QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
10.6K subscribers
48.6K photos
5.15K videos
28 files
14.9K links
Download Telegram
#Машқала_ҳәм_шешим

Енди "Көкдәрья"лылар да таза суў ишеди

Қоңырат районы орайынан 20 км қашықлықта жайласқан "Көкдәрья" аўыл пуқаралар жыйыны халқын бир неше жылдан бери қыйнап киятырған ишимлик суý тәмийнаты машқаласы өзиниң унамлы шешимин таýмақта. Аймақ пуқараларының мүрәжатлары тийкарында жаңадан 28,3 км узынлықтағы ишимлик суý тармақларын тартыý жумыслары әмелге асырылмақта.

Сметалық баҳасы 9,2 млрд.сум болған бул қурылыс жумыслары "Gidro montaj stroy" ЖШЖ ниң қолы гүл қурылысшылары тәрепинен жедел пәтлер менен алып барылып атыр. Объектте тийкарынан 2 суў сақлағыш, суўды хлорлаў ҳәм насос станциялары жаңадан қурылмақта.
Қурылыс- монтаж жумыслары жуýмақланғаннан соң аймақтағы 380 нен аслам хожалықлардың таза ишимлик суýына болған талабы қанаатландырылады.


Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Вакансия

2024-жылдың 11-сентябрь сәнесине Қоңырат, Тақыятас, Мойнақ ҳәм Нөкис районларында дизимге алынған бос жумыс орынлары менен танысың!

1️⃣ Қоңырат районы

2️⃣ Тақыятас районы

3️⃣ Мойнақ районы

4️⃣ Нөкис районы


🏢Министрликтиң Мәлимлеме хызмети
#Оnline

Спорт майданшасы аўыл перзентлерине хызмет етпекте

   2024-жылдың 1-мәўсиминде  «Басламалы бюджет» жойбары шеңберинде Қоңырат районының "Хорезм" аўыл пуқаралар жыйынындағы 9-санлы мектепте спорт майданшасын қурыў бойынша усыныслар жоқары даўыс жыйнап, бул жойбар жеңимпаз болған еди.

Жақында қурып питкерилип пайдаланыўға тапсырылған жасыл қапламалы спорт майданшасы аўыл жаслары арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге хызмет етпекте.

Енди балалар мектеп жанындағы спорт майданшаларында мини футбол, волейбол, баскетбол менен шуғылланып, бос ўақытларын мазмунлы өткермекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети


Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Ўзбекистон Республикаси Президентининг "Париж шаҳрида бўлиб ўтган ХVII ёзги Паралимпия ўйинларида юксак натижаларга эришган спортчи ва мураббийлардан бир гуруҳини мукофотлаш тўғрисида"ги Фармони

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Париж қаласында өткерилген ХVII жазғы Паралимпия ойынларында жоқары нәтийжелерге ерискен спортшы ҳәм тренерлерден бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы Пәрманы

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
АНАЛАРЫМЫЗ КИЙГЕН ШАЙЫ КӨЙЛЕКЛЕР БҮГИН ДЕ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРЫМЫЗ КӨРКИ

Усы жылдың 9-14- сентябрь күнлери елимиз бойлап «Хан атлас» ҳәптелиги болып өтпекте.

ЮНЕСКОНЫҢ материаллық емес мәдений мийраслар дизимине кирген жипектен таярланған атлас ҳәм әдрас, шайылар өзиниң рәңбәреңлиги, тәкирарланбас гөззаллығы менен дунья жәмийетлигиниң итибарын өзине тартып келген.

  Қоңырат районы Шаңарақ ҳәм ҳаял- қызлар бөлими, 4- сектор ҳаял-қызлар белсендилери басламасы менен ҳәптелик шеңберинде «Миллий либасларымыз – миллий қәдриятларымыз» атамасында  хан атлас кийимлери көргизбелери шөлкемлестирилди.

  7-санлы МШБШ де болып өткен илажда миллий қәдриятларымызды өзинде жәмлеген миллий кийимлер, миллий үрп-әдет дәстүрлеримиз ҳаққында жас әўладқа қунлы мағлыўматлар берилди.
Шөлкем тәрбияланыўшылары тәрепинен атқарылған йошлы қосықлар, миллий аяқ ойынлар илаж қатнасыўшыларына бир әлем заўық бағышлады. Бундай илажлар жас әўладты миллий қәдриятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға хызмет етеди.

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Telegram |
#Тайынлаў

Тилеўмуратова Үмитай Аралбаевна Қоңырат районы ҳәкиминиң тийисли қарары менен Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қоңырат районлық бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Forwarded from Karakalpakstan.uz
⚡️Jurt abatlıǵı-xalıq razılıǵı

Qońırat rayonındaǵı "Kókdáriya" awıl puqaralar jıyını xalqın bir neshe jıllardan beri qıynap kiyatırǵan ishimlik suw támiynatı mashqalası óziniń unamlı sheshimin tawmaqta.
Aymaqta jańadan 28,3 km uzınlıqtaǵı ishimlik suw tarmaqların tartıw jumısları ámelge asırılmaqta.
Qurılıs-montaj jumısları juwmaqlanǵannan soń aymaqtaǵı 380 nen aslam xojalıqlardıń taza ishimlik suwına bolǵan talabı qanaatlandırıladı.
——————
⚡️Yurt obodligi - xalq roziligi

Qo'ng'irot tumanidagi "Kókdáriya" ovul fuqarolar yig'ini aholisini bir necha yillardan buyon qiynap kelayotgan ichimlik suv ta'miynoti muammosi o'zining ijobiy yechimini topmoqda.
Hududda yangidan 28,3 km uzunlikdagi ichimlik suv tarmoqlarini tortish ishlari amalga oshirilmoqda.
Qurilish-montaj ishlari yakunlangandan so'ng hududdagi 380 dan ortiq xonadonlarning toza ichimlik suviga bo'lgan talabi qanoatlantiriladi.

Biziń betlerimiz: || Bizning sahifalarimiz:
Telegram | Instagram | Facebook | X