QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14K subscribers
47.2K photos
4.98K videos
27 files
14.4K links
Download Telegram
#Live

АБАДАНЛАСТЫРЫЎ- МӘЎСИМЛИК ЖУМЫС ЕМЕС

Ҳәр қандай байрам алдынан көшелер, мәҳәллелерди абат етиў, әтирапты азада, тәртипли жағдайға келтириў халқымыздың ағла пазыйлетлеринен.
Қоңырат районында да Ғәрезсизлик байрамы алдынан абаданластырыў жумыслары баслап жиберилди. Лекин әтирапты абаданластырыў жумысларының жағдайы барлық жерде бирдей емес.
Район орайынан өтиўши R-173
жолының бойларының тазалығын көзден кеширгенимизде, Абаданластырыў басқармасы хызметкерлери, 1-санлы кәсип өнер мектеби техник хызметкерлеринен басқа абаданластырыў жумысларын жүргизип атырғанлар көринбеди.
Биз ҳәзир "Ҳәким ата","Жиңишке","Түркистан","Мыңжарған" МПЖ лар аймақларынан өтиўши усы жолдың бойындамыз ҳәм бул жерде ҳеш қандай абаданластырыў жумыслары қолға алынбағанлығының гүўасы болып турмыз.
Жыңғыллар, қамыс, жабайы шөплер көшениң "шырайына шырай қосып тур".Кемшиликлер тез арада сапластырылыўына үмит етемиз.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

🌐Бизди бақлап барың:

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Live

#Мыңжарған_МПЖ
#сын_дүзелмей_мин_дүзелмейди

АБАДАНЛАСТЫРЫЎ-МӘЎСИМЛИК ЖУМЫС ЕМЕС



Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Live

Байрам алдынан районымыздағы мекеме ҳәм кәрханалар жәмәәтлери, мәҳәлле белсендилери қоршаған орталықтың азадалығын сақлаў жумысларына қызғын кирисип кетти. Лекин абаданластырыў жумысларына бармақ арасынан қарайтуғынлар баршылық.
  Күни кеше район ҳәкиминиң басшылығында байрамды халқымыздың  жоқары кейпиятта күтип алыўын тәмийнлеў ушын барлық орынларда абаданластырыў жумысларын алып барыўға жуўапкерлер бекитилиўине қарамастан бул жумыслар өзи боладылыққа таслап қойылған.
Мәҳәллелердиң ишкерисине кирмей-ақ район орайынан кесип өтиўши R-173 орайлық көшесиниң бойындағы жағдайдан фотокөринислерди нәзериңизге усынамыз.
"Алтынкөл"посёлка пуқаралар жыйыны аймағындағы зыяратханалар, "Ханжап, "Бердақ","Қумбыз" мәҳәллелериндеги орайлық көшениң бойлары жабайы шөпке толып кеткен. Абаданластырыў жумыслары бойынша үгит-нәсият алып барыў тиккелей мәҳәлле баслықларының ўазыйпасы емес пе?

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
"Халық мәмлекетлик уйымларға емес,мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиýи керек"
  

   Президентимиздиң басламасы менен турмысқа енгизилип атырған бул идея мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалардың мазмунын қурайды.Әйне соның ушын халықтың турмыс абаданлығын асырыý, олардың бүгининен разы болып жасаýын тәмийнлеý, ертеңги күнин және де жарқын етиý мақсетинде  мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң бар күш ҳәм имканиятлары  жумсалмақта.
    Бүгин Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминовтың физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын нәўбеттеги қабыллаўы болып өтти.
   Қабыллаўға келген пуқаралар үй-жайларын оңлаý, материаллық ҳәм медициналық жәрдем,кредит қаржыларын ажыратыў, үй-жай кадастр хызмети, бәнтлик, жолларды оңлаý сыяқлы машқалалары менен район ҳәкимине мүрәжат етти. Қабыллаý даýамында пуқараларды толғандырып жүрген машқалалары тыңланды. Машқалалардың көпшилиги сол жердиң өзинде тийисли уйымлардың қатнасыýында өз шешимин тапты.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Микрокредитлер муғдары үш есеге арттырылады

Мәселен, 100 миллион сумға шекемги микрокредит тек ғана 9 процент исбилерменлердиң талабын қанаатландырыўы ушын жетерли екенлиги мәлим болды. Соның ушын, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў мақсетинде микрокредитлер муғдары 3 есеге арттырылып, 300 миллион сумға жеткериледи. Бунда кредиттиң 100 миллион сумға шекемги бөлегине гиреў талап етилмейди.

Бул мақсетке бир жылда 10 триллион сум бериледи.

Микрокредитлар миқдори уч каррага оширилади

100 миллион сўмгача микрокредит бор-йўғи 9 фоиз тадбиркорларнинг эҳтиёжи учун етарли эканлиги маълум бўлди. Шу боис, кичик ва ўрта бизнесни қўллаб-қувватлаш мақсадида микрокредитлар миқдори 3 карра оширилиб, 300 миллион сўмга етказилади. Бунда кредитнинг 100 миллион сўмгача бўлган қисмига гаров талаб қилинмайди.

Бу мақсадга бир йилда 10 триллион сўм берилади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter