QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.57K subscribers
49.4K photos
5.31K videos
29 files
15.3K links
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығы кең түрде белгиленди

Усы жылдың 8-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген сәнеге арналған байрам салтанаты болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Толық оқыў

Ўзбекистон Республикаси Конституцияси қабул қилинганининг 32 йиллиги кенг нишонланди

Жорий йилнинг 8 декабрь куни Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат академик мусиқали театрида Ўзбекистон Республикаси Конституцияси қабул қилинган санага бағишланган байрам тантанаси бўлиб ўтди.

Дастлаб Ўзбекистон ва Қорақалпоғистон Республикаларининг давлат мадҳиялари янгради.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев йиғилганларни Ўзбекистон Республикаси Конституцияси қабул қилинган кун муносабати билан самимий табриклади.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Ҳүрметли пуқаралар ҳәм мәкеме, кәрхана шөлкем басшылары!

⚡️Ҳаўа райының кескин дәрежеде суўытыўы алдынан жылытыў қазанлары ҳәм печь морыларын тазалатың.

⚡️Морылардың тығылып қалыўы инсәнларды зәҳәрли газден зыянланыўына яки жыллылық тармақларында насазлықларды келтирип шығарыўына себепши болыўы мүмкин.

⚡️Жылытыў қазанлары ҳәм печьлерден ҳәр еки сааттан хабар алып турың.

⚡️Өзиңизди ҳәм жақынларыңызды қәўипке қоймаң!

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Ўзбекистон қишлоқ хўжалиги ходимларига табрик

Поздравление работникам сельского хозяйства Узбекистана

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Министрлер Кеңеси жанында дүзилген арнаўлы штабқа 24 саат даўамында мүрәжат етиўиңиз мүмкин

Гүз-қыс мәўсимин артықша зыянсыз өткериў, халқымызды үзликсиз электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ-жайларда жүз бериўи мүмкин болған авариялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм социаллық объектлерде пуқараларымыз ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында арнаўлы ШТАБ шөлкемлестирилген.

Ҳүрметли, пуқаралар!

Егер сизде усыған байланыслы сораўларыңыз ҳәм мүрәжатларыңыз бар болса, штабтың үзликсиз түрде ислеп туратуғын +99861 222-48-40, +99861 222-48-41, +99861 222-48-47, +99861 222-48-49 телефон номерине қоңыраў етиўиңиз мүмкин.

⚡️ Қала ҳәм районларда шѳлкемлестирилген гүз-қыс штабларының телефон номерлери

📍 Әмиўдәрья районы 
☎️ 61 515-34-49
☎️ 61 515-32-31

📍 Беруний районы
☎️ 61 524-22-60
☎️ 61 524-26-10

📍 Қараөзек районы
☎️ 61 465-43-69
☎️ 61 465-40-59

📍 Кегейли районы
☎️ 61 412-23-35
☎️ 61 412-25-85

📍 Қоңырат районы
☎️ 61 312-15-42
☎️ 61 312-36-36

📍 Қанлыкөл районы
☎️ 61 332-13-24
☎️ 61 332-17-33

📍 Мойнақ районы
☎️ 61 322-12-97
☎️ 61 322-16-86

📍 Тахтакөпир районы
☎️ 61 435-27-75
☎️ 61 435-27-75

📍 Төрткүл районы
☎️ 61 532-21-30
☎️ 61 532-52-88

📍 Хожели районы
☎️ 61 554-11-26
☎️ 61 554-32-13

📍 Шымбай районы
☎️ 61 444-03-58
☎️ 61 444-33-03

📍 Шоманай районы
☎️ 61 346-24-73
☎️ 61 346-25-39

📍 Елликқала районы
☎️ 61 585-11-49
☎️ 61 585-22-08

📍 Нөкис районы
☎️ 61 424-45-71
☎️ 61 424-45-98

📍 Тақыятас районы
☎️ 61 572-22-91
☎️ 61 572-42-84

📍 Бозатаў районы
☎️ 61 415-36-13
☎️ 61 415-37-03

📍 Нөкис қаласы
☎️ 61 222-88-46
☎️ 61 222-70-79


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Коррупция...
Бүгинги күнде ҳәр күни болмаса да бул сөзди тез-тез еситип атырмыз. Коррупция өзи не? Оның алдын алыў мүмкинбе? Коррупцияның алдын алыўда Ғалаба хабар қуралларының роли қай дәрежеде?

