📣 ИСБИЛЕРМЕНЛЕР ҲӘМ ФЕРМЕРЛЕР ДЫҚҚАТЫНА! 📣
🔹Усы жылдың 25-октябрь сәнесинде Қарақалпақстанлы экспортёр-исбилерменлер ҳәм фермерлер қатнасында боянтамыр өнимин Европа базарына экспорт етиў ушын сертификат алыў талаплары бойынша семинар-тренинг болып өтетуғынлығын хабарлаймыз!
✨ Бунда Швейцарияға қараслы FairWild фондының халық-аралық экспертлери боянтамыр өнимин экспорт етиў ушын сертификат алыў талаплары ҳаққында түсиник берип, GIZ- (Deutsche Gesellschaft für Internationale Zusammenarbeit) шөлкеми боянтамырды жаңа базарда жоқары баҳада сатыўыңыз ушын имкәният жаратып береди.
‼️ Еслетпе: Буның ушын өзиңиз жетистирип атырған, кептирилген боянтамыр өнимин алып келиўиңиз керек. Сизиң өнимиңиздиң сыпаты ҳәм токсинлери арнаўлы лаборатория арқалы тексериледи.
✅ Боянтамыр өнимин жетистирип атырған Республикамыздағы барлық исбилермен ҳәм фермерлерди усы илажға белсене қатнасыўға шақырамыз!
🕓 Ўақыты: 2023-жыл 25-октябрь саат 09:00 де
📍Мәнзил: Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы. Нѳкис қаласы, И.Каримов кѳшеси нѳмерсиз жай (бағдар: ҚР Министрлер Кеңеси имараты).
Мүрәжат ушын телефонлар;
☎️ +998(61) 222-15-02
☎️ +998(61) 222-05-95
🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.
👉 https://t.iss.one/QR_Chamber

VII томнан ибарат Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги баспадан шығарылды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлигиниң толықтырылған екинши басылымы баспадан шығарылды. Жәми VII томнан ибарат китапларда әдебий тилимизде жийи қолланылып жүрген 60 мыңнан аслам сөз киргизилген. Ҳәр бир том 1000 нусхада жарық көрди.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Өзбекстан илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте "Қарақалпақ фольклоры"ның жаңа томларын баспадан шығарыў бойынша да жумыслар алып барылмақта.
Сөзлик кең жәмийетшиликке, соның ишинде тилшилер менен әдебиятшылар, илим, мәденият, сиясий ағартыў, баспасөз хызметкерлерине, муғаллимлерге, студент-жаслар ҳәм мектеп оқыўшыларына, сондай-ақ, қарақалпақ тилин үйрениўшилерге арналады.
Сөзликти дүзиўде Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, филология илимлериниң докторы, профессор Ш.Абдиназимов басшылығында Өзбекстан илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлери илим изертлеў институты, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Нөкис мәмлекетлик педагогика институты, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялары институты, Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы илимий хызметкерлери қатнасты.
Буннан алдын жәми 20 мыңға жақын сөзди өзинде жәмлеген Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлигиниң IV томлығы 1982, 1984, 1988, 1992-жылларда басып шығарылған еди.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Дыққат хабарландырыў!
2023-жыл 15-октябрь күни, саат 11:00 де Беруний районы ҳәкимлигинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының республикамыздың қубла районларындағы (Әмиўдәрья, Елликқала, Беруний, Төрткүл) исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалары ҳәм усыныслары бойынша көшпели қабыллаўы болып өтеди.
Республикамыздың басқада аймақларының исбилерменлери ушын қабыллаў белгиленген реже-график тийкарында өткериледи.
Еслетпе!
15-октябрь күни болып өтетуғын қабыллаўда исбилерменлердиң мәселелери көрип шығылады. Ал, пуқаралардың жеке мүрәжатлары өз алдына өткерилиўи режелестирилген Жоқарғы Кеңес Баслығының көшпели кабыллаўларында көрип шығылатуғынлығын мәлим етемиз.
Сондай-ақ, суд ҳуқық мәселеси менен байланыслы мүрәжатлар көрип шығылмайды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
📋Депутат есабат берди
Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси депутатларыныӊ өз округлеринде 2023-жыл 9 айы даӯамында алып барылған жумыслар бойынша есабатларын бериӯ ушын сайлаӯшылары менен ушырасыўлар өткерилмекте.
Нәўбеттеги ушырасыў "Туран" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында болып өтти. Ушырасыӯға усы аймақтан районлық Кеӊеске депутаты М.Матмуратова қатнасып, мәҳәлле белсендилери ҳәм көше бийлерине өткен дәӯир аралығында алып барылған жумыслар менен таныстырып өтти.
Ушырасыў даўамында пуқаралар өзлерин қыйнап киятырған машқалалар байынша мүрәжатларын ҳәм пикир усынысларын билдирип өтти. Бул машқалалардыӊ шешимин табыў ушын тийисли мекеме кәрханаларға депутатлық сораўлар жиберилетуғынлығы айтып өтилди.
Каналға ағза болыў:
✅@qongiratrkuz

#Onlayn
#Paxta_2023
#Pidayı_jaslar
#Qońırat
#Xоrezm_APJ
📌Qońırat rayonı "Xоrezm" APJ aymaǵında Jaslar isleri agentligi Qońırat rayonlıq bólimi tárepinen shólkemlestirilgen“Jas terimshi” joybarında Pidayı jaslar otryadı belsendilik kórsetpekte.

#Вакансия_ҳәпте_даўамында
Министрликтиң Мәлимлеме хызмети тәрепинен Республика көлеминде ҳәпте даўамында жәрияланған бос жумыс орынлары менен танысың!
1.Нөкис қаласы
2.Қоңырат районы
3.Шоманай районы
4.Шымбай районы
5. Хожели районы
6.Тахтакөпир районы
7.Нөкис районы
8. Мойнақ районы
9. Тақыятас районы
10. Қараөзек районы
11.Қанлыкөл районы
12. Кегейли районы
13. Бозатаў районы
14. Төрткүл районы
15. Елликқала районы
16. Беруний районы
17. Әмиўдәрья районы
Министрликтиң Мәлимлеме хызмети
@QR_bantlik

#Хармаң_пахтакешлер
Республикамыздың барлық орынлары қатарында Қоңырат районында да пахта жыйын-терим жумыслары қызғын алып барылмақта.
Дем алыс күнлери қалалы көмекшилер де дийханларымызға қол қанат болып атырған аўыл мийнеткешлери менен бир сапта районымыздың "ақ алтын"қырманына үлес қосыўға асықты.
Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары Б.Уалибаева ҳәм И.Бабаниязов пахтакешлердиң ҳалынан хабар алды ҳәм саўғалар тапсырды.
@qongiratrkuz

2023-жыл -"Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы"
" ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН МЕКТЕП БОСАҒАСЫНАН БАСЛАНАДЫ"
Қоңырат районы "Жиңишке"мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 43-санлы мектептиң 540 орынға мөлшерленген имаратыниң қурылысы жедел пәтлерде алып барылмақта.
Инвестиция бағдарламасына муўапық алып барылып атырған сметалық баҳасы 9 млрд 342 млн 859 мың 151 сум болған қурылыс-реконструкция жумыслары "Нөкис конструкция қурылыс"ЖШЖниң қолы гүл қурылысшылары тәрепинен әмелге асырылмақта.
-Қурылысшылардың жумыс ислеўи ушын барлық шараятларымыз жетерли.Мектептиң қурылыс- реконструкция жумысларын мүддетинен алдын питкерип, 1-декабрьге пайдаланыўға тапсырыўды режелестиргенбиз,-дейди ЖШЖ прорабы Қуралбай Мамбетрзаев. Халық депутатлары районлық кеңеси депутаты А.Нурыллаев ҳәм мәҳәлле белсендилери қурылыстың барысы менен танысты.
Әлбетте, жақын күнлерде пайдаланыўға тапсырылатуғын бул заманагөй жаңа мектеп аймақ халқының перзентлери ушын жаңа имканиятлар есигин ашады.