QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.24K subscribers
45.5K photos
4.75K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
Forwarded from QON'IRAT HAQIYQATI
#Сайлаў2024

Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминов райондағы 318- сайлаў участкасына шаңарақ ағзалары менен келип, елимиз тынышлығы ҳәм оның гүллеп раўажланыўы  ушын даўыс берди.

https://t.iss.one/qonirathaqiyqati
Forwarded from QON'IRAT HAQIYQATI
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Saylaw_2024
#Qaraqalpaqstan_PPJ


📌Búgin Qońırat rayonınıń eń shetki aymaģı "Qaraqalpaqstan" PPJ jasları
da keleshek ushın ózleriniń Konstitucıyalıq huquqlarınan paydalanıp, múnásip talabanlarǵa dawıs beriwde belsendilik kórsetpekte.
  ⚡️Bárshe jaslardı saylawda belsene qatnasıwǵa shaqırıp qalamız.

https://t.iss.one/qonirathaqiyqati
Forwarded from QON'IRAT HAQIYQATI
#сайлаў_2024
#Jas_saylawshı_сырт_елде

Қоңырат районы "Азатлық" мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы жаслардың бири Гүлназ Усманова Өзбекстан Республикасының Малайзиядағы елшиханасы жанындағы 26 -сайлаў участкасынан өзи таңлаған талабанларға даўыс берди.
-Әлбетте , Ўатанымның келешегине бийпарық емеспен.
Бул участкада биз Өзбекстанлы сайлаўшылардың өзлеримиздиң Конституциялық ҳуқықымыздан пайдаланыўымыз ушын барлық шараятлар жетерли,- дейди ол.

https://t.iss.one/qonirathaqiyqati
Forwarded from QON'IRAT HAQIYQATI
#Saylaw_2024
#Qaraqalpaqstan_PPJ

  762 хожалықта  3092 адам жасайтуғын "Қарақалпақстан" посёлка пуқаралар жыйыны  республикамыздың Қазақстан менен шегаралас арқа дәрўазасы. Ең алыстағы аймақ халқы бүгинги әҳмийетли сиясий процесске белсене қатнаспақта.
Аймақтағы 361-сайлаў участкасында бүгин 1600 ден аслам сайлаўшы өзлери ылайық деп билген талабанларға даўыс бериўи күтилмекте.
Сайлаў участкасында сайлаўшылар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған.
Участкаға келиў мүмкиншилиги болмаған пуқараларға үйлеринде отырып даўыс бериў имканияты тәмийинленди. Адамлардың кейпияты көтериңки. Сайлаўшылардың дерлик ярымынан көбиси түске шекем өзлери мүнәсип деп есаплаған талабанға даўысларын берди. Даўыс бериў процесслери даўам етпекте.

https://t.iss.one/qonirathaqiyqati
Forwarded from QON'IRAT HAQIYQATI
#сайлаў_2024

"Ханжап" мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 322-сайлаў участкасында да сайлаўшылардың даўыс бериўи ушын зәрүрли шараятлар жаратылды.
Ҳәзирге шекем мыңнан аслам сайлаўшы өзлери исенген талабанларға даўыс берди.

https://t.iss.one/qonirathaqiyqati
Forwarded from QON'IRAT HAQIYQATI
#сайлаў_2024

"Жиңишке" мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 319 - санлы сайлаў участкасы еле сайлаўшылар менен гәўжим. Бүгин бул участкада 2400 ден аслам пуқара, соннан 46 жас биринши мәрте сайлаўға қатнаспақта. Адамлардың кейпияты жоқары, бүгинги сиясий ўақыяны байрам ретинде күтип алды. Өзлери таңлаған, исенген талабанына даўысларын бермекте. Сиясий процесстиң сырт елли бақлаўшылар қадағалаўында болыўы сайлаўдың ашық- айдынлылық принциплери тийкарында өтиўин тәмийнлемекте. Белсендилик, сиясий ҳәм ҳуқықый мәденият айқын көзге тасланады.

https://t.iss.one/qonirathaqiyqati