QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
9.29K subscribers
45.4K photos
4.73K videos
27 files
13.7K links
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Шүкиршилик_сезимлери

 Қоңырат районындағы бәрше пуқаралар жыйынларында Ораза айы мүнәсибети менен аýызашар дәстурханы жайылып, қайыр-сақаýатлық илажлары даýам етпекте.
Бундай меҳир ҳәм итибардан пуқаралар қуўанышқа бөленип, шүкиршилик сезимлерин билдирмекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Шүкиршилик_сезимлери

 Қоңырат районындағы бәрше пуқаралар жыйынларында Ораза айы мүнәсибети менен аýызашар дәстурханы жайылып, қайыр-сақаýатлық илажлары даýам етпекте.
Бундай меҳир ҳәм итибардан пуқаралар қуўанышқа бөленип, шүкиршилик сезимлерин билдирмекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱@qongiratrkuz
Мүбәрек рамазан айында саўаплы ислер даўам етпекте

Районымызда мүбәрек рамазан айы мүнәсибети менен аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны аймақларында  район ҳәкимлиги тәрепинен аўыз ашар дастурханлары жайылмақта. Усы жылдың 6-апрель күни "Үстирт" АПЖ аймағында жасаўшы социаллық дәптерлер дизиминдеги ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын аўыз ашар дәстурханы жайылды.

Жыйналғанларды район ҳәкимлиги, диний тараў ўәкиллери ҳәм басқалар жаңа айдың басланыўы менен қутлықлап Ораза тутып,  парызын орынлап,  елимиз раўажланыўына тилек билдирип атырған барлық мүмин мусылманларға тилеклери қабыл болыўларын тиледи.
Жыйналғанлар бундай саўаплы ислер ушын Президентимизге өзлериниң шексиз миннетдаршылықларын ҳәм шүкираналықларын билдирди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉
@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#befarqemasman

Умида Раҳмонова, Олий Мажлис Қонунчилик палатаси депутати:

— Янгиланаётган Конституцияда аёлларнинг ҳомиладорлигини ёки туғруқ таътилига чиқишини рўкач қилиб ишга қабул қилмаслик ҳолатларига бутунлай чек қўйилади. Албатта бу ҳуқуқий демократик давлат учун ҳар бир инсоннинг тенг ҳуқуқли бўлиши, эркак ва аёлларнинг ривожланиши учун тенг имконият яратишнинг энг муҳим асоси деб биламан.

Мен жамиятимиздаги аёлларнинг ўқиши, билим олиши, ўз устида ишлаши, илмий иш қилиши, раҳбарлик лавозимларига тайинланиши учун тенг шароит яратиб беришни кафолатлаётган - Янгиланаётган Конституциямизга бефарқ эмасман! Албатта 30 апрель куни референдумда оилам билан биргаликда келажагимиз учун овоз бераман ва Сизни ҳам референдумда фаол бўлишга чақираман.

YouTube | Instagram | Facebook | Telegram | TikTok | Twitter
Оқыўшы жаслардың әскерий таярлығы ҳәм Ўатанға сүйиспеншилик сезимлери артпақта

Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында 2020-жыл 20-ноябрь күни өткерилген мәжилисте 11-класс оқыўшыларының Шақырыққа шекемги басланғыш таярлық пәнинен алған теориялық билимлерин беккемлеў мақсетинде әмелият, яғный оқ атыў бойынша оқыў-шынығыўларын өткериў белгиленген еди.

Усы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги менен Халық билимлендириў министрлигиниң қоспа қарары қабыл етилип, усы қарар тийкарында быйылғы жылда Қарақалпақстан Республикасы бойынша 11-класстың жәми 8 мың 700 оқыўшысы арасында оқ атыў бойынша оқыў-шынығыўларын өткериў, сондай-ақ, жәмлеспеген жаслар менен мәдений ҳәмде психологиялық илажлар шөлкемлестириў белгилеп алынған.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Арқа-Батыс əскерий округиниң жаўынгерлик полигонына барып, 11-класс оқыўшыларының әскерий оқыў-шынығыўлары менен жақыннан танысты.

Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, соңғы жыллары Ҳүрметли Президентимиз – Қураллы Күшлеримиздиң Жоқары Бас сəркардасы тəрепинен елимиздиң қорғаныў потенциалын күшейтиў, қураллы күшлеримиздиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, əскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик таярлығын арттырыў, оларға ҳəм шаңарақ ағзаларына барлық қолайлы шараятлар жаратыў, жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мәселелерине үлкен итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти. Сондай-ақ, оқыў-шынығыўларында билим-көнликпелерин арттырып атырған жасларға табыслар тиледи.

Оқыў-шынығыўлары барысында жасларымыз әскерий техникалар менен жақыннан танысып, оқ атар қуралларынан пайдаланыў көнликпелерин өзлестирмекте. Соның менен бирге, оқыў-шынығыўлары барысында оқыўшылардың әскерий билимлерин беккемлеў бойыншада бир қатар көргизбели шынығыўлар шөлкемлестирилген.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Үгит-нәсият илажы даўам етпекте

Бүгин Қоңырат районы ҳәкимлиги мәжлислер залында "Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында"ғы  Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамы жойбарының мазмунын халыққа түсиндириў мақсетинде үгит-нәсият илажы болып өтти.

Илажға Қарақалпақ мәмлекетлик университети Миллий ғәрезсизлик идеологиясы кафедрасы доценти Ж.Сагындыков, район ҳәкиминиң биринши орынбасары Ж.Сейтмуратов, профилактика инспекторлары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери, жаслар жетекшилери ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Илаж даўамында Қарақалпақ мәмлекетлик университети Миллий ғәрезсизлик идеологиясы кафедрасы доценти Ж.Сагындыков қатнасыўшыларға жаңаланып атырған Конституцияның мазмуны-мәниси, әҳмийети ҳәм киритилип атырған өзгерислер ҳаққында кеңнен түсиник берди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉
https://t.iss.one/qongiratrkuz