QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.6K photos
4.91K videos
27 files
14.2K links
Download Telegram
Sporttıń stol tennisi túrinen "Salıq inspekciyası baslıǵı kubogı" jarısı ótkerildi

🏓 Búgin Qońırat rayonı 47-sanlı ulıwma bilim beriw mektebinde jaslardıń bos waqıtların mazmunlı ótkeriw maqsetinde sporttıń stol tennisi túrinen "Salıq inspekciyası baslıǵı" kubogı sport jarısı ótkerildi. Jarıs qızǵın bellesiwlerge bay tárizde ótti hám 39 máhálleden eń kúshli sportshı jaslar qatnastı.

🔹Jarıs juwmaǵında jeńimpazlar shólkemlestiriwshiler tárepinen diplom hám estelik sawǵaları menen sıylıqlandı.

Kanalımızǵa aǵza bolıń
https://t.iss.one/qongiratrkuz
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

❗️ Қоңырат районы Электр тармақлары кәрханасы ескертеди:

2023-жыл 2-август күни "Киет"Апж аймағында 37-санлы трансформатор пунктинде,"Азатлық"МПЖ аймағында 12-санлы трансформатор пунктинде,"Бостан"МПЖ аймағындағы 98-санлы трансформатор пунктинде,"Санаат"МПЖ аймағындағы 206-санлы трансформатор пунктлеринде киши оңлаý жумыслары алып барылыýына байланыслы бул аймақларда саат 9:00ден баслап 18:00 аралығында электр энергиясы менен тәмийнлениý ýақтынша тоқтатылады.

@qongiratrkuz
📣 ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР! 

🇺🇿Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Исбилерменлерди  ҳәр-тәреплеме қоллап қуўатлаў, олардың нызамлы мәплерин қорғаў ҳәм машқалаларын шешиўге кѳмеклесиў мақсетинде call-center өз искерлигин алып бармақта:

☎️ +998 (61) 222-15-02 
☎️ +998 (61) 222-05-95

❗️Егер, Сизде бизнеске тийисли сораўлар, шешилмей атырған машқалалар бар болса, жоқарыда кѳрсетилген телефонларға  қоңыраў етип, хабарласыўыңыз мүмкин.

🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/QR_Chamber
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қоңырат районы «Өрнек» аўыл пуқаралар жыйынына жаңадан ишимлик суў тармағы тартылып атыр

Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен орынларда өткерилген көшпели қабыллаўларда билдирилген мүрәжатлар, көше бийлериниң көтерген мәселелери тийкарында Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ушын 329,7 млрд. сум қаржы ажыратылған еди. Бул қаржылар тийкарында мәҳәллелердеги инфраструктура объектлеринде қурылыс-оңлаў жумысларын алып барылып атыр.

Соннан, Қоңырат районында 10 объектте 18,9 млрд. сумлық қурылыс жумыслары баслап жиберилди. Усы тийкарда райондағы "Өрнек"аўыл пуқаралар жыйынындағы "Татыý"ҳәм "Ўатанласлар" көшелери турғынларын бир неше жылдан бери қыйнап киятырған таза ишимлик суў тәмийнаты машқаласы 2,6 км узынлықтағы ишимлик суў тармақларын жаңадан тартыў арқалы сапластырылатуғын болды. Қурылыс-монтаж жумыслары тез арада сапалы жуўмақланып, аймақтағы 70 хожалықтың ҳәм районлар аралық туберкулёзге қарсы гүресиў диспансериниң таза ишимлик суўына болған талабы қанаатландырылады.

Пуқараларымыздың күнделикли турмыс тәризине тәсир етип турған машқалалардың сапластырылыўы халықтың ертеңги күнге деген исениминиң артыўына себеп болмақта.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Нөкис районы ҳәкими тайынланды

Усы жылдыӊ 2-август күни халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезексиз жетпис биринши сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда район ҳәкими лаўазымына Заитов Зияуатдин Имаматдиновичти тайынлаў мәселеси көрип шығылды.

Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап, шығып сөйледи.

Сессияда Заитов Зияуатдин Имаматдинович Нөкис районы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды.

Өз гезегинде З.Заитов өзине билдирилген исенимди ақлаўға, билим ҳәм тәжирийбесин районды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламын материаллық қоллап-қуўатлаўға, халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыўға, исбилерменликти раўажландырыў арқалы қосымша жумыс орынларын жаратыўға жумсайтуғынлығын билдирди.

Усыныӊ менен халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезексиз жетпис биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Мағлыўмат ушын, Заитов Зияуатдин Имаматдинович усы күнге шекем Шымбай районы ишки ислер бөлими баслығы, Нөкис қаласы ишки ислер бөлими баслығы, Қоңырат районы ҳәкими, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары, Нөкис қаласы ишки ислер органлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы баслығы лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барған.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
1- августтан баслап Өзбекстанда нелер өзгереди?

Жасларға компьютер сатып алыў ушын субсидия өз алдына ашылған банк картасына өткериледи, ата-аналардың перзентиниң тәлими ушын төлеген пуллары дәрамат салығынан азат етиледи, поликлиникаларда суицидолог, психотерапевт штатлары ашылады1- августтан баслап нызамшылықта нелер өзгереди?

Толық көриў👉видеода

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
https://kknews.uz/kk/160462.html
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ үшинши жалпы мәжилисиниң ашылыўы ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ үшинши жалпы мәжилиси 2023-жыл 4-август күни саат 10:00 де Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенатының мәжилислер залында өз жумысын баслайды.

Жалпы мәжилис видеоконференцбайланыс түринде усы жылдың 4-5-август күнлери өткерилиўи режелестирилген.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей жарытылып барылады.

ӨзА

https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng

https://t.iss.one/qongiratrkuz
Бугун Президент Шавкат Мирзиёев Тошкент вилоятига ташриф буюради. Йирик саноат мажмуалари ва спорт объектлари билан танишиш, янги корхоналарни ишга тушириш режалаштирилган.

Шунингдек, камбағалликни қисқартириш, аҳоли бандлигини таъминлаш ҳамда маҳаллий бюджет даромадларини кўпайтириш чора-тадбирлари юзасидан видеоселектор йиғилиши ўтказилиши кутилмоқда.

Бүгин Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятына келеди.
Ири санаат комплекслери ҳәм спорт объектлери менен танысыў, жаңа кәрханаларды иске қосыў режелестирилген.

Сондай-ақ, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жергиликли бюджет дәраматларын көбейтиў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилиўи күтилмекте.

Сегодня Президент Шавкат Мирзиёев посетит Ташкентскую область. Предусматривается ознакомление с крупными промышленными комплексами и спортивными объектами, запуск новых предприятий.

Также ожидается проведение видеоселекторного совещания по мерам сокращения бедности, обеспечения занятости населения и увеличения доходов местного бюджета.

Facebook|Instagram|Twitter
#тәкирарий_егин

Қоңырат районындағы барлық фермер хожалықларында ғәлледен босаған майданлар сабаннан тазаланып,шүдигарланып,
жумыссыз ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларға тәкирарий егин ушын ажыратып берилди.
Ҳәзир ғәлледен босаған далаларда тәкирарий егин егиý жуýмақланған.Ендиги ýазыйпа- егилген гешир,мәш,помидор,брокколи сыяқлы егинлерге өз ýақтында агротехникалық тәрбия илажларды өткериý.Бул бағдардағы жумыслар райондағы"Қоңырат"аýыл пуқаралар жыйыны аймағындағы фермер хожалықларында да қызғын алып барылмақта.
Жерден мақсетке муўапық пайдаланыý халықтың бәнтлигин, базарларымыздың арзаншылығын тәмийнлеýге тийкар жаратады.

➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
Қоңырат районы – Вакансия (02.08.023).pdf
6.5 MB
#Қоңырат_Вакансия

2023-жылдың 2-август сәнесине Қоңырат районында жоқары ҳәм орта мағлыўматқа ийе болған пуқаралар ушын 219 бос жумыс орны дизимге алынды.

Жоқарыдағы дизим арқалы жумыс бериўшилер, байланысыў телефонлары ҳәм айлық мийнет ҳақылары менен танысыўыңызға болады.

Каналға ағза болыў: @QR_bantlik

Telegram 📍Instagram 📍Facebook 📍 Twitter
Әмиўдәрьяның төменги бөлиминде суýдың азайып кеткенлигине  байланыслы суýды көп талап ететуғын салы сыяқлы егинлерден  ýаз кешилип,оның орнына суýды азырақ талап ететуғын басқа егинлерди егиýге айрықша итибар қаратылмақта.
  Қоңырат районындағы "Мийнетабад"аýыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Махамбетниязов Ерлан басқарған "Ербол шарýа"фермер хожалығында
да бурын салы егилген майданларға қаýын-ғарбыз егилип,базарларымыздың арзаншылығына ерисилмекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz