QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.05K subscribers
45.9K photos
4.81K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
Бүгин, Қоңырат районы Баркамал әўлад балалар орайында миллетлерара татыўлық идеясы тийкарында "Көп миллетли бир халықпыз" атамасында руўхый ағартыўшылық илажы өткерилди.

Илаж даўамында Республикамыз аймағында жасаўшы халықлардың миллий аяқ ойынлары ҳәм үрип-әдет дәстүрлерин өзинде сәўлелендирген сахналық көринислер усынылды.
📍https://kungrad.uz/1665.html


Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱
https://t.iss.one/qongiratrkuz
Президент қарары менен Қарақалпақстан Республикасына 293,7 млрд.сум ажыратылды

Аймақларды абаданластырыў, аўыл ҳәм мәҳәллелерде инфраструктура менен байланыслы ең әҳмийетли мәселелерди системалы сапластырыў, атап айтқанда ишки жоллар, ишимлик суўы, электр энергиясы ҳәм газ тәмийнаты, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў мәденият, спорт ҳәм басқада инфраструктура объектлерин жақсылаў, усы тийкарда пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў мақсетинде ϴзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрь сəнесиндеги ПҚ-408-санлы “2022–2023-жылларда мəҳəллелер инфраструктурасын еледе жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққындағы”ғы қарары қабыл етилди.

Усы қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасы ушын 293,7 млрд.сум ажыратылды.

Ажыратылған қаржы тийкарында әмелге асырылатуғын 259 жойбардың мәнзилли дизимлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде додаланып, тастыйықланды. Сондай-ақ, әмелге асырылатуғын 259 жойбар ҳаққындағы мағлыўмат мәҳәллелердиң кириў орынларына жайластырылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

joqargikenes.uz|Facebook|Instagram|Twitter
Президент қарары менен Қарақалпақстандағы мәҳәллелерде 61 ишимлик суўы ҳәм ақаба суў тәмийнаты объектлери оңланады

🖊ϴзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрь сəнесиндеги ПҚ-408-санлы “2022–2023-жылларда мəҳəллелер инфраструктурасын еледе жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққындағы”ғы қарарына тийкар Қарақалпақстан Республикасындағы мәҳәллелерде 61 ишимлик суўы ҳәм ақаба суў тәмийнаты объектлеринде 100,4 млрд. сўмлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

joqargikenes.uz|Facebook|Instagram|Twitter
Қоңырат районы 1-санлы кәсип-өнер мектебинде Кеңпейиллик ҳәптелиги” шеңберинде “Миллетлерара татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик - жәмийет турақлылығының гиреўи” атамасында ушырасыў өткерилди.
👇👇👇
толық оқыў👉 https://kungrad.uz/1656.html

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱
https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Жасыл_мәкан

Бүгин, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде Қоңырат районы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими әтирапларына ҳәр қыйлы мийўе ҳәм декоратив нәллер егилди.

Жойбар шеңберинде әмелге асырылған көклемзарластырыў жумысларына Қоңырат районы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы Е.Турдымуратов ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықлары қатнасты.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱
https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Bizde_subsidiya
Insan qádiri tiykarında baslanǵan hár bir is nátiyjesinde adamlardıń quwanıshına sebep bolmaqta.

«Jaslar dápteri» - imkaniyatlar dápteri

Búgin Qońırat rayonı Mádeniyat bóliminde "Jaslar dápteri" ne kirgizilgen jaslarǵa subsidiya tiykarında ásbap-úskeneler hám miynet quralların tapsırıw máresimi ótkerildi.
Bul ilajǵa Qońırat rayonı sektor basshıları qatnasıp jaslarǵa jaratılıp atırǵan imkaniyatlar haqqında aytıp ótti hám «Jaslar dápteri»ne kirgizilgen 88 jasqa 97,6 million swmlıq subsidiya tiykarında ásbap-úskeneler tapsırıldı.


👉https://t.iss.one/qongiratrkuz