Коррупция - жәмийет раўажланыўының тосығы. Ийелеп турған лаўазымынан пайдаланып, нызамларды шетлеп өткен халда,тек ғана өз жеке мәпин гөзлеп жәмийетке зыян жеткеретуғын социаллық ҳәдийсе болып саналады.
Коррупция - экономикалық раўажланыўға үлкен қәўип есапланады.
Коррупцияның алдын алыў мүмкин, бирақ бул узақ мүддетли ҳәм комплекс кирисиўди талап етеди. Коррупцияның алдын алыў - бул бир мәртелик хәрекет емес, бәлким үзликсиз процесс.

Ғалаба хабар қураллары - коррупцияға қарсы гүресиўде актуал қурал есапланады. Ол жәмийетте ашықлықты тәмийнлеў, коррупциялық ҳәрекетлерди анықлаў ҳәм пуқараларға бул жағдайдың ақыбетлери ҳаққында үгит- нәсиятлап барыў арқалы коррупцияны кемейтиўде қатнасады. Ғалаба хабар қураллары - жәмийетте ҳадаллық ҳәм нызамлылықты ен жайдырады. Коррупцияға қарсы гүресте пуқараларды белсене қатнасыўға шақырады.
Ғалаба хабар қуралларының раўажланыўын қоллап - қуўатлаў ҳәм қорғаў коррупцияға қарсы гүресте әҳмийетли есапланады. Коррупциялық жағдайларды ғалаба хабар қуралларында жәриялап барыў, мәмлекетлик хызметкерлердиң жуўапкершилигин асырады.

Коррупцияға араласқан шахслар жәмийетшиликке әшкара болыўдан қорқып, нызамсыз ҳәрекетлерден тыйылады. Ғалаба хабар қуралларында коррупциялық жағдайлардың сәўлелендирилип барылыўы, жәмийеттиң раўажланыўында үлкен роль атқарады.


Жуўмақлап айтатуғын болсақ, биринши орында коррупциялық жағдайлар жүз бериўине "есик ашып қоймаўымыз" тийис. Халқымыздың хуқықый билимин асырып барыў, мәмлекетте нызам үстинлигин тәмийнлеў хәм халқымызға анық ҳәм туўры түсиникти, өз ўақтында жеткерип барыў керек деп есаплайман.Тек ғана коррупциялық жағдайларды Ғалаба хабар қуралларында жәриялап барыў арқалы коррупция жоқ болмайды яки азаймайды. Ең дәслеп өзимиздиң пикирлеримиз, әтирапымыздағы инсанлардың сана - сезими өзгериўи керек. Сонда ғана коррупция деген иллетти жеңе аламыз.

Юсуф Қыдырбаев

Қарақалпақ мәмлекетлик университети Журналистика факультети студенти


Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Live

Қоңыратлы актёрлар пайтахтлыларға спектакль усынбақта

⚡️Қоңырат районлық Мәденият бөлими жанындағы Әбдираман Өтепов атындағы халық театры жәмәәти Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы драма театрында Кеңесбай Рахмановтың "Ынжықтың муҳаббаты" спектаклин усынбақта.
Жас режиссёр Севара Аллиярова тәрепинен қайта сахналастырылған бул спектакль актёрлардың шеберлиги ҳәм күшли таярлықтың нәтийжесинде пайтахтлытамашагөйлер тәрепинен жоқары кейпиятта күтип алынбақта.

Театр- бул бир жерде тоқтап турмайтуғын дөретиўшилик излениў.
Бүгинги шығарма да өмирдеги ең баслы нәрсе - бул ақ қеўиллилик, пәклик, ҳүждан, сап муҳаббат, әтираптағыларға жақсылық ислеў екенлигин және бир мәрте еслетеди. Театр жәмәәти жыл даўамында және усындай  мазмунлы ҳәм қызықлы спектакльлерди тамашагөйлер нәзерине усыныў нийетинде.

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#esletpe

❗️❗️❗️Qazanxana (kotel) gaz qızdırǵıshların (gоrelka) hádden tısqarı qattı jaqpań! Qazanxana sırtına shıǵıp janıp turǵan jalın xana ishine kirip, záhárli gazden zıyanlanıwıńızǵa sebep boladı.

Qaraqalpaqstan Respublikası Ayrıqsha jaǵdaylar basqarması Málimleme xızmeti

Telegram | Instagram | Facebook
❗️ҮНДЕЎ: Кадастрдан келдик, үйиңизди өлшеп кетемиз

Өзбекстан Республикасының «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына және оларда қурылған имарат ҳәм объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы 937-санлы Нызамы 8-ноябрьден күшке кирди.
Нызам тийкарында Кадастр агентлиги тәрепинен тастыйықланған реже-график тийкарында хатлаў өткерилмекте.

Хатлаў даўамында пуқаралардың түрли себеплер менен үйлеринде болмаўы, ямаса үй ийелериниң сырт еллерде жүрген болыўы тараў қәнигелери тәрепинен алып барылып атырған хатлаў жумысларына өзиниң унамсыз тәсирин тийгизбекте.

Жоқарыда сүўретте көрсетилген реже-график тийкарында 2024-жыл жуўмағына шекем Қарақалпақстан Республикасында хатлаў өткериледи.
Реже-график тийкаринда кадастр қәнигелери үйме-үй үйренип, көшпес мүлкиңизди хатлаўға келгенде өлшеў жумысларына шараят жаратып бериўиңизди, егер сырт елде болсаңыз ағайинлериңиз бенен байланысып үйиңизди өлшеўге имканият жаратып бериўиңизди сораймыз.
❗️ Ҳәмме үйлер хатлаўдан өткериледи

Qaraqalpaqstan kadastr
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Спорттың Қол урысы түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубогы беллесиўлери болып өтти

Бүгинги күнде жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды физикалық жақтан шыныққан кәмил инсан етип тәрбиялаўға, дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып келинбекте.

Усы жылдың 8-9-декабрь күнлери Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде (Манеж)  жаслар ҳәм профессионал спортшылар арасында Қол урысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубогы беллесиўлери болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

Қызғын бәсекиге бай түрде өткерилген жарыста спортшылар өзлериниң шеберлигин ҳәм ҳәр тәреплеме шыныққанлығын, өзлериниң күшли таярлықлар менен келгенлигин көрсете алды.

Кескин беллесиўлер менен өткен жарыс жуўмағында өз салмақ категориясы бойынша жеңимпазлар қатарынан орын алған бир қатар жасларға медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Сондай-ақ, жеңимпазлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубогы менен сыйлықланды.

Спортнинг қўл жанги тури бўйича Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси кубоги баҳслари бўлиб ўтди

Бугунги кунда ёшларнинг бўш вақтларини мазмунли ўтказиш, уларни жисмонан чиниққан комил инсон этиб тарбиялашга, жисмоний тарбия ва спортни ривожлантиришга алоҳида эътибор қаратилиб келинмоқда.

Жорий йилнинг 8-9 декабрь кунлари Нукус шаҳридаги 1-сонли спорт мактабида (Манеж) ёшлар ва профессионал спортчилар ўртасида Қўл жанги бўйича Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раисининг кубоги баҳслари бўлиб ўтди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев сўзга чиқиб, иштирокчиларга омад тилади.

Қизғин рақобатга бой тарзда ўтказилган мусобақада спортчилар ўзларининг маҳоратини ва ҳар томонлама чиниққанликларини, ўзларининг кучли тайёргарлик билан келганликларини намойиш эта олдилар.

Кескин беллашувлар билан ўтган мусобақа якунида ўз вазн тоифасида ғолиблар қаторидан жой олган бир қатор ёшларга медаль ва қимматбаҳо совғалар топширилди.

Шунингдек, ғолиблар Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раисининг кубоги билан тақдирланди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM