QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.18K subscribers
45.9K photos
4.81K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
🔰Бүгин Қоңырат районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 39-санлы улыўма билим бериу мектебинде Қарақалпақстан хәм Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген билимлендириу хизметкери мийнет қахарманы Хожамберген Иембергеновтың 105 жыллығы белгиленди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Қабыллаў
#Инсан_қәдири_ушын

Мәмлекетимизде Инсан қәдири ушын деген идеяда әмелге асырылып атырған реформалар пуқаралардың турмыс шараятларын жақсылаўға, олардың бүгинги күнинен разы болып жасаўына хызмет етпекте. 

Усы мақсетте Қоңырат районы "Үстирт" АПЖда Қарақалпақстан Республикасы прокурорының орынбасары Ерполат Каипбергеновтың қатнасыўында район Халық қабыллаўханасы ҳәм район прокуратурасы менен биргеликте көшпели қабыллаў болып өтти.

Қабыллаў даўамында пуқаралар мүрәжаты тийкарында
майыплығы бар болған пуқараларға майыплық арбашасы тапсырылды ҳәм жоқары оқыў орынларында шәртнама тийкарында оқып атырған студентлердиң шәртнама пуллары төлеп берилгенлиги бойынша арнаўлы ваучерлер тапсырылды.
Сондай-ақ, қабыллаў даўамында мүрәжатлардың басым көпшилиги сол орынның өзинде үнамлы шешимин тапқан болса, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар бойынша тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Qońırat xalqınıń 5 usınısı "Ashıq byudjet" portalında jeterli dawıs toplap, jeńiske eristi hám mámleketlik byudjetten qarjilandırılıwı belgilendi
Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń 2021-jıl 13-aprel kúngi “Byudjet processinde puqaralardıń belsene qatnasıwın támiyinlew boyınsha qosımsha is-ilajları haqqında”ǵı PQ-5072-sanlı qararı tiykar Ózbekstan Respublikasınıń Qarjı Ministrliginiń   “Ashıq byudjet” portalı  iske túsirilgen edi.

“Ashıq byudjet” portalında dawıs beriwdiń juwmaǵına kóre  Qońırat rayonında  tómendegi 5 usınıs jeterli dawıs topladı hám jeńimpazlar qatarına kirdi.

1. Qońırat awıl puqaralar jıyını aymaǵındaǵı Qorıs boyı hám Hákke awıl aymaǵın taza ishimlik suwı menen támiyinlew usınısı 3297 dawıs penen birinshi orındı,

2. Qańlı awıl puqaralar jıyını Qańlı awılı hám Shamıra awılına ishimlik suwın tartıw usınısı 3224 dawıs penen ekinshi orındı,

3. Xalıq bilimlenidiriw bólimine qaraslı “Barkamal áwlad” balalar orayınıń materiallıq texnikalıq bazasın bekkemlew usınısı 2340 dawıs penen úshinshi orındı,

4. Xalıq bilimlenidiriw bólimine qaraslı 7-sanlı ulıwma bilim beriw mektebine jasalma mini futbol maydanshasın qurıw usınısı 1682 dawıs penen tórtinshi orındı,

5. Mıńjarǵan awıl puqaralar jıyında Saransha aymaǵı hámde O.Ermanov kóshelerin rekonstrukciya qılıw usınısı 1477 dawıs topladı.
🌐https://kungrad.uz/1205.html

Rayonımız turmısına biyparwa bolmay,  dawıs beriw processine belsene qatnasqan  bárshe rayon turǵınlarına rayon hákimligi atınan minnetdarshılıq bildiremiz.

Qońırat rayonı hákimligi Málimleme xizmeti
📱Kanalǵa aǵza bolıń:@qongiratrkuz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев мәҳәллелерде алып барылып атырған абаданластырыў жумыслары менен танысыў мақсетинде Нөкис қаласы аймағындағы "Алтын жағыс" мәкан пуқаралар жыйынында болып, аймақта көшелерди тегислеў ЩПС (қум щебен араласпасын төсеў жумыслары менен жақыннан танысты.

Соның менен бирге аймақ турғынлары менен ушырасып, олардың пикир усынысларын тыңлады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиў бойынша видеоселектор мәжилисин өткерди

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes