March 20, 2023
Елимизге жаңаланыў, кеўиллерге мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат бағышлаған байрам салтанаты болып өтти
Әсирлер даўамында қəлиплескен Наўрыз – бул халқымыздың гөззал қәдириятларын өзинде жәмлеп, ата-бабаларымыздан бийбаҳа мийрас сыпатында қəстерлеп-сақланып киятырған миллий байрам сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейди. Ол соңғы жыллары ояныў ҳәм жасарыў тымсалы сыпатында халқымыз асығып күтетуғын, шын мәнидеги улыўма-халықлық байрамға айланып келмекте.
Әсиресе, быйылғы жылы бул байрам Ҳүрметли Президентимиз тǝрепинен қабыл етилген арнаўлы Қарар тийкарында пүткил елимиз бойлап «Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында көтериңки руўхта өткерилмекте. Әлбетте, бунда терең мəни бар. Себеби, улыстыӊ уллы күни саналған Наўрыз байрамы инсанлар арасында мийрим-шəпəəтлилик, қайыр-сақаўатлылық орталығын жəне де беккемлеўде, жас әўладты миллий дәстүрлеримиз бенен қәдириятларымызға ҳүрмет, ана-Ўатанымызға садықлық руўхында тәрбиялаўда, өз-ара дослық, аўызбиршилик, миллетлер-аралық татыўлықты жəне де күшейтиўде айрықша орын ийелейди.
Усы жылдың 20-март күни Нөкис қаласындағы И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдындағы майданда улыўма халықлық театрластырылған әдебий-музыкалы хореографиялық байрам тамашасы болып өтти.
Байрам кешесине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, ҳүкимет ағзалары, кеӊ жәмийетшилик ўакиллери қатнасты.
Байрам тамашалары пайтахтымыздағы Жаслар Орайы имараты алында да даўам етип атырған болып, жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте.
Жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы-Наўрыз байрамына бағышланған сейиллер республикамыздың барлық орынларында даўам етпекте.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter