QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.2K subscribers
45.7K photos
4.78K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
"Иранлылардың аўышлығын тәкирарламаң. Ямаса, перекись водорода ишкиси келип жүргенлерге"
https://t.iss.one/makan_uz/9024 материалында сайт журналисти пүткил бир миллетти "аўыш" деп атағаны жетпегендей, материалда "перекись водорода" (тиккелей русша алынған, оны водород пероксиди ямаса перекиси деп алыў керек), "врач" (бул да русша сөз, қарақалпақшасы шыпакер болады) сыяқлы сөзлерден пайдаланады. Және бир қызық тәрепи, автор материалда келтирген силтемедеги русша материалда иранлылар ҳаққында бирде-бир сөз жоқ. makan.uz дағы материал темасында "иранлылардың аўышлығын" тәкирарламаўға шақырылса да, материал текстинде иранлылардың водород пероксидин ишкенлиги ҳаққында я факт, я бир аўыз сөз таба алмадым. Пикиримше, автор март айында тарқалған иранлылардың коронавирустан емлениў мақсетинде метанол - метил спирти ишиўиниң ақыбетинде жүзлеген адам набыт болғаны ҳаққындағы хабарларды (https://officelife.media/amp_news/15637-in-iran-hundreds-of-people-die-from-methanol-because-of-the-fakes-that-alcohol-cures-coronavirus/) нәзерде тутқан болыўы мүмкин. Бирақ водород пероксиди басқа, метанол басқа. ("Сонда сен водород пероксидин ишиўге болады, дейжақсаң ба?" деп келиспейтуғын сораў бермекши болғанлар дыққатына: яқ, мен буның менен водород пероксидин ишиўге болады демекши емеспен. Мен материалды таллап атырман) Айтпақшы болғаным, журналист жазып атырған материалындағы ҳәр бир гәпке, сөзге жуўапкер екенин билиўи керек. Айрықша атап өтиў тийис, басқа миллетти аўыш деп атаў журналисттиң я кәсиплик, я инсаныйлық принциплерине дурыс келмейди. Оның орнына "Иранлылардың қәтесин..."деп жазылғанда мақсетке муўапық болатуғын еди.

"Велик пенен жумысқа барыўға болады..." https://t.iss.one/makan_uz/9042 материалы болса, буннан бир неше күн алдын тил ҳаққында күйип-писип жазған адамның материалы екенине исенгиң келмейди. Материалдағы "велик", "налог" сөзлери қарақалпақша сөз болса, мен тилди улыўма билмеген-ақ болайын. Және бир айта кететуғын жери, makan.uz сайтының провокациялық материал жазатуғынын тән алғысы келмей атырғанлар, сайт не жазса да дурыс дейтуғынлар усы материалдағы "Шашты алдырыў керек. Бирақ бас та кетеди" деген сөзге ҳәм Бердақ бабамыздың "Салық" қосығын келтиргенине итибар қаратыўын сорайман. Дурыс, пандемия себепли қатаң қағыйдалар енгизилип атыр. Бирақ, бул қағыйдалар өзлеримиздиң қәўипсизлигимиз ушын екенин түсингиси келмеген автордың басқаларға да бул қағыйдалардың "бас алыў" мақсетинде енгизилгенин айтпақшы болғанын, изинен "Салық" қосығын тиркеў арқалы Президентимиз тәрепинен пандемия дәўиринде бир қатар салық жеңилликлери берилип атырғаны бийкар екенин, халық Бердақ бабамыздың заманындағыдай салықтан қыйналып атырғанын айтпақшы болғанын провокация деп атаўдан басқа илажымыз жоқ.
Оннан басқа материалларда да айырым сөзлер қәте жазылғаны ҳәм елеге дейин дурысланбағаны итибарсызлық ақыбетинде болыўы мүмкин екенлигин есапқа алып, оларға толық тоқталып отырмаймыз. (Сүўретлерде көрсетиледи)

makan.uz сайты журналистиниң барлық баспасөз хаткерлерин ана тилимизди ҳүрмет етиўге шақырып, оны өзи менсинбегенин, кейинги материалында болса "Жоқарғы Кеңес баспасөз хызмети халық ушын әҳмийетли болған мағлыўматларды еки тилде теңдей шығарып баслады!" деп Жоқарғы Кеңестиң алдынлары да материалларды еки тилде жәриялап келгенин итибарға алмай, makan.uz дың сынынан кейин еки тилде шығарды деген мазмунда пикир билдириўин не деп айтыў мүмкин?

"Мақтаған қыз тойда..." деген екен баяғыда биреў. "Тилимиздиң қорғаўшысы" болған "журналист"ти қоллап-қуўатлаўшылар не ушын жоқарыдағы материалларда тилимиздиң бузылып атырғаны ҳаққында ҳеш нәрсе демедиңиз? Ямаса жеке сайтында ҳәр ким қәлегенин жазады деген қағыйда бар ма? Егер ол блогер болса түсинер едим. Ол мәлимлеме тарқатыўшы статусына ийе сайт журналисти(!).

Мен де оқыўды питкерип, он жыл даўамында журналист сыпатында иследим. Мен де журналистиканың қандай аўыр кәсип екенин, журналистлерге қыйын екенин билемен.

Мен де кәсиплеслеримниң жетискенлигинен қуўанаман, басына тәшўиш түссе қапа боламан.

Бирақ қалыслық, әдиллик бузылған жерде шыдап тура алмайман, тек өзиниң мәпин ойлайтуғынларды, жыңғыл десе, қырғын, деп тек шаўқым шығаратуғынларды, үйинде ямаса офисинде ыссы кофени уртлап отырып, ойына не келсе соны жазатуғынларды журналист, деп есапламайман.

Баспасөз хаткерлерин арсызлықта, намыссызлықта айыплаўшылар бир нәрсени билип қойың, олар Ана Ўатанын, ана тилин сизлерден артық жақсы көриўи мүмкин, ҳасла кем емес.

Мениң бул жазғанларыма қандай пикир билдириўди өзлериңиз шешесиз, әлбетте. Бирақ пикирлериңизди ҳүждан, инсап тәрезилеринде бир өлшеп алып, кейин билдиресиз, деген үмиттемен.


Ҳүрмет пенен Б.Айтмуратов
Районымыздағы 36-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 8 В класс оқыўшысы Оракбаев Парахат уй қапталы жерине егин егиўге таярлап ата-анасына жәрдем бермекте.

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
Районымыздағы 36-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 9 В класс оқыўшылары Аўелбаев Хасан ҳәм Аўелбаев Хусанлар өзлериниң бос уақытларында уй әтырапларын тазалап, егин егиўге таярлап, үй жумысларына жәрдем берип атыр.

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
Forwarded from 67 studio
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ Вазирлар Маҳкамаси ҳузуридаги Санитария-эпидемиология назорати давлат инспекцияси бошлиғи Нурмат Отабеков иштирокида брифинг

1-Савол. Биз денинфекция станцияларига мурожаат қилиб аниқ жавоб ололмаяпмиз. Айтингчи, уйимизнинг кимнинг ҳисобидан бир ҳафтада, бир ой, бир йилда нечи маротаба дезинфекция қилдиришимиз керак бўлади?
© UzReport.news

Каналга уланиш https://t.iss.one/studio_67
Forwarded from 67 studio
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ Вазирлар Маҳкамаси ҳузуридаги Санитария-эпидемиология назорати давлат инспекцияси бошлиғи Нурмат Отабеков иштирокида брифинг

2-Савол. Хоразмдаги ҳарбий қисмга эпидемиологик вазият ёмон ерлардан одамларни келтиришгани ҳақида хабарлар бор. Кейин карантиндагилар орасида касаллик юқтириб олиш ҳолатлари кузатилган. Бу нима билан тугади (рус тилида)?
© UzReport.news

Каналга уланиш https://t.iss.one/studio_67
Forwarded from 67 studio
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ Вазирлар Маҳкамаси ҳузуридаги Санитария-эпидемиология назорати давлат инспекцияси бошлиғи Нурмат Отабеков иштирокида брифинг

3-Савол. Нега карантинда 4 киши битта хонада жойлаштириляпти? Улар орасида биттаси касал бўлса бошқаларга ҳам юқадими? Бу аҳволда карантин муддати янги аниқланган ҳисобига кўпайиб кетадику, нега оммавий тест ўтказиб бўлмайди? Бу саволни расмий “Koronavirus Info” каналига ҳам роса юбордим, лекин жавоб ололмадим.
© UzReport.news

Каналга уланиш https://t.iss.one/studio_67
Forwarded from 67 studio
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ Вазирлар Маҳкамаси ҳузуридаги Санитария-эпидемиология назорати давлат инспекцияси бошлиғи Нурмат Отабеков иштирокида брифинг

4-Савол. Карантин даври ҳолатидан келиб чиқиб бугунги кунда стоматология хизматидан қандай фойдаланиш борасида маслаҳат берсангиз. Туман марказидаги стоматология хизматида зарур шароитлар йўқ. Шаҳарга боришга машина ва бошқа транспортлардан фойдаланишга имкон йўқ.
© UzReport.news

Каналга уланиш https://t.iss.one/studio_67
Forwarded from 67 studio
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ Марказий Банк департаменти директори ўринбосарри Акмал Назаров иштирокида брифинг

1-Савол. Мен банк офисидан узоқроқда яшайман. Уйимга яқинроқ жойда банк инфратузилмаси - банкомат, валюта айрибошлаш шаҳобчаси, касса мавжуд эмас. Карантин туфайли банкка транспорт орқали бориш имкони йўқ. Сайёр банк хизматларини ташкил этса бўладим?
© UzReport.news

Каналга уланиш https://t.iss.one/studio_67
Forwarded from 67 studio
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ Марказий Банк департаменти директори ўринбосарри Акмал Назаров иштирокида брифинг

2-Савол. Пенсия пулларини қандай қилиб банк карталари орқали олиш йўлини айтиб ўтсангиз. Уйда туриб банк картасини очиш мумкинми?
© UzReport.news

Каналга уланиш https://t.iss.one/studio_67