵanlıǵı yamasa kárxananıń tamamlanǵanlıǵi múnásibeti menen jumıstan azat etilgen hám jumıssız dep tán alınǵan shaxslar:

Er adamlar — 58 jasqa tolǵanda hám jumıs stajı keminde 25 jıl bolǵan jaǵdayda;

Hayallar — 53 jasqa tolǵanda hám jumıs stajı keminde 20 jıl bolǵan jaǵdayda pensiya alıw huqıqına iye boladı dep belgilengen.

✏️ Demek, shtatına qısqartıw kelgen xızmetker múddetinen eki jıl aldın pensiyaǵa shıǵıwı múmkin, tek onıń ushın ol joqarıda kórsetilgen jasqa hám jumıs stajına ıye bolıwı hám miynet organlarında jumıssız dep tán alınǵan bolıwı kerek.

Pensiya qorı Qońırat rayonlıq bólimi

Ísenim telefonı: (61) 312-19-41

@qongiratrkuz
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң рәсмий жуўабы

Социаллық тармақлардың биринде жас сүўретши А. Матякуповтың шаңарағының аўыр жағдайға түсип қалғанлығы бойынша мақала жәрияланған еди.
Район ҳәкими Б.Мадаминов тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте "Тарақлы" МПЖ аймағында жасаўшы бул шаңарақтың ҳал-жағдайынан хабар алды. Ҳақыйқатында да шаңарақ ийеси Баймурат Балтабаевтың бел омыртқа грыжасы менен аўырғанлығы себепли ўақтынша жумыссыз , анасы А. Матякупованың да жумыссызлығы себепли "Ҳаяллар дәптери"инде дизимде турғанлығы ҳәм мәмлекет тәрепинен тийисли жәрдемлерди алып келгенлиги мәлим болды.
Район ҳәкими шаңарақтың қыйын жағдайын есапқа алып үй-жай менен тәмийнлеў , шанарақ ийесиниң РМБ де емлениўи ушын барлық шараятларды жаратыў, "Сақаўат ҳәм көмек" жәмийетлик фонды тәрепинен бир мәртелик ақшалай жәрдем бериў бойынша тапсырмалар берди. Адилбекке сүўрет салыў ушын зәрүрли қураллар алып берилип, "Бәркамал әўлад" балалар орайының сүўретлеў дөгерегине қамтып алынатуғын болды.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#жасыл_мәкан

Ишки ислер уйымы хызметкерлери де нәл егиў жумысларына үлес қоспақта

🌿"Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарына Қоңырат районы Ишки ислер бөлими хызметкерлери де белсене қатнаспақта. "Хорезм" АПЖ аймағындағы өзлерине ажырытылған 2 гектар майданда бағ жаратыў жумысларын жедел алып бармақта. Аймақтың ықлым шараятына ҳәм суўсызлыққа шыдамлы тут нәллерин отырғызып, егилген нәллерди суўғарыў ҳәм тәрбия жумысларын алып барыўды айрықша қадағалаўға алмақта.
Абаданластырыў, гүзги нәл егиў жумыслары сектор аймағындағы барлық мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында қызғын даўам етпекте. РИИБ баслығы У. Ситмуратов "Мийнетабад" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында да  мәҳәлле белсендилери менен биргеликте мийўе нәллерин отырғызды.

https://t.iss.one/qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Тарийхқа_нәзер

5-ноябрь – Қарақалпақстанда ең биринши телевизиялық көрсетиў басланған күн.

1964-жылдың 5-ноябрь күни жергиликли ўақыт пенен саат 19.00 де Нөкис, Тақыятас, Хожели қалаларындағы айырым үйлердиң телевизорларында «Нөкис көрсетеди» деген титр пайда болған. Усы күни қарақалпақ ҳәм орыс тиллеринде «Жаңалықлар» көрсетилген. Биринши дикторлар – Оразгүл Өтениязова менен Светлана Шапочниковалар фотосюжетлер фонында мийнет жәмәәтлериниң рапортлары туўралы айтқан.
Биринши тележаңалықларды қарақалпақ тилинде Ғалым Сейтназаров ҳәм Қармыс Досанов, ал орыс тилинде Виктор Копаловлар таярлаған.

1965-жылдан баслап ҳәптесине төрт мәртеден 2,5 саатлық телебағдарламалары тамашагөйлер дыққатына усынылған.
Соңғы жыллар даўамында эфир саатлары ҳәм күнлери узайтып барылған.

1991-жылы Қарақалпақстан телевидениеси Өзбекстан Мәмлекетлик Телерадиокомпаниясы қурамына кирди ҳәм 2002-жылы Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы болып қайта шөлкемлестирилди.


Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/qongiratrkuz
#online
#Абат_шаңарақ
#Абат_көше
#Абат_мәҳәлле

Жаңаланыў босағасындағы "Рәўшан"

"Адамларымыз елимизде жүз берип атырған реформаларды ертең ямаса узақ келешекте емес, бәлким бүгин өз өмиринде сезиниўи керек"
Президентимиздиң журтласларымызға үмит ҳәм исеним берген бул сөзлери бүгин, мине Қоңырат районындағы "Рәўшан" аўылы турғынларының турмысына да жаңаланыў, өзгерислер алып келмекте.
3300 ге шамалас халық жасайтуғын бул аймақта "Абат шаңарақ-абат көше- абат мәҳәлле" принциплерин енгизиў бойынша алып барылып атырған қурылыс-абаданластырыў жумысларының нәтийжесинде аўылдың келбети жаңа түске енбекте.
Аўылдың орайынан өтиўши Устазлар көшесиниң 1 км аралығында оңлаў жумыслары жүргизилип, асфальт төсеў жумыслары алып барылмақта.
Аймақта әмелге асырылып баслаған унамлы өзгерислер халықтың тек ертеңги емес, ал бүгинги күнге деген исенимин беккемлейди.


Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
❗️Хабарландырыў

  Қоӊырат районындағы «Санаат", "Ҳәким ата", "Жиңишке» МПЖ аймақларында 2023-жыл 6-ноябрь күни саат 09:00 ден 14:00 ге шекем "Үрге аўыл" фидеринде  киши оӊлаӯ жумыслары өткерилиӯине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылатуғынлығын хабарлаймыз.

Қоңырат районы Электр тармақлары кәрханасы

👉@qongiratrkuz‌‌