QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.9K subscribers
46.2K photos
4.87K videos
27 files
14K links
Download Telegram
Қоңыратлы мийнеткешлер шаңарағы ҳаққында билесизбе?...
QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
Қоңыратлы мийнеткешлер шаңарағы ҳаққында билесизбе?...
Мәмлекетимизде шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, әсиресе, халықтың қыйтақ жерден үнемли пайдаланыўын қоллап-қуўатлаўға қаратылған айрықша итибар жоқары нәтийжелерди бермекте.

Қоңырат районында да усындай итибар нәтийжесинде қыйтақ жерден үнемли пайдаланып, базарларымыз молшылығы ҳәм арзаншылығына мүнәсип үлес қосып атырған заманласларымыз көпшиликти қурайды. Қоңырат районы Алмазар мәҳәллесиндеги Бөрибаевлар шаңарағы да әйне усындай тынып-тыншымас шаңарақлардан. Шаңарақ баслығы Бөрибаев Сәбит  субсидия тийкарында үй алды қыйтақ жерине ықшам ыссыхана шөлкемлестирип, шаңарақ ағзалары менен биргеликте ҳәр қыйлы палыз өнимлерин қыстың қәҳәрли күнлери де халқымыз дәтүрханына үлесип келмекте.

-Қыстың соңғы күнлери отырғызған нәллеримиз, әйне күнлерде ҳасылға кирмекте. Ыссыханамызда помидор, қыяр ҳәм редиска сыяқлы витаминге бай өнимлерди жетистирдик ҳәм мийнетимизге жараса дәрамат алмақтамыз,-дейди қаҳарманымыз.

Сәбит аға тек дийханшылық пенен шекленип қалмастан, өзиниң бәнтлигин тәмийинлеп ерлер ушын Шаштәрезхана шөлкемлестирип, аймақ турғынларына хызмет көрсетпекте.


Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
Ишки жоллар қурылыс барысынан көринислер

Тарийхтан белгили болғанындай, жол салыў, көпир қурыў-ең саўаплы әмеллерден саналады. Пуқаралардың узағын жақын, аўырын жеңил қылыўда ишки жоллардың әҳмийети оғада жоқары. Сонлықтан да елимизде ишки жолларды жаңадан қурыў ҳәм реконструкция қылыў жумысларына айрықша итибар қаратылмақта.

Президентимиз тәрепинен мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў, жаңадан ишки жолларды салыў ҳәм реконструкция қылыў бойынша бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Соған муўапық республика масштабында мәҳәллелердеги ишки жолларды оңлаў ҳәм реконструкция қылыў жумыслары даўам етпекте.

Районымыздағы «Алмазар» МПЖ аймағындағы көшелерде оңлаў жумыслары алып барылып, ҳәзирги күнде жолларға ЩПС (қум-щебень араласпасы) төсеў жумыслары қызғын пәтлер менен әмелге асырылып, мәҳәлле орайындағы көшелер асфальт төсеў ушын таяр ҳалатқа келтирилди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱
@qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
"Алмазар" мәкан пуқаралар жыйынында ишки жолларды оңлаў жумыслары қызғын даўам етпекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱
@qongiratrkuz
Қыйтақ жер-Дәрамат дереги

"Мийнет түби рәҳәт",- дейди дана халқымыз. Ҳақыйқатында да, өзлериниң қыйтақ жерлеринде аянбай мийнет етип, мийнетиниң рәҳәтин көриў, инсанға өзгеше бир заўық бағышлайды.

Ҳәр жылы қыйтақ жеринде мийнет етип, мийнетиниң нәтийжесинде мол өним ҳәм дәрамат алып атырған заманласларымыз арамызда көпшиликти қурайды.

Қоңырат районы Қаңлы аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Базарбаев Муратбай ата да топырақ пенен тиллесип, қыйтақ жерден мол өним алып атырған дийқанларымыздан. Ол өзиниң жасаў үйи аймағындағы 1 сотых қыйтақ жерине ыссыхана қурып, помидор, қыяр ҳәм редиска сыяқлы витаминлерге бай палыз өнимлерин жетистирмекте.

Қаңлы мәҳәллеси әзелден дийханлар, бағманлар елаты болып келген. Аймақтағы бир қанша  шаңарақлар өзлериниң қыйтақ жерлеринде бағшылықты да жолға  қойып, шаңарақ ағзаларының бәнтлигин тәмийинлеп келмекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

📱@qongiratrkuz