ХАЛЫҚТЫ АЙРЫҚША ЖАҒДАЙЛАРДАН ҚОРҒАЎ НЫЗАМ МЕНЕН БЕЛГИЛЕНДИ
“Халықты ҳәм аймақларды тәбиий ҳәмде техноген түсдеги айрықша жағдайлардан қорғаў ҳаққында”ғы Нызам (Өз.РН-790-санлы, 17.08.2022 ж.) Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тастыйықланды.
🔰Нызамға муўапық, айрықша жағдайлар жүз бериў дерегине қарап төмендегилерге бөлинеди:
▫️ тәбиий түсдеги айрықша жағдайлар;
▫️ техноген түсдеги айрықша жағдайлар.
🏢 Айрықша жағдайлар министрлиги айрықша жағдайлардан қорғаў тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымы есапланады.
✅ Пуқараларға айрықша жағдайлар зоналарында ислегенлиги ушын бийпул медициналық хызмет, компенсациялар ҳәм басқада жеңилликлер бериледи.
🔰 Прогноз етилген яки жүз берген айрықша жағдайдың көлеми ҳәм жағдайына қарап мәлим бир аймақта Айрықша жағдайлар мәмлекетлик системасының төмендеги режимлери орнатылады:
🔹 күнделикли режим - мәлим бир аймақта, айрықша жағдайлар жүз бериўи қәўпи болмағанда;
🔹 жоқары таярлық режими - айрықша жағдайлар жүз бериўи қәўпи пайда болғанда;
🔹 айрықша жағдай режими – айрықша жағдайлар жүз бергенде ҳәм айрықша жағдайлар дәўиринде.
🚫 Айрықша жағдайлардан қорғаўға тийисли болған мағлыўматты жасырыў, өз ўақтында бермеў яки биле турып жалған мағлыўмат бериў қадаған етиледи.
❗️Мәмлекет тәрепинен айрықша жағдайлардан қорғаў жағдайы, халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша көрилип атырылған шаралар, прогноз етилип атырылған яки жүз берген айрықша жағдайлар, олардан қорғаў усыллары ҳаққында ғалаба хабар қураллары арқалы халықты өз ўақтында ҳәм исенимли хабардар етилиўи шәрт.
🔘 Айрықша жағдайларды жәрия етиў:
➖жергиликли көлемдеги айрықша жағдайларда – ҳәкимлердиң тийисли қарарлары;
➖республика көлеминдеги ҳәм трансшегаралық айрықша жағдайларда – Ҳүкимет қарары менен әмелге асырылады.
Нызам рәсмий түрде жәрия етилген күннен баслап үш ай мүддет өткеннен соң күшке киреди.
⚠️ Мағлыўмат ушын мәмлекетимизде айрықша жағдайды жәрия етиў айрықша Нызам менен тәртипке салынған.
Қоңырат районы Айрықша жағдайлар бөлими
👉@qongiratrkuz

Бүгин Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы Нызамның мазмун-мәнисин, мақсетин ҳәм оның тийкарғы принциплерин кең жәмәәтшиликке таныстырыў бойынша семинар болып өтти. Семинарға район ҳәкиминиң биринши орынбасары Ж.Сейтмуратов, районлық Юридикалық хызмет көрсетиў орайы баслығы А.Калиев, пуқаралар жыйыны баслықлары, жаслар жетекшилери, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм район хәкимлигиниң жууаплы хызметкерлери сондай-ақ райондағы барлық мәкеме, шөлкем басшылары қатнасты.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz

⚡️Қоңыратта спорттың Гүрес түринен «Прокурор кубоги» болып өтти
Бүгин "Санаат" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 47-санлы улыўма билим бериў мектебинде дзюдо залында мәҳәлледеги жаслар арасында спорттың гүрес түринен «Прокурор кубогы» болып өтти.
Жарысқа Спорттың гүрес түринен 16-30 жас аралығындағы 100ден аслам жаслар қатнасты.
Жарыс жуўмағында сектор баслықлары тәрепинен жеңимпазларға естелик саўғалары тапсырылды.
Бундай жарысларды өткериўден тийкарғы мақсет жаслардың бос ўақытларын бийкар өткермеў, олардың спортқа деген қызығыўшылықларын оятыў арқалы саламат турмыс тәризине қарай бағдарлаў болып есапланады.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉 https://t.iss.one/qongiratrkuz