QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.6K photos
4.91K videos
27 files
14.2K links
Download Telegram
📣📣Дыққат, Дыққат !!!

Ҳүрметли Қоңырат районы турғынлары!


Районымыздың тарийхы-сизиң ҳәм бизиң ата-бабаларымыздың жүрип өткен жоллары.

Жақын кунлерде жәмийетимизде мәдений турмысты жаратыў, руўхый дүньямызды, миллий мийрасларымызды, эстетик тәрбияны соның менен бирге, ҳәрбиримиз ушын қәдирли есапланған тарийхымызды келешек әўләдқа қәстерлеп жеткериў мақсетинде Қоңырат район ҳәкимлиги тәрепинен районымыздағы Абу Али ибн Синa атындағы жәмийет саламатлығы техникумында район тарийхы музейи ашылыўы режелестирилмекте.

Усы мақсет тийкарында районымызда жасаўшы ҳәрбир пуқараны ашылыў алдында турған келешек әўладимыздың руўхый дүньясын бай етиўде хызмет ететуғын тарийх музейин экспонатлар топламы менен толықтырыўдай ийгиликли ислерге белсене қатнасыўға шақырып қаламыз.

Мәнзилимиз: Қоңырат районы Абу Али ибн Синa атындағы жәмийет саламатлығы техникумы

❗️Тапсырылған буйымлар ийесиниң аты менен сақланып қалынады.

☝️Сондай-ақ, ең көп ҳәм жақсы буйымлар тапсырған пуқаралар район ҳәкимлиги тәрепинен қымбатбаҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📜Бердақ Ғарғабай улы

Сөз зергери, халқымыздың тарийхында терең из қалдырған уллы тулғалардың бири Бердақ Ғарғабай улы келешек әўладлар, әдебият ықласбентлери ушын бийбаҳа мийрас қалдырып кеткен данышпан шайырлардан бири болып саналады.
Уллы шайыр Бердак Ғарғабай улының ҳүрметине 2004-жылдан баслап «27-ноябрь –Бердақ күни » сыпатында кең түрде белгиленип келинбекте.
Бердақ шайырдың 194- жыллығын ылайықлы өткериў ушын бүгин Районлық Мәлимлеме –китапхана орайында « Уллы журттың уллы шайыры »атамасында 2-санлы кәсип –өнер мектебиниң оқыўшылары менен биргеликте әдебий кеше өткерилди.Әдебий кешеде оқыўшылар Бердақ шайырдың қосықларынан айтып , о
өзлериниң шайырдың қосықларына деген қызығыўшылықларын көрсетти. Сондай-ақ 9-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшысы Тазабаев Бегзадта өзиниң ядлаған қосықларынан айтып берди.
«Уллы журттың уллы шайыры» атамасында қойылған китап көргизбени Библиография хызмети қәнигеси П.Режепова таныстырып өтти. Әдебий кеше көтериңки руўхта өткерилди ҳәм оқыўшыларға өзгеше заўық бағышлады.

Каналға ағза болың👇
👉@qongiratrkuz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камалов «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли шөлкемлестирилгениниң 65 жыллығы мүнәсибети менен ансамбль жәмәәтин ҳәм нураныйларын қутлықлап, оларға Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары ҳәмде көкирек белгилерин салтанатлы түрде тапсырды.

Толық
: https://joqargikenes.uz/7759.html
____
Жўқорғи Кенгес Раиси М.Камалов «Айқулаш» Қорақалпоқ давлат миллий фольклор ансамбли ташкил этилганлигининг 65 йиллиги муносабати билан ансамбль жамоасини ва фахрийларини табриклаб, уларга Қорақалпоғистон Республикасининг давлат мукофотлари ҳамда кўкрак нишонларини тантанали равишда топширди.

Батафсил:
https://joqargikenes.uz/oz/7759.html
🟢#online

#Қоңырат
#Жасыл_маскан
#Әҳмийетли_40_күн

Қоңырат районында да Әҳмийетли 40 күн акциясы қызғын даўам етпекте. Акцияда районымыз ҳәкими Қ.Халмуратов нәлин егиў жумысларында белсендилик пенен қатнаспақта.

@qongiratrkuz
QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal| pinned «📣📣Дыққат, Дыққат !!! Ҳүрметли Қоңырат районы турғынлары! Районымыздың тарийхы-сизиң ҳәм бизиң ата-бабаларымыздың жүрип өткен жоллары. Жақын кунлерде жәмийетимизде мәдений турмысты жаратыў, руўхый дүньямызды, миллий мийрасларымызды, эстетик тәрбияны соның…»
#Қоңырат
#Жасыл_маскан
#Әҳмийетли_40_күн

Акция шеңберинде районлық өзин өзи басқарыў органларыда белесене қатнаспақта.

Каналға ағза болың👇
👉@qongiratrkuz