Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыздағы мектеп директорлары менен ушырасты
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев билимлендириў тараўын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдарда жол қойылып атырған кемшиликлер әтирапында пикирлесиў, сондай-ақ, орынлардағы мектеплер басшыларының пикир-усынысларын тыңлаў мақсетинде республикамыз аймағындағы мектеп директорлары менен ушырасты.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары билимлендириў системасын жаңаша раўажландырыўға, муғаллимлердиң жəмийеттеги абырайын арттырыўға, оларды руўхый ҳəм материаллық қоллап-қуўатлаўға, жасларды ҳәр тәреплеме билимли етип тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Соңғы бес жылдың ишинде улыўма билим бериў мектеплери саны 706 дан 722 ге артып, питкериўшилердиң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткиши 14,2 процентен 41,8 процентке жеткерилди. Қәбилетли жасларымызды оқытыў системасын еле де жетилистириў мақсетинде аймағымызда Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги системасындағы 18 қәнигелестирилген мектеп ҳәм мектеп-интернатлары шөлкемлестирилди.
Өткерилген ушырасыўда жаратылып берилип атырған усыншама имканиятларға қарамай, тараўда шешимин күтип турған бир қатар машқалалар да бар екенлиги айрықша тилге алынды, айырым мәселелер сын көз-қараста талқыланды.
Буннан соң мектеп директорлары өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.
Ҳәр бир көтерилген мәселе белгилеп алынып, шешимин табыў бойынша барлық зәрүрли илажлар көрилетуғынлығы атап өтилди.
Ашық-айдын пикирлесиў түринде болып өткен ушырасыўда тараўды раўажландырыў ҳәм бар болған машқалаларды шешиў бағдарында ўазыйпалар белгилеп алынды.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

⚡️"Аўыр аймақ"лар "Абат мәҳәлле"ге айналады
Қоңырат районындағы "Рәўшан"аўыл пуқаралар жыйынында "Абат шаңарақ","Абат көше" ҳәм "Абат мәҳәлле"принциплерин енгизиў ,аймақтың инфраструктурасын жақсылаў,халықтың бәнтлигин тәмийнлеў бойынша кең көлемли жумыслар баслап жиберилди.
Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы тийкарында дүзилген Республика исши топарының "Рәўшан"аўыл пуқаралар жыйынындағы искерлиги "Абатлық кеўилден басланады"деген шынлықтың әмелдеги көриниси болмақта.
Өзбекстан Республикасы Кәмбағаллықты қыскартыў ҳәм бәнтлик министри орынбасары Р. Турдибаева, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары,Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедовалар "Рәўшан"аўылына "Абат шаңарақ","Абат көше " ҳәм "Абат мәҳәлле" принциплерин енгизиўде жуўапкер болған тараў ўәкиллери менен ушырасты.Аймақ халқының турмыс абаданлығын асырыўға қаратылған илажларды өз мүддетлеринде орынлаў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Президент Шавкат Мирзиёев Душанбеда Тожикистон Президенти Эмомали Раҳмон билан учрашув ўтказди ҳамда Марказий Осиё давлатлари раҳбарлари саммитида қатор муҳим ташаббусларни илгари сурди
—
Президент Шавкат Мирзиёев провел встречу с Президентом Таджикистана Эмомали Рахмоном и выдвинул ряд важных инициатив на саммите глав государств Центральной Азии в Душанбе
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter