QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.6K photos
4.91K videos
27 files
14.2K links
Download Telegram
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Өзбекстанда дизимнен өткерместен, мәжбүрий сертификатластырыӯ шәрти менен импорт етилетуғын, COVID-19 инфекциясы менен аӯырған наӯқасларды емлеӯде қолланылатуғын дәри өнимлери ҳәм биологиялық актив затлар дизими

@huqiqiymalimleme

👉@qongiratrkuz
18 жылға қамалған шахс еркинликке шығарылды

2020-жыл 12-август күни жынаят ислери бойынша Қоңырат районы судында ислеген жынаятлары ушын Қоңырат районы аймағындағы 27-санлы мәнзил колониясында жазасын өтеп атырған шахслардың жазаларын жеңилрегине алмастырыў мәселеси көрип шығылды.
Суд мәжилисинде, колония администрациясы тәрепинен киритилген усыныс көрип шығылып, усыныста судланған шахслардың жаза өтеў ўақтында өзлерине жүклетилген ўазыйпаларын лазым дәрежеде орынлағанлықлары, колония тәрепинен шөлкемлестирилген ҳәр қыйлы руўхый-ағартыўшылық саатлары, байрам мүнәсийбетлери менен өткерилген конкурсларға актив түрде қатнасқанлықлары, жаза өтеў ўақтында интизамий жазаға тартылмағанлықлары айтып өтилди.
Еркинликке шығарылғанлардың ишинде ӨзР ЖКниң 273-статьясы 5-бөлими ҳәм 28,273-статьясы 5-бөлими менен айыплы деп табылып 18 жыл мүддетке еркинен айырыў жазасына судланып, 9 жылда еркинликке шығып атырған Э.Каримовта бар.
Э.Каримов бундай өте аўыр жынаят түрин, жынятшы топарға жаслық етип, билместен қосылып қалып ислегенин, ислеген ислеринен шын кеўилден пушайманлығын, ендиги өмиринде бундай ислерди қайталамайтуғынын билдирди ҳәм оған ӨзР ЖКниң 74-статьясы 3-бөлими «в» бәнтине тийкар тайынланған жазасының 2/1 бөлегин өтеп болғанлығы себепли айлық ис ҳақысының 20% мәмлекет дәраматына өткериў жолы менен дүзетиў иси тайынланды.
Суд прокурордың ҳәм колония ўәкилиниң келтирилген усынысты қанаатландырыў ҳаққындағы пикирлерин тыңлап ҳәм нызамда белгиленген мүддетлерин өтеп болғанлықларын есапқа алып еркинен айырыў жазасын өтеп атырған шахслардың өтелмей қалған мүддетлерин ӨзР ЖКниң 74-статьясына тийкар дүзетиў иси жазасына алмастырыў ҳаққында уйғарды.



Д.Разов
Жынаят ислери бойынша Қоңырат
районы суды баслығы

https://t.iss.one/qongiratrkuz
13-август күни Қоӊырат районы буйым базарындағы саўда ҳәм хызмет көрсетиў имаратларының сыртқы жазыўларының мәмлекетлик тилде жазылыўын қадағалаў мақсетинде Қоӊырат районы ҳәкиминиӊ руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Раъно Айбергенова тәрепинен тексериў жумыслары алып барылды.
Карантин себепли хызмет көрсетиўин ўақтынша тоқтатып турған дүкән ҳәм халыққа хызмет көрсетиў орынларыныӊ сыртқы жазыўларын Мәмлекетлик тилде (латын графикасында) жазылыўын тәмийинлеў кереклиги бойынша имарат ийелерине түсиник жумыслары алып барылды!

👉@qongiratrkuz
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Жаңалық! Пайтахтымызда жаңа базар шөлкемлестирилмекте

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қаҳраман Сариевтиң басламасы менен халқымызға буннан былай да қолайлық жаратыў, соның ишинде олардың қурылыс материалларына болған талабын қанаатландырыў мақсетинде Нөкис қалалық саўда комплекси жанынан жаңа “Қурылыс материаллары” базары шөлкемлестирилмекте.

Демек, буннан былай тутыныўшы халқымыз усы орында шөлкемлестирилген базардан қурылыс материаллларын сатып алыўы мүмкин.

Нөкис қалалық саўда комплекси əтирапында қурылыс материалллары базарын жайластырыў ушын бос орынлар жеткиликли болып əйне пайытта усы майданға өз өнимлери менен келген исбилерменлер избе-из жайластырылмақта.

Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, бүгинги бир күнниң өзинде саўда орнына көпшилик ағаш өнимлери саўдасы менен шуғылланыўшы исбилерменлер келип жайласты ҳəм жаңа базардан бир неше күнниң ишинде қурылыста пайдаланатуғын басқа да зəрүрли буйымлардың орын алыўы күтилмекте.

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабының жанында “CALL CENTER” – медициналық орайы өз жумысын даўам етпекте.

“CALL CENTER” – медициналық орайы ҳәр күни 24 саат даўамында Қарақалпақстан Республикасы халқыныӊ медициналық жақтан қорғалыўын күшейтиў, “COVID-19” коронавирус кеселлигиниӊ белгилери пайда болған жағдайда зәрүр мәсләҳәт ҳәм мәлимлеме бериў бойынша күни-түни жумыс алып барады.

Әҳмийетлиси, орайға Нөкис қаласындағы Республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелериниӊ жоқары маманлықтағы шыпакерлери бириктирилген.

Ҳүрметли пуқаралар!

Егер Сизде денсаўлығыӊыз бенен байланыслы, яғный коронавирус кеселлигиниӊ белгилери пайда болғанда “CALL CENTER” мәсләҳәт орайыныӊ 1105 телефон номерине қоӊыраў етиӊ!

Өзиӊизди ҳәм өзгелерди сақлаӊ!
Суд-тергеў процессине байланыслы әҳмийетли Пәрман қабыл етилди
Суд-тергеў процессине байланыслы әҳмийетли Пәрман қабыл етилди

Соңғы жылларда мәмлекетимизде пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў, оның қәдир-қымбатын ҳүрметлеў, суд ислерин жүритиўдиң ҳәмме басқышларында тәреплердиң тартысыў принципин қолланыўды жәнеде кеңейтиў ҳәм усы тараўда ҳалықаралық стандартлар ҳәм заманагөй тәжирийбени енгизиўге қаратылған бир қатар нызам ҳүжжетлери қабыл етилмекте.
Соның менен бирге, суд-тергеў әмелиятын анализлеў ҳәм пуқаралардың мүрәжатлерин үйрениў нәтийжелери бойынша жынаят процессинде шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў кепилликлерин тәмийнлеў бойынша механизмлер толық ҳәрекетке келтирилмегенлигинен, сондай-ақ, нызамшылықта жынаят ислерин тергеў бойынша ҳуқықты қорғаўшы органлардың ўәкилликлерин анық белгилеп бериў зәрүрлиги туўылып атырғанлығы себебинен бир қанша бослықлар келип шығып, жаңадан норматив ҳүжжетлерди қабыл етиўге мүтәжлик туўылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен «Суд-тергеў искерлигинде шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў кепилликлерин жәнеде күшейтиў ис-иләжлары ҳаққындағы» 2020-жыл 10-августтағы ПФ-6041-санлы Пәрманы қабыл етилди.
Бул Пәрманда төмендегилерди суд-тергеў искерлигин жәнеде раўажландырыўдың тийкарғы жөнелислери етип белгилениўи көрсетилип өтилди:
шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлери қорғалыўын сөзсиз тәмийнлеў, процессуал ҳәрекетлердиң сыпатын асырыў, жынаят процессинде дәлийллерди топлаў ҳәм беккемлеў;
ҳуқықты қорғаўшы органлардың жынаятларды ашыўдағы искерлигин жаңа басқышқа алып шығыў, исленген ҳәр бир жынаят ушын жуўапкершиликтиң бар екенлигин ҳәмде, шахсқа, жәмийетке ҳәм мәмлекетке жеткерилген зыянның толық қапланыўын тәмийнлеў;
шахсқа қарата қыйнаўға салыў ҳәм басқада аяўсыз, қәдир-қымбатын кемситиўши жаза түрлерин қолланыў менен байланыслы ҳәрекетлер ислениўиниң алдын алыў бойынша нәтийжели механизмлерди ислеп шығыў, сондай-ақ, бундай ҳәрекетлер ушын жуўапкершиликти күшейтиў;
жынаят ислерин тергеў процессине заманагөй хабар-коммуникация технологияларын енгизиў, сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў органларының материаллық-техникалық базасын жәнеде беккемлеў ҳәм кадрлар искерлигин асырыў;
жынаятшылықтың алдын-алыў системасы нәтийжелилигин асырыў, сондай-ақ, жынаятлардың келип шығыў себеплерин ҳәм шараятларын өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыў, пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын асырыў ҳәм оларда нызамға деген ҳүрмет руўҳын пайда етиў механизмин ислеп шығыў ҳ.т.басқада көплеген ўазыйпалар белгилеп берилген.
Бир сөз бенен айтқанда қабыл етилген бул Пәрман мәмлекетимиздеги суд-тергеў органларының искерлигин арттырып, суд-тергеў процессинде тәреплердиң нызамлы мәплерин қорғаўға хызмет қылады.

Д.Разов
Жынаят ислери бойынша
Қоңырат районы суды баслығы

👉@qongiratrkuz
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы жер ресурслары ҳəм мəмлекетлик кадастры басқармасының баслығы Исатай Тлеўов қатнасында онлайн брифинг

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi