QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.5K subscribers
47K photos
4.96K videos
27 files
14.3K links
Download Telegram
Қоңырат районында «Мәнаўият фестивалы» көтериңки руўхта болып өтти

  Қоңырат районында «Биз бир болсақ — халықпыз, бирлессек — Ўатанбыз!» сүрени тийкарында  «Мәнаўият фестивалы» болып өтти.

Онда елимизге белгили шайыр-жазыўшылар, көркем өнер ҳәм мәденият тараўының ўәкиллери, «Мәрипат» үгит-нәсиятшылар жəмийетиниң ағзалары Мәденият орайында район халқы менен ашықтан-ашық сәўбетлести.

Бир неше орында болып өткен фестиваль даўамында үгит-нәсиятшылар топары ағзалары халқымыздың кеўлине қонымлы қосықлары,  шенде-шен ушырасатуғын талантлары менен қатнасыўшылардың қәлбине бир әлем заўық ҳәм йош бағышлады.

Көркем өнер шеберлери, елимиздиң сүйикли қосықшылары қатнасыўындағы гала концерт район халқының мәдений дем алыўына тийкар болды.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
⚡️Бүгиннен оқыўды көшириў (перевод) бойынша арзаларды қабыллаў басланады

Министрлер Кабинетиниң 20.06.2017-жылдағы 393-санлы қарарына муўапық, бүгин 15-июльдан ЖООларында оқыўды көшириў процесслери басланады.

Оқыўды көшириў ушын арзалар 5-августқа шекем даўам етеди ҳәм төмендеги 2 платформа арқалы қабылланады:

transfer.edu.uz — мәмлекетлик ЖООның биринен басқасына;

my.uzbmb.uz — сырт елдеги ЖОО ямаса республикадағы жумыс алып барып атырған сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес ЖООларынан мәмлекетлик ЖООларына.

Өзбекстандағы бир ЖООнан басқасына көшириў ушын тек 2 категориядағы студентлерге рухсат бар:

👰‍♀️Студент турмысқа шықса, өмирлик жолдасының жасаў орнындағы ЖООларына;

🧑‍✈️Мәмлекетлик хызметкердиң жумыс орны өзгергенде перзенти яки өмирлик жолдасы тийисли басшы усыныснамасы менен оқыўын көшириўи мүмкин.

Өзбекстанның өзиндеги сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес ЖОО студентлери де мәмлекетлик ЖООна өтиў ушын имтихан тапсырады.

Усы имтиханда студентлер төмендеги кестеде көрсетилген балларды топлай алса оқыўын көшире алады:
https://t.iss.one/uztdi/8636

Өтиў балын топлай алмағанлар «супер-контракт» пенен қабыл етилиўи мүмкин.

@mandat_javobbot арқалы оқыўды көшириў бойынша пәнлер комплекси, баҳалаў өлшемлери, өтиў баллары ҳәм супер контракт муғдарлары менен танысыўыңыз мүмкин.

Абитуриентлерге оқыўға кириўде берилетуғын жеңилликлер «перевод»шылар ушын әмел етпейди.

⚡️Бугундан ўқишни кўчириш учун ариза олиш бошланади

Вазирлар Маҳкамасининг 20.06.2017 йилдаги 393-сон қарорига мувофиқ, бугун 15 июлдан ОТМларда ўқишни кўчириш жараёнлари бошланади.

Ўқишни кўчириш учун аризалар 5 августга қадар давом этади ва қуйидаги 2 та платформа орқали қабул қилинади:

transfer.edu.uz — давлат ОТМнинг биридан бошқасига;

my.uzbmb.uz — хорижий мамлакатларда ёки республикада фаолият юритаётган хорижий ва нодавлат ОТМдан давлат ОТМларига.

Ўзбекистондаги бир ОТМдан бошқасига кўчириш учун эса фақат 2 та тоифа талабаларга рухсат бор:

👰‍♀️Талаба турмушга чиқса, турмуш ўртоғининг яшаш жойидаги ОТМга;

🧑‍✈️Давлат хизматчисининг иш жойи ўзгарганда фарзанди ёки турмуш ўртоғи тегишли раҳбар тавсияномаси билан ўқишини кўчириши мумкин.

Ўзбекистоннинг ўзидаги хорижий ва хусусий ОТМ талабалари ҳам давлат ОТМга ўтиш учун имтиҳон топширади.

Ушбу имтиҳонда талабалар қуйидаги жадвалда кўрсатилган балларни тўплай олса ўқишини кўчира олади: https://t.iss.one/uztdi/8636

Ўтиш баллини тўплолмаганлар "супер-контракт" билан қабул қилиниши мумкин.

✔️ @мандат_жавоббот орқали ўқишни кўчириш бўйича фанлар мажмуаси, баҳолаш мезонлари, ўтиш баллари ва супер контракт миқдорлари билан танишишингиз мумкин.

Абитуриентларга ўқишга киришда бериладиган имтиёзлар "перевод"чилар учун амал қилмайди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
«Арал жигитлери» ойын ансамбли Қырғызстанда өткерилген «Ойын өнери -2024» фестивалының Гран-присин қолға киргизди

Усы жылдың 7-12-июль күнлери Қырғызстанның Ош қаласында «Ойын өнери -2024» II Халықаралық дослық фестивалы өткерилди. Онда Өзбекстан, Туркия, Қазақстан ҳәм Қырғызстан аяқ ойын командалары қатнасты.

Таңлаў нәтийжелерине бола, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң «Арал жигитлери» ойын ансамбли таңлаўдың толық жеңимпазы болды ҳәм Гран-приди қолға киргизди. Жеңимпаз командаға Кипрге саяхат жолламасы берилди.

"Орол йигитлари" рақс ансамбли Қирғизистонда ўтказилган "Рақс санъати - 2024" фестивалининг Гран-присини қўлга киритди

Жорий йилнинг 7-12 июль кунлари Қирғизистоннинг Ўш шаҳрида "Рақс санъати - 2024" II Халқаро дўстлик фестивали бўлиб ўтди. Унда Ўзбекистон, Туркия, Қозоғистон ва Қирғизистон рақс жамоалари иштирок этди.

Танлов натижаларига кўра Ўзбекистон давлат филармонияси Қорақалпоғистон Республикаси бўлимининг "Орол йигитлари" рақс ансамбли мутлоқ ғолиб бўлди ва Гран-прини қўлга киритди. Ғолиб жамоага Кипрга саёҳат йўлланмаси тақдим этилди.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Қоңырат районы әдиллик бөлими
тәрепинен"Ziya úlesiw"акциясы  шеңберинде ашылған китапхана
жайласқан мәҳәлледе жасаўшы 14 жастан 30 жасқа шекемги жаслар арасында "Зийрек китапқумар "таңлаўы өткерилди .

Бул таңлаўдан мақсет жаслардың китап оқыўға деген қызығыўшылығын арттырыў ,  ал мектеп оқыўшыларының болса жазғы дем алысын кеўилли өткериўден ибарат.

Китапқумарлардың арасынан ең зийреклерин таңлап, оларды  хошаметлеў ушын әдиллик бөлими хызметкерлери  тәрепинен төрешилер сайланды . Таңлаў барысында қатнасыўшылар арасынан ең "Зийрек китапқумар"  анықланды ҳәм Республикамызда өткерилетуғын таңлаўға жоллама алды.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook