QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
15K subscribers
46K photos
4.84K videos
27 files
14K links
Download Telegram
   ҚР Транспортта кәўипсизликти тәмийнлеў баскармасы хызметкерлери тәрепинен Қоңырат регионаллық темир жол узели хызметкерлери ҳәм пуқаралар арасында темир жолларда  қәўипсизлик қағыйдаларына бойсыныў жүзесинен үгит- нәсият жумыслары алып барылды.
  Өткерилген илаждың тийкарғы мақсети темир жол тараўында жумыс алып барып атырған хызметкерлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў, халықты ҳәр қандай кеўилсиз жағдайлардан қорғаўға қаратылған.
  
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Нөкис ҳəм Үргениш аэропортлары арасында бийпул трансфер хызмети жолға қойылады

Үргениш халықаралық аэропортының ушыў-қоныў жолы реконструкция етилиўи мүнəсибети менен "Uzbekistan Airports" Нөкис ҳəм Үргениш аэропортлары арасында бийпул трансфер хызметин усынады.

Айтылыўынша, бийпул трансфер хызмети ушын автобуслар қойылады. Автобуслар жолаўшыларды жөнеп кетиўинде де, ушып келиўинде де мəнзил аэропортына алып барады.

Мысалы, Үргеништен Москвага HY-9615 рейсинде ушыўы керек болған жолаўшылар Үргениш аэропортына саат 23:00 де жетип келиўи керек. Кестеге бола, автобуслар жолаўшыларды Үргениш аэропортынан саат 23:30 да алып кетеди. Саат 02:30 да жолаўшылар Нөкис аэропортына жеткериледи ҳəм сол жерден Москваға ушады. Москвадан қайтқан жолаўшыларды Нөкистен Үргенишке жеткериў процеси де тап усылай шөлкемлестириледи. Нөкис аэропортында шегара қадағалаўынан өтип, жүклерди қабыллап алған жолаўшыларды Үргенишке жол алатуғын автобуслар күтип турады.

Ҳəр бир айрықша жөнелис бойынша автобуслардың қатнаў кестесин усы силтеме арқалы табыўыңыз мүмкин.

Еслетип өтемиз, Үргениш халықаралық аэропорты ушыў-қоныў жолының реконструкция етилиўи мүнəсибети менен 2024-жылдың 20-июль күнинее 7-август күнине шекем жабылады.

Нукус ва Урганч аэропортлари ўртасида бепул трансфер хизмати йўлга қўйилади

Урганч халқаро аэропортининг учиш-қўниш йўлаги реконструкция қилиниши муносабати билан “Uzbekistan Airports” йўловчиларга Нукус ва Урганч аэропортлари ўртасида бепул трансфер хизматини тақдим этади.

Айтилишича, бепул трансфер хизмати учун автобуслар қўйилади. Автобуслар йўловчиларни жўнаб кетишда ҳам, учиб келишда ҳам манзил аэропортига олиб боради.

Масалан, Урганчдан Москвага HY-9615 рейси билан учаётган йўловчилар Урганч аэропортига соат 23:00 да етиб келишлари лозим. Жадвалга кўра, автобуслар йўловчиларни Урганч аэропортидан соат 23:30 да олиб кетади. Соат 02:30 да йўловчилар Нукус аэропортига етказилади ва у ердан Москвага учишади. Москвадан қайтган йўловчиларни Нукусдан Урганчга етказиш жараёни ҳам худди шундай ташкил этилади. Нукус аэропортида чегара назоратидан ўтиб, юкларни қабул қилиб олган йўловчиларни Урганчга йўл оладиган автобуслар кутиб туради.

Ҳар бир алоҳида йўналиш бўйича тўлиқ автобуслар қатнови жадвалини ушбу ҳавола орқали топишингиз мумкин.

Эслатиб ўтамиз, Урганч халқаро аэропорти учиш-қўниш йўлаги реконструкция қилиниши муносабати билан 2024 йилнинг 20-июлидан 7-августига қадар ёпилади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги 52-санлы қарары тийкарында Қоңырат районында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Райондағы "Қашы" мәкан пуқаралар жыйынындағы жәрдемге мүтәж 12 пуқараның жайларының төбесин шиферлаў нәзерде тутылған болып, бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Мағлыўмат ушын, Қоңырат районында Қашқадәрья ўәлаятының
14,1млрд сумлық қаржылары есабынан жәми 934 үй оңланыўы режелестирилген. Соннан 889 үйдиң төбеси шиферланыўы, 45 үйди толық қайтадан қурып бериў белгиленген.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Ўзбекистон Республикаси Президентининг "Атоқли қорақалпоқ шоири ва мутафаккири Ажиниёз Қўсибой ўғли таваллудининг 200 йиллигини кенг нишонлаш тўғрисида"ги қарори

Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Белгили қарақалпақ шайыры ҳәм уллы ойшыл Әжинияз Қосыбай улының туўылғанының 200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында"ғы қарары


Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
#Bes_baslama_olimpiadası
#Mushoira

💥 Búgin"Bes baslama olimpiadası" sheńberinde"Mushoira"tańlawınıń rayonlıq basqıshı ótkerildi.

⚡️ Sektor basqıshında jeńimpaz bolǵan jaslar rayonlıq basqıshta 16-30 jas taypasında bellesti.

Jarıs juwmaǵına kóre:

1⃣-orındı "Ádebiyat" MPJ dan Adilbaev Bekbergen

2⃣-orındı"Rawshan"APJdan Bayjol Baxıt

3⃣-orındı"Qanglı"APJ dan Kuralbaeva Rayxona iyeledi.

⚡️  Bekbergen Adilbaev tańlawdıń Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshına jollama aldı. Keyingi basqıshta áwmet tileymiz!

Telegram | Website | Instagram |
УouTube
#Mini_futbol
#Qońırat_rayonı
#Ashıq_birinshilik

⚽️" Órnek" awıl puqaralar jıyını hàkim jàrdemshisiniń baslaması menen sporttıń mini futbol túri boyınsha Qońırat rayonı sport mektebi ashıq birinshiligi ótkeriledi.

⚡️Usı jıldıń 19-iyul kúni 2012-jılda tuwilģan jas óspirimler arasında Qońırat rayonı sport mektebiniń ashıq birinshiligi ótkeriledi.
🔹Sport jarısına Qaraqalpaqstan Respublikasınıń barlıq orınlarınan eń kúshli jas futbolshılar komandaları keliwi kútilmekte.

📌Bársheni qızıqarlı futbol oyınların tamashalawģa hám komandamızdı qollap-quwatlawģa shaqırıp qalamız!

Telegram | Website | Instagram |
УouTube
Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығын мүнәсип белгилеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары қабыл етилди.

Қарар менен:

Шайырдың «Таңламалы шығармалары» топламын өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде басып шығарыў, оның өмири ҳәм дөретиўшилигине арнап жаратылған көркем, илимий-ғалабалық шығармаларды қайта басып шығарыў ҳәм презентацияларын өткериў:

Мәмлекет буйыртпасы менен Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған саҳналық шығармалар ҳәмде «Әжинияз» көркем-публицистикалық фильмин жаратыў ҳәм олардың презентацияларын шөлкемлестириў;

Нөкис қаласында шайыр дөретиўшилигине арналған «Айт, сен Әжинияздың қосықларынан» атамасында мәмлекетимиз жас дөретиўшилериниң таңлаўын, дөретиўшилик мектеплери оқыўшылары арасында Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған шығармалар таңлаўын өткериў;

2024-жылдың сентябрь айында Көркем академияның Орайлық көргизбелер залында Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған китаплар, сүўретлеў өнери ҳәм халық әмелий көркем өнери үлгилери көргизбесин өткериў;

2024-жылдың октябрь айында Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәмде Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетинде Әжинияз Қосыбай улының әдебий мийрасын үйрениў атамасында халықаралық илимий-әмелий конференциялар шөлкемлестириў;

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик институтында шайыр музейин шөлкемлестириў;

Әжинияз Қосыбай улының Мойнақ районындағы қәбирин абаданластырыў ҳәм оған естелик орнатыў, усы районда Әжинияз Қосыбай улының атындағы экопарк қурыў;

Мәмлекетимиздеги жоқары ҳәм орта арнаўлы, профессионал, улыўма орта билимлендириў мәкемелери, мийнет жәмәәтлери ҳәм мәҳәллелерде белгили жазыўшы ҳәм шайырлар, илимпазлар қатнасыўында Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығына арналған ушырасыў ҳәм әдебий кешелер шөлкемлестириў;

2024-жылдың ноябрь айында Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театры ҳәмде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық театрында Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығына арналған салтанатлы көркем-әдебий еслеў кешелерин шөлкемлестириў белгиленген.

Ажиниёз Қўсибой ўғли таваллудининг 200 йиллигини муносиб нишонлаш мақсадида Ўзбекистон Республикаси Президентининг қарори қабул қилинди.

Қарор билан:

шоирнинг “Танланган асарлар” тўпламини ўзбек ва қорақалпоқ тилларида нашр қилиш, унинг ҳаёти ва фаолиятига бағишлаб яратилган бадиий, илмий-оммабоп асарларни қайта чоп этиш ва тақдимотларини ўтказиш;

давлат буюртмасига биноан Ажиниёз Қўсибой ўғлининг ҳаёти ва фаолиятига бағишланган саҳна асарлари ҳамда “Ажиниёз” бадиий-публицистик фильмини яратиш ва уларнинг тақдимотларини уюштириш;

Нукус шаҳрида шоир ижодига бағишланган “Айт, сен Ажиниёзнинг қўшиқларидан” мавзусида мамлакатимиз ёш ижодкорларининг танловини, ижод мактаблари ўқувчилари ўртасида Ажиниёз Қўсибой ўғли ҳаёти ва ижодига бағишланган иншолар танловини ўтказиш;

2024 йилнинг сентябрь ойида Бадиий академиянинг Марказий кўргазмалар залида Ажиниёз Қўсибой ўғлининг ҳаёти ва ижодига бағишланган китоблар, тасвирий санъат асарлари ва халқ амалий санъати намуналари кўргазмасини ўтказиш;

2024 йилнинг октябрь ойида Қорақалпоқ давлат университети ҳамда Алишер Навоий номидаги Тошкент давлат ўзбек тили ва адабиёти университетида Ажиниёз Қўсибой ўғлининг адабий меросини ўрганиш мавзусида халқаро илмий-амалий конференциялар уюштириш;

Ажиниёз номидаги Нукус давлат педагогика институтида шоир музейини ташкил қилиш;

Ажиниёз Қўсибой ўғлининг Мўйноқ туманидаги қабрини ободонлаштириш ва унга ёдгорлик ўрнатиш, мазкур туманда Ажиниёз Қўсибой ўғли номидаги экопарк барпо этиш;

мамлакатимиздаги олий ва ўрта махсус, профессионал, умумий ўрта таълим муассасалари, меҳнат жамоалари ва маҳаллаларда таниқли ёзувчи ва шоирлар, олимлар иштирокида Ажиниёз Қўсибой ўғли таваллудининг 200 йиллигига бағишланган учрашув ва адабий кечалар уюштириш белгиланган.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
"Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы"нда
"Өзбекстан -2030"стратегиясында белгиленген кең көлемли реформалардың Қоңырат районында әмелге асырылыўы бойынша ашық сәўбет өткерилди.

Оған район ҳәкими Б.Мадаминов, кең жәмәәтшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Илажда Жаслар ислери районлық бөлими баслығы Б.Сақлапов усы жылдың алты айы даўамында районда 286 жасқа банклер тәрепинен 5 млрд 720 мың сум жеңилликли кредитлер берилгенлигин атап өтти.

Тастыйықлап өтилгениндей, 255 жас турақлы жумыс орны менен тәмийнленген, 486 жасқа 30 жыллық ижара ҳуқықы тийкарында 406 га жер майданлары ажыратылған.
Сондай-ақ,181жас "Жумысқа мәрҳамат"моноорайында кәсип-өнерге оқытылған,14 жас келешек кәсиплери жойбары шеңберинде IT ҳәм шет тиллерине оқытылды.
72 студент жасқа бир жыллық төлем контракт суммасының 50%и, 37 жастың илим-пән ҳәм спорт бағдарындағы 6 айлық оқыў курсы қәрежетлери төлеп берилген.17жасқа субсидия  тийкарында тийкарында мийнет қураллары алып берилгенлиги дыққатқа ылайық.

Telegram