QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.6K photos
4.91K videos
27 files
14.2K links
Download Telegram
#Live

#Байрам_қуўанышлары

Ғәрезсизлик байрамы алдынан "Көкдәрья" АПЖ имараты пайдаланыўға тапсырылды

Қоңырат районының ең шетки аймақларында да аўыл инфраструктурасын жақсылаў, халыққа қолайлы турмыс шараятларын жаратыў
бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

 ♻️Ҳүрметли Президентимиздиң   арнаўлы қарарына муўапық ажыратылған 500 миллион сўм қаржы есабынан "Көкдәрья"аўыл пуқаралар жыйынының жаңа имараты қурып питкерилди. Бул дәргайда мәҳәлле жетилигиниң жумыс алып барыўы ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған.
Мәҳәллениң ашылыў салтанатында район ҳәкиминиң биринши орынбасары Ж.Сейтмуратов сөзге шины, аймақ турғынларын байрам менен қутлықлады.
Мийманлар заманагөй имараттағы қолайлылықлар менен танысты. Бул имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы аўыл халқын үлкен қуўанышқа бөлемекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
                          
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Президент Шавкат Мирзиёев Кўксаройда  мамлакатимиз мустақиллигининг 33 йиллиги муносабати билан давлат мукофотларини топширди.

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси А.Орынбаев "Меҳнат шуҳрати" ордени билан тақдирланди.

Президент Шавкат Мирзиёев Көксарайда мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен мәмлекетлик сыйлықларын тапсырды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев "Меҳнат шухрати" ордени менен сыйлықланды.

#Mirziyoyev #marosim #Mustaqillik #mukofotlar

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
🔴Live

" БИЗ БИР БОЛСАҚ -БИР ХАЛЫҚПЫЗ, БИРЛЕССЕК- ЎАТАНБЫЗ!"

Ғәрезсизликке 33 жыл....

Елимизде той көп байрамлар көп. Лекин олардың ишинде ең жүрекке жақыны Ғәрезсизлик байрамы. Сонлықтан халқымыз бул байрамда өзгеше кейпият пенен қарсы алады.
Қоңыратлылар да бул қутлы сәнени ҳәр бир тарау‌да ерисилип атырған жетискенликлер менен күтип алмақта. 
Орайлық амфитеатрда "Биз бир болсақ бир халықпыз, бирлессек- Ўатанбыз!" сүрени астында өткерилип атырған салтанатлы байрам илажына жыйналғанларды ҳәм келген мийманларды район ҳәкими Б.Мадаминов қызғын қутлықлап, елимизге қут-берекет, шаңарақларға аманлық тиледи .г Байрам илажы районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған театрластырылған музыкалы композиция менен даўам етпекте.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
                          
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook