QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.51K subscribers
50.6K photos
5.48K videos
31 files
15.7K links
Download Telegram
“Кәсиплик аўқамы” кубоги жарысы өткерилди

Үсы жылдың 22-ноябрь күни Локомотив спорт залында Қоңырат районы халық билимлендириў бөлими ҳәм де районлық Кәсиплик аўқамы тәрепинен 8-декабрь Конституция қабыл қылынғанлығына 28-жыл толыўы мүнәсибети менен билимлендириў хызметкерлери арасында спорттың мини футбол түринен “Кәсиплик аўқамы” кубоги жарысы болып өтти. Жарысқа жәми 200 ден аслам билимлендириў хызметкерлери қатнасты. Жарыс жуўмағында сыйлы 1-орынды Жаслар аўқамы районлық Кеңеси, 2-орынды Балалар оспиримлер спорт мектеби, 3-орынды 37 ҳәм де 33- санлы мектеп командалары ийеледи. Жарыс жуўмағында женимпаз командаларға районлық Кәсиплик аўқамы тәрепинен ҳүрмет жарлықлары ҳәм де баҳалы саўғалар тапсырылды.

@qongiratrkuz
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ КЕЙИНГИ ҮШ ЖЫЛДА ҲӘР ТӘРЕПЛЕМЕ РАЎАЖЛАНАДЫ, ПҮТКИЛЛЕЙ ЖАҢА КӨРИНИСКЕ ИЙЕ БОЛАДЫ

👉https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2552

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
Қоңырат районы 36-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшылары Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Қоңырат районы айрықша жағдайлар бөлими 10 шы қутқарыў бөлимине саяхат шөлкемлестирди.
@qongiratrkuz
Өзбекстан Республикасында халықты дизимге алыў мүддети
2022-жылдан 2023-жылға көширилди

Бүгинги күнде дүнья жүзинде гүзетилип атырған коронавирус пандемиясы себепли, бир неше мәмлекетлерде халықты дизимге алыўды өткериў мүддетлерин кейинги жылларға көшириў шараларын көрмекте. Сондай-ақ, 2020-жылда Россия Федерациясы, Казақстан ҳәм Армения Республикаларында өткериў режелестирилген халықты дизимге алыў илажлери 2021-жылға көширилди.
Бәршемизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2019-жыл 5-февральдағы ПП-5655-санлы Пәрманына муўапық, Өзбекстан Республикасында халықты дизимге алыў 2022-жылда өткерилиўи белгиленген еди. Халықты дизимге алыў илажи кең көлемли, көп ўақыт ҳәм үлкен қаржы талап ететуғын илаж болып, оны өткериў ушын 2-3 жыл даўамында таярлық жумысларын алып барыўды талап етеди.
Республикамызда ғәрезсизлик жылларында халықты дизимге алыў илажи биринши мәрте өткерилип атырғанлығын инабатқа алып, илажға пухта таярлық көриў ҳәм оны сапалы өткериў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги "Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ис-илажлери ҳаққында"ғы 710-санлы қарары менен Республикамызда халықты дизимге алыў илажи 2023-жылда өткерилиўи белгиленди.
Қоңырат районы статистика
бөлими баслығы Қ.Турғанбаев

@qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қоңырат районында "Саламат турмыс ушын 5000 қәдем"сүрени астында жүриў марафонын өткерилди.

Қарақалпақстан телеканалы
Спорт бағдарламасынан репортаж.

@qongiratrkuz
Qaraqalpaq tiline Mámleketlik til biyligi berilgenine 31jıl toldı.

Qońırat rayonı XBB ne qaraslı
57-sanlı ulıwma bilim beriw mektebinde "Til millettiń aynası" atamasında seminar ótkerildi.

@qongiratrkuz
"Тарийхымсаң, тәғдиримсең, келешегимсең, Ана тилим!"

Қоңырат районы ХББне қараслы 1-санлы улыўма билим бериў мектебинде 1- декабрь Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине 31 жыл толыўы мүнәсибети менен "Тарийхымсаң, тәғдиримсең, келешегимсең Ана тилим!" сүрени астинда әдебий кеше болып өтти.


@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қоңырат районында жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар


👉@qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районы 14-санлы мектептиң 8-класс оқыўшысы Конгратбаева Назокаттың "Qaraqalpaq tilim - maqtanıshım" атлы видеоролиги.

Оқытыўшысы: Ешмуратова Нигора

@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мүрәжат өзиниң үнамлы шешимин тапты

Қарақалпақстан телеканалы Ҳәптелик бағдарламасынан репортаж.

@qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
"Ана тилим - мақтанышым!"

Қоңырат районы ХББне қараслы 8- санлы улыўма билим бериў мектебинде Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине 31 жыл толыўы мүнәсибети менен "Ана тилим - мақтанышым " атлы әдебий кеше болып өтти.
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
24 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди

Қоңырат районында бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы болып өтти.

Қарақалпақстан телеканалы
Жаңалықлар бағдарламасынан репортаж.

@qongiratrkuz