#online
Házir xalıqtıń Kadastr tarawındaǵı múrájatların kórip shıǵıw maqsetinde Mámleketlik kadastrları palatasi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması baslıǵı Sardar Urunbayev basshılıǵında Qońırat rayonında kóshpeli qabıllaw bolıp ótpekte.
Qabılawda S.Urunbayev tárepinen rayonlıq juwapkerler menen birgelikte taraw boyınsha rayon turǵınlarınıń múrájatları tıńlanıp, olardıń mashqalaların nızam sheńberinde unamlı sheshiw máseleleri kórip shıǵılmaqta.
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook

👍7
#Live
#Ашық_сәўбет
Энергия нәтийжелилиги ҳәм үнемлилиги- раўажланыў гиреўи
Электр энергиясынан үнемли пайдаланыў- электр тәмийнатының турақлылығына үлкен үлес қосады.Энергия үнемлеўши технологиялар тек ғана глобал көлемде емес, бәлким дерлик ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир хожалық ушын әҳмийетли.Олардан пайдаланыў тәбийий ресурсларды унемлеўге имкан берип ғана қоймай, энергия сарыпланыўын кемейтиў ҳәм ҳәр қандай ўақытта асқатыўы мүмкин болған қаржыны тежеўге имкан береди.
Әйне пайытта Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминовтың басшылығында сектор баслықлары, ғалаба хабар қураллары, тийисли тараў ўәкиллери ҳәм мәҳәлле жетилигиниң қатнасыўында өткерилип атырған ашық сәўбетте мине усы мәселелер ҳаққында сөз болмақта.
Ашық сәўбет қатнасыўшылары пуқаралар арасында энергия үнемлеўши технологиялардан пайдаланыў бойынша үгит- нәсият жумысларын күшейтиў бойынша усыныслар берип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алмақта.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

#Көшпели_қабыллаў
Әйне пайытта 1-сектор штабында Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминовтың физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын нәўбеттеги қабыллаўы болып өтпекте.
Онда район ҳәкими тәрепинен қабыллаўға келген пуқаралардың үй-жайларын оңлаý, материаллық ҳәм медициналық жәрдем, кредит қаржыларын ажыратыў, үй-жай кадастр хызмети, бәнтлик, сондай- ақ, көпшилик мәпине хызмет ететуғын жолларды оңлаý, электр тәмийнатын жақсылаў сыяқлы машқалалары тыңланбақта.
Тийисли тараў ўәкиллери қатнасып атырған қабыллаўда пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлар тийисли қәнигелер тәрепинен қадағалаўға алынып, оларды қанаатландырыў
илажлары көрилмекте. Мүддет талап ететуғынлары болса тийислилигинше үйренип шығылмақта.
Көшпели қабыллаўды өткериўден мақсет те - ҳеш бир мүрәжатты итибарсыз қалдырмай, халықтың разылығына ерисиў.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

👍10
#Live
#тоқсанбасты_усылы
Тоқсанбасты- мол дәрамат дереги
Халқымыздың овощ- палыз өнимлерине болған талабын толық қанаатландырыў мақсетинде егиннен босаған майданларға суўыққа шыдамлы егинлерден пияз, чеснок егиў ерте бәҳәрде базарларымызға қосымша өним , халқымызға жақсы дәрамат болады.
"Қоңырат" аўыл пуқаралар жыйынында тоқсанбасты усылын үй алды қыйтақ жерлерине де енгизиў бойынша жумыслар әлле қашан баслап жиберилген.
- Үйимиз қапталындағы қыйтақ жеримиздеги мәштен босаған майданға гүзлик бийдай ектик,-
дейди усы аўыл турғыны Розымбай Юлдашев.- Буннан басқа егинлерден босаған жерлерден пияз, жоңышқа жетистиремиз.
Ерте бәҳәрде пиязды базарға шығарып, дәрамат етемиз. Бийдайды писикте орып алып, қаразға жегизип, ун етeмиз. Базардан ун сатып алмаймыз. Жумыста жоқпыз, тийкарғы дәраматымыз усы қыйтақ жеримизден. Дәстурханымыз мол, барлық азықлық өнимлерди өзимиз тәбийий жетистиремиз.
Р.S: Айтқандай, Розымбай аға үй қапталына тропикалық еллерде өсетуғын бамбукти де көгертип қойыпты.
Telegram |

👍9💯2