QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.05K subscribers
46K photos
4.82K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
Халықты кәмбағаллықтан шығарыўда пуқаралардың өзин-өзи бәнт етиўи үлкен әҳмийетке ийе.

"Қашы" МПЖ да жасаўшы Дилноза Зиўатдинова аймақ ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен алған жеңилликли кредит есабынан үй қапталы қыйтақ жеринде биогумус жетистириўди жолға қойды.

- Егинлер ушын тәбийий ҳәм пүткиллей қәўипсиз төгин есапланған биогумус өз алдына айрықша сақлаў, жеке қорғаныў қағыйдаларын талап етпейди,-дейди ол. -Қурамы тәбийий болғанлықтан өсимликке, инсан организмине ҳәм қоршаған орталыққа ҳеш қандай зыян тийгизбейди. Сонлықтан болса керек, бул тәбийий төгинге болған талап артып бармақта. Усыларды есапқа алып биогумус жетистириўди жолға қойдым.
Бул исте маған қайнатам жақыннан жәрдем берип, жол жоба көрсетпекте.

"Шөжени гүзде сана"дегениндей, шаңарақ ағзалары гүзде бул тәбийий өнимнен мол дәрамат алыў нийети бар.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

🌐Қоңырат районы ҳәкимлигиниң социаллық тармақлардағы рәсмий бетлерине ағза болың:

Telegram | Website | Instagram |
УouTube
#Сайхунабад_тәжирийбеси

"ИЗЛЕГЕН ИМКАН ТАБАДЫ"

   Қоңырат районындағы "Қашы" мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Ильясовлар шаңарағы үй қапталы қыйтақ жеринен өнимли пайдаланып , дәрамат дерегине айналдырып отыр.

-Үй алдымыздағы қыйтақ жеримиз онша үлкен емес. Бирақ бул жеримизге жүзимниң бир неше сортларын,алма,әнжир, қәрели,ерик,шабдалы сыяқлы мийўе тереклериниң астына қыяр,капуста,помидор,болгар бурышы және басқа палыз егинлерин егип, мине жемисин терип атырмыз , - дейди Балхожа Ильясов-   -Дәрамат та соған жараса. Негизинде бир сотых жери бар адам - бай адам. Мине, жаз писер жүзимлеримизди де сатып басладық.Базардан азық-аўқат,ҳәттеки гөшти де сатып алмаймыз, барлық нәрсе өзимизден.

"Излеген имкан табады"деген усы болса керек, сәўбет даўамында Балхожа ағаның сыйыр, қой-ешкилери, түйетаўықлары да бар екенлигин көрип, билгенге қыйтақ жер ҳақыйқый ғәзийне екенлигине және бир мәрте исеним арттырдық.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
нерлиниң өзеги талмас"

Әййемги бес қаланың бири 
Қоңырат районында өнерментшилик түрлери, атап айтқанда, миллий кестешилик, миллий қурақларды қураў өнери кең тарқалған. Кемпир апаларымыздан мийрас бул өнер бүгин көплеген ҳаял-қызлардың турақлы жумыс искерлигине айналып, шаңарақлардың тийкарғы дәрамат дәреги болып келмекте.

" Ҳаяллар дәптери" имканиятларының нәтийжеси Қоңырат районы "Наўайы"мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы он бармағынан өнери тамған шебер ҳаял-қызлар мысалында.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызметиниң социаллық тармақлардағы бетлерине ағза болың:


Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Бүгин ANTIKORRUPSIYA OAV рәсмий телеграмм каналында
"Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районындағы 34-санлы мектепте мийнет дем алысынан келген муғаллимлер шөп шабыў жумысларына тартылмақта" атамасындағы сын хабар тарқалды. Бул хабарда келтирилген жағдай бойынша тийисли уйымлар тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылып атырғанлығын мәлим етемиз.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Медиа_тур

  Қоңырат районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети, Өзбекстан телерадиокомпаниясы, Қарақалпақстан телеканалы журналистлериниң қатнасыўында турақлы экономикалық өсиў арқалы халықтың абадан турмысын тәмийнлеў бағдарында ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша медиа-тур өткерилди.
Медиа-тур даўамында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери "Киет", "Ханжап" мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәким жәрдемшилериниң көмеги менен өз исбилерменлигин жолға қойып, халықты кәмбағаллықтан шығарыўда басқаларға өрнек болып атырған бир қатар заманласларымыздың искерлиги  менен жақыннан танысты.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
⚡️Qońıratlı jas diyxanlardıń mańlay terinen jetilistirilgen awılxojalıq ónimleri dáramatqa kirdi

Burın fermerler menen birge úles esabına jumıs islegen jaslar búgin óz aldına diyxan xojalıǵın júrgizip miynet etip kelmekte. Olar óz ónimlerin awıl arasında hám sawda orınlarında satıp dáramat almaqda.

Qońırat rayonı "Órnek" awıl puqaralar jıyınında jasawshı dıyqan jaslardıń sózlerine qaraǵanda, olar bir kúnde 1-2 million sumǵa shekem dáramat kórmekde.

Jaslarǵa berilgen jer tek ǵana bir jastıń emes, al bir shańaraqtıń da bántligin hám dáramatın támiyinlep bermekte.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook