QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.5K subscribers
47K photos
4.96K videos
27 files
14.3K links
Download Telegram
ЎАТАНДЫ МӘРТЛЕР ҚОРҒАЙДЫ

Елимизде  Ўатан қорғаўдай уллы иске өзин бағышлаған әскерий хызметкерлер үлкен ҳүрмет -иззетке бөленип, ҳәр жылы 14-январь -Ўатан қорғаўшылары күни көтериңки кейпиятта байрамланады.

Өзбекстан Ресрубликасы Қураллы күшлери шөлкемлестирилгенлигиниң 33 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Қоңырат районының орайлық көшелери бойлап әскерий парад болып өтти.

Ерте таңнан райондағы Қарақалпақстан көшеси бойлап  әскерий хызметкерлер ҳәм техникалар, ҳуқық қорғаў хызметкерлери бир сапта ҳәрекетленип, район халқына жоқары байрам кейпиятын инам етти.

 Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Миллий армиямыз- мақтанышымыз

   Қоңырат районындағы пайызлы орынлардың биринде  14 -январь - Ўатан қорғаўшылары күнине бағышланған байрам илажы болып өтти.

Онда байрам  дәстүрханы жайылып, елимиздиң тынышлығын қорғаўдай әдиўли ўазыйпаны пидайылық пенен атқарып атырған
әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары мирәт етилди.

   Илажда район ҳәкими  Бекзад Мадаминов сөзге шығып, бүгинги сәне ҳақыйқый мәнисте халқымызға тән болған Ўатанға садықлық, батырлықтың тымсалына айналып атырғанлығын атап өтти. Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде елимиздиң ғәрезсизлигин, шегараларымыздың қәўипсизлигин тәмийнлей алатуғын миллий армиямыз қәлиплести. Армия қатарында ҳәр тәреплеме шыныққан, қурал- жарақ, техникаларды пухта меңгере алатуғын әскерлер хызмет етпекте. Байрам илажында район хәкимлиги тәрепинен тараў алдыңғыларына ҳүрмет жарлықлары ҳәм саўғалар берилди. Көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы йошлы қосықлар байрамға өзгеше пайыз бағышлады.


Telegram
Профессионал Армия - елимиз мақтанышы

Бүгин Қураллы күшлеримиз қатарында хызмет етип атырған азаматларымыз бар екен, елимиз тыныш, халқымыз бахытлы. Себеби, олар шегарада сергек, жолларда қырағы.

  Қоңырат районындағы 35- санлы мектеп жанындағы жаңадан қурып питкерилген жасыл қапламалы спорт майданшасында байрам илажы болып өтти. Онда сөзге шыққанлар Ўатан қорғаўшыларын Өзбекстан Қураллы Күшлериниң 33 жыллығы менен қызғын қутлықлады ҳәм халқымыздың тыныш турмысын тәмийнлеўде алып барып атырған хызметлеринде табыслар тиледи.

Буннан соң илаж қатнасыўшыларының нәзерине әскерий хызметкерлер тәрепинен сахналастырылған музыкалы композиялар усынылды.

Бул илаж, әсиресе жаслардың қәлбинде Миллий Армиямызға деген мақтаныш сезимлерин және де беккемледи.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook