QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.6K photos
4.91K videos
27 files
14.2K links
Download Telegram
❇️ ❇️ ❇️ XABARLANDÍRÍW ❇️ ❇️ ❇️

Assalawma aleykum húrmetli ata-analar hám abiturientler!

Berdaq atındaǵı Qaraqalpaq Mámleketlik Universiteti janındaǵı Qońırat sanaat texnikumı 2021/2022-oqıw jılı ushın hújjetlerdi "Qabıllaw" baslanǵanlıǵın xabarlaydı!
Hújjetler onlayn tárizde, qabıl etiledi.
Hújjetlerdi qabıllaw 10-avgust kúninen baslap texnikum.edu.uz elektron platforması arqalı qabıllap baslanadı hám 10-sentyabr kúnine shekem (sol kúnide) dawam etedi.

🏛Texnikumǵa:
«Ómir dawamında tálim alıw» principi tiykarında keminde ulıwma orta bilimge iye bolǵan puqaralardı «KÚNDIZGI» tálim túri boyınsha mámleketlik buyırtpa hám tólemli shártnama tiykarında tómendegi qániygelikler kesiminde oqıwǵa qabıl etiw rejelestirilgen.

🟢 «KÚNDIZGI» tálim túri boyınsha
🔰 Buxgalteriya esabı hám audit
🔰 Elektr stanciyaları, tarmaqları hám sistemaları
🔰 Kompyuter injiniringi
🔰 Neft gaz qudıqların burǵılaw
🔰 Texnologik mashinalar hám úskeneler
🔰 Neft hám gazdi qayta islew texnologiyası
🔰 Gaz tarmaqların montaj qılıw, paydalanıw hám ońlaw
🔰 Veterinariya medicinası

🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹

Texnikumdı tabıslı tamamlaǵan pitkeriwshiler oqıǵan baǵdarına sáykes keletuǵın bakalavriat bilimlendiriw baǵdarları boyınsha kiriw imtixanlarısız, jeke tártiptegi sáwbet arqalı joqarı oqıw orınlarında 2-kurstan oqıwın dawam ettiriw huqıqına iye boladı.

Mánzilimiz: Qońırat rayonı, Rawshan gúzarı nomersiz jay.
«Qońırat sanaat texnikumı»

📞 Maǵlıwmat ushın telefonlar:

📞 61-312-25-55
📞 99-454-85-18
Қоңырат районының ҳәкими Халмуратов Қаллибек Жолдасбаевичтиң Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен халқымызға байрам қутлықлаӯы

Ҳүрметли Қоңырат халқы,
Қәдирли ўатанласлар!


Сизлерди, Сизлер арқалы районымыздың гүллән халқын, елимиз тарийхындағы ең уллы ҳәм ең әзиз сәне - Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллық байрамы менен шын жүректен қутлықлайман. Бәршеңиздиң шаңарағыңызға амалық, қут-берекет ҳәм жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймен.
Ғәрезсизлик – бул халқымыздың жасаў шәраятларын, ақыл санасын пүткиллей өзгертип, ҳәр бир инсанды уллы дөретиўшилик ислерге руўҳландырған байрам сыпатында жүреклерден терең орын ийелейди. Сонлықтан халқымыз ушын бүгинги сәне – жүреклерге йош, билеклерге күш, көзлерге нур бериўши илаҳий қүдиретке ийе байрам сыпатында ажыралып турады.
Президентимиздиң 2020-жыл 17-декабрдеги «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Ғәрезсизлигиниң отыз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы ПҚ-4926-санлы қарары тийкарында “Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!” деген бас идеясы терең мазмунлы сүрен менен ғәрезсизлик байрамының өткерилиўи кеўиллерди толқынландырып, бәршени уллы дөретиўшилик ислерге руўхландырмақта.Районымыздың көп миллетли халқының мийтиндей аўызбиршилиги ғәрезсизлик жылларында әжайып басламаларға алып келди. Бул бирлигимиз мийнет қаҳарманларын пайда етти. Атап айтқанда,Қоңырат районы «Қарақалпақстан» посёлка пуқаралар жыйыны баслығы Қошымбетова Қутлы «Эл юрт ҳурмати» ордени менен, Уразбаев Оңалбай «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен транспорт хызметкери» атағы менен, Бабажонов Низомжон, Ганибаев Маъмуржон, Сабиров Қуралбай, Таджиддинов Айбек «Шуҳрати» медалы менен сыйлықланыўы, соныӊ менен бирге, районымыздыӊ социал-экономикалық ҳәм халық хожалығыныӊ түрли тараўларында жемисли мийнет етип атырған 105 пидәйы хызметкерлер ҳәм мийнет ветеранлары Ɵзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниӊ 30 жыллығы естелик белгиси менен сыйлықланғанлығы буның айқын мысалы.
Бул жоқары сыйлық жерлеслеримизди еле де пидайы мийнет етиўге, елимиздиң раўажланыўына бар күш жигерин бағышлаўға жетелейди ҳәм күш-қуўат береди деп ойлайман.

Әзийз ўатанласлар!


Бүгинги Ғәрезсизликтиң муқәддес байрамында Ўатанымыздың еле де гүллеп жаснаўы ушын жумсап атырған халқымыздың турмысы абадан, елимиздиң келешеги уллы болыўын тилеп, және бир мәрте районымыздың көп миллетли мийнеткеш халқын елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамы менен шын жүректен қутлықлайман.

Ҳәр бир шаңараққа аўызбиршилик, ырысқы-несийбе, ҳәр бириңизге саў-саламатлық, қәдем басқан жерлериңизде әўмет, тасқын табыслар тилеймен.

Гөззал ҳәм ғәрезсиз елимизде ҳәр дайым тынышлық болсын!
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизди бақлап барың
👇
Web-site|Facebook|Instagram|Twitter|Youtube
Рәсмий мүнәсибет

Жаңа өзбек ҳәм қарақалпақ латын графикасындағы өзгерислер халық арасында түсинбеўшиликлерге себеп болмақтама?

Толық оқыў👇

👉https://kungrad.uz/3951.html

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@qongiratrkuz
Forwarded from Segment.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Янги_Ўзбекистон #Мустақиллик30

🇺🇿 Ўзбекистон Республикаси мустақиллигининг 30 йиллиги муборак бўлсин, азиз ватандошлар!

@yangiuzbekiston_uz
⚡️Ózbekstan Respublikası Oliy Majlisi Nızamshılıq palatası janındaǵı <<JASLAR PARLAMENTI>>niń Qońırat rayonınan saylanǵan aǵzası Dauletbay Sarsenbayev «Úmit ushqını» kókirek belgisi menen sıylıqlandı

Qaraqalpaqstan Respublikası Joqarǵı Keńesi Prezidiumınıń «Ózbekstan Respublikası Ǵárezsizliginiń 30 jıllıǵı múnásibeti menen Qaraqalpaqstan Respublikasınıń mámleketlik sıylıqları menen sıylıqlaw haqqında»ǵı qararına muwapıq, Ózbekstan Respublikası Oliy Majlisi Nızamshılıq palatası janındaǵı <<JASLAR PARLAMENTI>>niń Qońırat rayonınan saylanǵan aǵzası Sarsenbayev Dauletbay Baktibayevich «Úmit ushqını» kókirek belgisi menen sıylıqlandı.

Maǵlıwmat ushın:
Sarsenbayev Dauletbay Baktibayevich Berdaq atındaǵı Qaraqalpaq mámleketlik universitetiniń 2-kurs magistrantı.
Isbilermenler háreketi ÓZLIDEP Qońırat Rayonı Keńesi aǵzası, Jaslar Qanatı jámiyetlik Keńesi Baslıǵı.
Қоңырат районы ҳәкими Халмуратов Қаллибек Жолдасбаевич

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@qongiratrkuz
Қоңыратда және бир куўанышлы күн

Усы жылдың 31-август сәнесинде район орайында жайласқан "Qońırat Mega Park" иниң ашылыў мәресими салтанатлы түрде болып өтти. Ашылыў мәресиминде Қоңырат районы ҳәкими Қ.Халмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов ҳәмде Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
баслығы З.Жолдасов соның менен бирге, районлық сектор баслықлары қатнасты.
Ушырасыў қатнасыўшылары жыйналған мийманларды байрам менен қутлықлады ҳәм жақсы тилеклерин билдирди.
Ушырасыў даўамында район ҳәкими жас исбилерменлер менен сәўбетте болып, олардың пикир-усынысларын тыңлады.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@qongiratrkuz