Forwarded from Prezident matbuot kotibi | Sherzod Asadov
Президент Шавкат Мирзиёев раислигида бўлиб ўтган видеоселектор йиғилишида аҳолини озиқ-овқат маҳсулотлари билан узлуксиз таъминлаш чора-тадбирлари муҳокама қилиниб, амалга оширилиши лозим бўлган устувор вазифалар белгиланди.
Батафсил — юқоридаги #инфографикада
Батафсил — юқоридаги #инфографикада
Дыққат!, Дыққат!
1-июнь-Халықаралық балаларды қорғаў күни байрамы мүнәсибети менен көшпели цирк тамашалары болып өтеди.
Цирк бағдарламасынан дарўаз, масқарабаз, акробат, палўан, дарда өнер көрсетиў, жанглёр ҳәм фокус тамашалары орын алған.
Мәнзил: 1-июнь күни Орайлық парк ишиндеги үлкен футбол майданшасы
Ўақты: 18:00де
Ҳәммени мирәт етемиз!
Келиң!, Көриң!, Кеўилли дем алың!
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉 @qongiratrkuz

Бүгин, 1-июнь-Халықаралық балаларды қорғаў күни
"Халықаралық балаларды қорғаў күни" 1925-жылы Женевада балалар пәраўанлығы бойынша өткерилген дүнья жүзлик конференцияда жәрияланған. Әйне усы сәнеден баслап дүньяның көпшилик мәмлекетлеринде белгиленип келинбекте.
Ғәрезсизлик жылларында елимизде балалар ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўға айрықша итибар қаратылды. Жас әўладты физикалық жақтан шынықтырыў, интеллектуал қәбилийетлерин жүзеге шығарыў ҳәм улыўмаинсанийлық қәдириятлар негизинде тәрбиялаў мәмлекет сиясаты дәрежесине көтерилди.
Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған түпкиликли реформаларда Мектепке шекемги тәлим тараўына да айрықша итибар қаратылмақта. Кейинги 5 жыллықта 3-7 жас арасындағы балаларды мектепке шекемги тәлимге қамтыў көрсеткишиниң дерлик 2 есеге артыўы да тосыннан емес.
З.Абдуллаева
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети баслығы
👉@qongiratrkuz

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Онлайн
1-июнь-Халықаралық балаларды қорғаў күни байрамы Қоңырат районы дем алыў бағында көтериңки кейпиятта даўам етпекте.

Балаларға бериң дуньяны
1-июнь-Халықаралық балаларды қорғаў күни байрамы Қоңырат районы дем алыў бағында көтериңки кейпиятта даўам етпекте.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
Балаларға бериң дуньяны
1-июнь-Халықаралық балаларды қорғаў күни байрамы Қоңырат районы дем алыў бағында көтериңки кейпиятта даўам етпекте.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ жигирма тоғызыншы сессиясы басланды.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети ағзалары, министрлик, мәкеме басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнаспақта.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта.
Дәслеп депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
website |facebook | telegram

Сессия күн тәртибиндеги дәслепки мәселе халыққа көрсетилип атырған тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызметлериниң сапасын жақсылаўға қаратылған илажлар ҳаққында Жоқарғы Кеӊес депутаты Т.Романовтыӊ мәлимлемеси тыӊланды.
Баянатшыныӊ атап өткениндей бүгинги күнде республикамыз халқына 156 тез медициналық жәрдем бригадалары хызмет көрсетпекте.
Соның ишинде, 137 улыўма тармақлық бригадалары, 11 реанимация, 3 психиатрия ҳәмде 5 фельдшерлик бригадалары болып табылады.
Соңғы 5 жылда тез медициналық бригадалар саны 92 ден 156 ға, тез жәрдем бригадаларына зәрүр болған дәри-дәрмақлар түрлери 20 атамадан 41 атамаға көбейген.
Сондай-ақ, тез жәрдем хызмети ушын жәми 109 дана арнаўлы автотранспортлар алынып, 68,6 пайызы жаңаланған.
Республика бойынша тез медициналық жәрдем хызметиндеги шыпакерлер ушын ажыратылған штат бирликлери кейинги 5 жылда 393 тен 856 штат бирликлерине жеткерилген.
Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сессияныӊ күн тәртибиндеги екинши мәселе «Туқымгершилик ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Дүйсенбай Утамбетов баянат жасады.
Ислеп шығылған нызам жойбары 4 бап, 39 статьядан ибарат болып, ҳәрекеттеги нызамның 9 статьясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳәм де жаңадан 27 статья киргизиў усыныс етилмекте.
Сораў-жуўаплардан соӊ депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.