QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
15K subscribers
46K photos
4.83K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң расмий каналы:
Telegram: https://t.iss.one/qongiratrkuz
Instagram!
https://www.instagram.com/qongirot_rayoni_janaliqlari?r=nametag
⚡️Қарақалпақстанда коронавирус анықланғанлар саны алты адамға көбейди. Соның екеўи халықтың арасынан анықланған.

❗️2020-жыл 28-июнь жағдайында Қарақалпақстан Республикасында коронавирусқа шатылған наўқаслардың улыўма саны 151 ди қурайды.
🔻 Улыўма емленип шыққанлар – 141 адам.
🔸 Ҳәзир емленип атырғанлар – 10 адам.

Ҳәзирги ўақытта коронавирус инфекциясы менен кеселленген пуқаралар Нөкис районындағы Реабилитация орайында емленбекте.

Дерек: @Xaliq_ushin

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
👉https://www.instagram.com/qongirot_rayoni_janaliqlari?r=nametag
ӨЗИҢИЗДИ ҲӘМ ӨЗГЕЛЕРДИ САҚЛАҢ!

🔺2020-жыл 28-июнь жағдайында Қарақалпақстан Республикасында коронавирусқа шалынған наўқаслардың улыўма саны 151 ди қурайды.
Улыўма емленип шыққанлар – 141 адам.
⚠️ Ҳәзир емленип атырғанлар – 10 адам.

Солай етип,
Нөкис қаласынан – 6 адам,
Басқа ўәлаятлардан – 2 адам (халықаралық жүк тасыўшы автомашина айдаўшылары),
Басқа мәмлекеттен – 2 адам (халықаралық жүк тасыўшы автомашина айдаўшылары)

Дерек: @qrdssm

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Шавкат Мирзиёев: Халқ овозидан тўғри хулоса қилсак, натижа жуда катта бўлади

Шавкат Мирзиёев: Если сделаем правильные выводы, слушая глас народа, результат будет очень высоким


Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
ДӘРИЛЕРДИҢ РЕҢЛЕРИНДЕ СЫР БАР МА?
— Не ушын дәрилердиң реңи бир-биринен парықланады? Бунда қандай да бир сыр бар ма?
Лала Сейдуллаева, Хожели

— Дәрилер реңиниң бир-биринен парықланыўында емлеў көзқарасынан ҳешқандай сыр жоқ. Дәрилер реңиниң ҳәрқыйлы болыўы, тийкарынан, таблеткалар, капсулалар ҳәм сиропларда көбирек байқалады. Буның себеби олардың дизайнының сулыў болыўы, бир-биринен айрылып турыўы ҳәм қурамындағы базы элементлердиң бар болыўы менен байланыслы. Мәселен, сироптың қызғыш реңде болыўы оның қурамында малина ямаса қулыпнай қосылғанлығын билдиреди. Бул элементлер дәрилерге дәм, ийис ҳәм гейде рең бериў ушын да қосылады.
Коронавирус инфекциясының тарқалыўы менен байланыслы эпидемиологиялық жағдайдан келип шыққан ҳалда журтымыздың қала ҳәм районлары 2020-жыл 29-июнь жағдайына «қызыл», «сары» ҳәм «жасыл» аймақларға төмендегише ажыратылды:


🔴Қоңырат районы

🟡Нөкис қаласы

🟢Хожели районы
🟢Тахтакөпир районы
🟢Әмиўдәрья районы
🟢Беруний районы
🟢Қанлыкөл районы
🟢Қараөзек районы
🟢Кегейли районы
🟢Мойнақ районы
🟢Нөкис районы
🟢Төрткүл районы
🟢Шымбай районы
🟢Шоманай районы
🟢Елликқала районы
🟢Тақыятас районы
🟢Бозатаў районы.

Дәрек: https://t.iss.one/ssvuz/1968

👉 @qongiratrkuz
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Дыққат! Нөкис қаласы «Қызыл» аймаққа өткерилмекте

Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабының арнаўлы баянламасына тийкар 2020-жылдың 30-июнь сəнесинен баслап Нөкис қаласы қызыл аймаққа өткерилмекте.

Ҳүрметли пуқаралар!

Сизди өзиңиздиң ҳəм өзгелердиң денсаўлығына бийпарқ бомаған ҳалда «Қызыл» аймаққа белгиленген барлық талапларға қатаң əмел етиўге шақырамыз!

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети
Абитуриентлер ҳүжжет тапсырғанда төлемди қалай төлеўи бойынша

Дерек: https://kknews.uz/kk/60582.html


Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
Бакалавриаттың бес бағдарын сайлаў тәртиби ҳәм шәртлери қандай?

Дерек: https://kknews.uz/kk/60579.html

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
⚡️😷 2020-жыл 29-июнь саат 17:00 ҳалатына Өзбекстанда коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқаслар саны 8199 ға жетти.

ҮЙДЕ ҚАЛЫҢ !

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
🔹Жаңа имканиятлар жаратылды
👇👇👇
https://kungrad.uz/2105.html

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
НМПИге 62 студент мақсетли тийкарда грантқа қабыл етиледи. Грант орынлары қайсы районлар ушын ажыратылған?

2020-2021-оқыў жылында республикалық жоқары оқыў орынлары бакалавриатының күндизги билимлендириў түри бойынша мәмлекетлик буйыртпасы тийкарында оқыўға қабыллаў параметрлеринен мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде халық билимлендириў тараўында жоқары мағлыўматлы кадрларға талап жоқары болған аймақлар ушын мақсетли қабыллаў параметрлери тастыйықланды.

Усы тийкарда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының бир қатар күндизги бакалавриат бағдарларының қарақалпақ топарлары ушын мақсетли тийкарда улыўма 62 грант орынлары ажыратылды.

Бул орынлар халық билимлендириў тараўында жоқары мағлыўматлы кадрларға талап жоқары болған Мойнақ, Тахтакөпир, Төрткүл ҳәм Елликқала районларында жасайтуғын абитуриентлер ушын ажыратылған.

Солай етип, быйылғы жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының төмендеги бағдарлары ушын мақсетли қабыллаўлар әмелге асырылады:

5110100 – Математика ҳәм информатика. Улыўма 18 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Төрткүл районы ушын – 5 орын;
Тахтакөпир районы ушын – 2 орын;
Мойнақ районы ушын – 5 орын;
Елликқала районы ушын – 6 орын.

5110200 – Физика ҳәм астрономия. Улыўма 5 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Тахтакөпир районы ушын – 1 орын;
Мойнақ районы ушын – 3 орын;
Елликқала районы ушын – 1 орын.

5110300 – Химия. Улыўма 6 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Тахтакөпир районы ушын – 2 орын;
Мойнақ районы ушын – 1 орын;
Елликқала районы ушын – 3 орын.

5110400 – Биология. Улыўма 6 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Тахтакөпир районы ушын – 2 орын;
Мойнақ районы ушын – 2 орын;
Елликқала районы ушын – 2 орын.

5110600 – Тарийх. Улыўма 3 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Төрткүл районы ушын – 1 орын;
Елликқала районы ушын – 2 орын.

5110500 – География ҳәм экономикалық билим тийкарлары. Улыўма 2 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Төрткүл районы ушын – 1 орын;
Елликқала районы ушын – 1 орын.

5111600 – Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими. Улыўма 2 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Мойнақ районы ушын – 1 орын;
Елликқала районы ушын – 1 орын.

5111301 – Ана тили ҳәм әдебияты: рус тили ҳәм әдебияты. Улыўма 3 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Елликқала районы ушын – 3 орын.

5111302 – Ана тили ҳәм әдебияты: қарақалпақ тили ҳәм әдебияты. Улыўма 4 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Төрткүл районы ушын – 1 орын;
Тахтакөпир районы ушын – 2 орын;
Мойнақ районы ушын – 1 орын.

5111400 – Шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили. Улыўма 11 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Төрткүл районы ушын – 3 орын;
Тахтакөпир районы ушын – 2 орын;
Мойнақ районы ушын – 2 орын;
Елликқала районы ушын – 4 орын.

5110900 – Педагогика ҳәм психология. Улыўма 2 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан:

Тахтакөпир районы ушын – 1 орын;
Елликқала районы ушын – 1 орын.

Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
🔹Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен
👇👇👇
https://kungrad.uz/2097.html

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
2020-жылдың 30-июнь сəнесинен баслап төмендеги хызмет түрлериниң жумыс алып барыўы қадаған етиледи:

парклер ҳəм халықтың дем алыў бағлары (аттракцион ҳəм кеўил ашар объектлердиң жумысы буған кирмейди);

азық-аўқат емес өнимлериниң усақлап сатыў саўдасы менен шуғылланыўшы дүкəнлар, зергерлик ҳəм гүл дүкəнларының жумысы;

жөнелиссиз таксиде жолаўшыларды тасыў;

жəмийетлик транспорт ҳəрекети;

барлық түрдеги ғалабалық илажлар – концерт, театр, кинотеатр, музей, спорт илажлары, шаңарақлық илажлар, той, мереке ҳəм мəресимлер (жерлеў мəресимлери 10-15 адамнан көп болмаған жағдайлар буған кирмейди) ;

буйым базарларының жумысы;

шаштəрезхана ҳəм гөззаллық салонларының жумысы;

кеўилашар объектлер – түнги клублар, дискотека, ресторан, кафе, асхана, чайхана, спа ҳəм массаж салонлары, караоке, бильярд заллары, шылым (кальян) ҳəм компьютер ойынлары орайларының жумысы;

салқын ишимликлер саўдасының жумысы;

қадақланбаған музқаймақ саўдасының жумысы;

билимлендириў мəкемелери (бақша, мектеп, лицей, колледж, техникум, институт, университет ҳəм басқалар), оқыў курсларының жумысы;

мəмлекетлик органлар менен шөлкемлерде физикалық ҳəм юридикалық шахсларды қабыл етиў;

жеке-меншик бəнтлик агентликлериниң жумысы;

ашық жасалма қапламалы спорт объектлери;

компьютер (сканер, нусқа көшириў, текст териў, басып шығарыў) ҳəм полиграфия хызмети;

автотранспорт қураллары басқарыўшыларын таярлаў 8əм қайда таярлаў менен шуғылланыўшы мəкемелер;

спорт секциялары, дөгереклер, спорт залары ҳəм фитнес клублар жумысы;

индивидуал шуғылланыўшылар ушын тренажер залары ҳəм бассейнлердиң жумысы;

диний шөлкеслердиң жумысы.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz
Ўзбекистон ёшларига байрам табриги

Праздничное поздравление молодежи Узбекистана


Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter