QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.5K subscribers
49.8K photos
5.39K videos
31 files
15.5K links
Download Telegram
Президент Шавкат Мирзиёев Самарқанд шаҳридаги Ҳазрати Хизр мажмуасига ташриф буюриб, Ислом Каримов мақбарасини зиёрат қилди. Қабр пойига гул қўйиб, Биринчи Президентимиз хотирасига ҳурмат бажо келтирди.

Президент Шавкат Мирзиёев посетил мавзолей Ислама Каримова в комплексе Хазрати Хизр в Самарканде и отдал дань уважения памяти Первого Президента, возложив цветы к его могиле.

#Mirziyoyev #marosim #xotira #BirinchiPrezident

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
#рәсмий_жуýап

⚡️Қоңырат районы ҳәкимлигиниң рәсмий жуýабы

Социаллық тармақларда Қоңырат районы орайындағы Низамий ҳәм Әжинияз көшелериндеги 11-санлы мектепке шекемги билимлендириý шөлкеминиң ҳәм 37-санлы улыўма билим бериў мектебиниң әтирапына тезликти шеклеў ҳәм пиядалар өткели қурылмағанлығы бойынша жәрияланған мүрәжат тийисли тараý ýәкиллери менен биргеликте үйренип шығылды.

Бул мәселе бойынша Қоңырат районлық жоллардан пайдаланыý мәмлекетлик шөлкеминиң жуýабы төмендегише:

Қоңырат районы жоллардан пайдаланыý мәмлекетлик шөлкеми тәрепинен 4H 36 aвтомобиль жолы Қарақалпақстан көшеси "Туран"(11-санлы МШБШ жанында),"Бостан","Гүлабад","Наýайы","Азатлық","Қоңырат" мәкан пуқаралар жыйынларының аймақларынан өтиýши автомобиль жолына кемис жол белгилери орнатылып,жатық жол сызықлары,пиядалар өтиý орны сызықлары сызылғанлығын,4H 79 автомобиль жолында жайласқан 37-санлы мектеп алдына кемис жол белгилери орнатылғанлығын мәлимлейди.

Қоңырат  районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/qongiratrkuz
Forwarded from OAV uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🏃🏻Юртимизнинг 16 шаҳрида Мустақиллик байрамига бағишланган "Yangi Nafas" оммавий югуриши ташкил этилади

📢 3 сентябрь куни соат 06:30 да
Ўзбекистон Республикаси давлат мустақиллигининг 32 йиллигини нишонлашга бағишланган оммавий спорт мусобақаси бўлиб ўтади.

Мамлакатимизнинг ҳар бир вилоят ва Қорақалпоғистон Республикасида барча ёшдаги профессионал спортчилар, соғлом турмуш тарзи ихлосмандлари кенг кўламли спорт ҳаракатига қўшилишлари мумкин бўлади.
"Саӯап истиң ерте кеши жоқ" дегениндей – бүгин ғәрезсизлик байрамының кейпиятында ҳалықтың жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуӯатлаӯ мақсетинде Өзбекстан экологиялық партиясы Қоңырат районлық кеңеси басламасы менен партиядан сайланған Аллияров Бахтияр Қурбанбаевич, Бужабаев Қанат Мусатаевич пенен биргеликте «Хәким ата» МПЖ турғыны М.Жаңабаева аýыр шараятқа түсип қалғанлығы себепли,толық питпеген имаратының еки бөлмесин поллап бериӯ бойынша мүрәжаты үйренилип, аймақ депутаты Б.Аллияров тәрепинен оңлаӯ жумыслары алып барылмақта. Қосымша жәрдем сыпатында депутат Қанат Бужабаев азық-аӯқат өнимлерин берди.Буннан тысқары «Алмазар» МПЖ да жасаӯшы,ата-анасы бийдәрек кеткен майыплылығы бар болған ақлық баласына ғамхорлық етип отырған А.Аңсатбаеваға да Қ.Бужабаев тәрепинен азық-аӯқат өнимлери берилди. Жақсылық инсанды ҳәмийше кәмилликке жетелейди.Хәр биримизге ҳәр күни саӯаплы ислердиң басында турыӯ несип етсин!

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

➡️@qongiratrkuz
#online
#Жаңа_өмир_ушын_жаңа_Өзбекстан_ушын

  Қоңырат районы "Қашы" мәкан пуқаралар жыйынында нураный аналар,өрнекли ҳаяллар ҳәм көше басы ҳаяллардың қатнасыўында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтпекте. "Жаңа ѳмир ушын, Жаңа Ѳзбекстан ушын!" деген идеяны ѳзинде жәмлеген,"Ҳаял бахытлы болса—шаңарақ бахытлы, шаңарақ бахытлы болса —жәмийет бахытлы болады"деп аталған илаж даýамында мәҳәлледеги үлгили шаңарақ бийкелери ,кейýаны аналар өмир тәжирийбелеринeн гүрриң етип, халқымыздың миллий үрп-әдет,дәстүрлерин қәдриятларын жасларға ибрат етип көрсетпекте. Көп миллетли халқымыздың миллий дәстурлери көрсетилип, миллий тағамлар таярланбақта. Илаж даýамында атқарылған йошлы миллий намалар,аяқ ойынлар илаж қатнасыýшыларына үлкен заўық инам етпекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉@qongiratrkuz