QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
10.7K subscribers
47.8K photos
5.08K videos
28 files
14.7K links
Download Telegram
#Live

Qońıratta «Analarǵa húrmet» atamasında bayram ilajı shólkemlestirilmekte

8-dekabr – Ózbekstan Respublikası Konstitutciyası qabıl etilgen kún hám máhálledegi jaslar jetekshisi lawazımı engizilgenine 3 jıl tolıwı múnásibeti menen «Analarǵa húrmet» atamasında bayram ilajı shólkemlestirilmekte.

Bayram ilajında máhálle jaslar jetekshileriniń anaları miymanda bolıp, olarǵa Qońırat rayonı hákimligi tárepinen minnetdarshılıq bildirildi.

Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Live

Мәмлекетлик байрақ - мақтанышымыз

"Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққында"ғы нызамның қабыл етилгенлигине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен Қоңырат районында да түрли илажлар өткерилмекте.  Мәденият сарайында болып өткерилиа атырған илажда тастыйықлап өтилгениндей, мәмлекетлик белгилер ҳәр бир мәмлекеттиң суверинитетин ҳәм ғәрезсизлигин сәўлелендириўши муҳаддес тымсаллар.
Илажды Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы Умида Тилеўмуратова ашты ҳәм жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.
Байрам салтанатында сөзге шыққанлар тәрепинен "Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққында"ғы нызамның мазмун- әҳмийетине тоқтап өтилди.
  Мәмлекетлик байраққа үлкен ҳүрмет пенен мүнәсибетте болыў, оннан нызам талапларына сай пайдаланыўымыз лазымлығы айтылмақта.
Илаж қатнасыўшыларының нәзерине көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы усынылмақта.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Live
#Жаңа_жыл_нәпеси

🎄Қоңырат районында жасаўшы Афған урысында қатнасқан ветеранлар жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен райондағы абаданластырыў басқармасы хызметкерлерине байрам саўғаларын берип, жақынлап киятырған жаңа жыл байрамы менен қутлықлады. Оларға ыссы кофелер тарқатылып, шын кеўилден саўбет алып барылмақта.
___

Қўнғирот туманидаги яшовчи Афғон уришида қатнашган ветеранлар янги йил байрами муносабати билан тумандаги ободонлаштириш бошқармаси ходимларига байрам совғаларини улашиб, яқинлашиб келаётган янги йил байрами билан табриклади. Уларга иссиқ кофелар тарқатилиб, чин кўнгилдан суҳбатлашмоқда.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Live

⚡️"Kásipler tańlawı" jeńimpazı rayonımızǵa jetip keldi

🔹 "Bes baslama olimpiadası" sheńberinde Samarqand wálayatında ótkerilgen "Kásipler tańlawı" nıń Ózbekstan Respublikası basqıshında Kiyet máhállesinen Xojabaeva Saodat qatnasıp sıylı 3- orındı iyelegen edi.

🔹Búgin Qońırat temir jol vokzalında jeńimpaz qızımızdı kútip alındı. Kútip alıw máresimine Qońırat rayonı hákimi birinshi orınbasarı J.Seytmuratov, Qońırat rayonı Jaslar isleri bólimi baslıǵı B.Saklapov, jaslar jetekshileri hám ata-analar qatnaspaqta.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Live
#Kútip_alıw
#Jiu_jitsu_sport_túri
#Ózbekstan_kubogı

Aldın xabar bergenimizdey, usı jıldıń 20-23- dekabr kúnleri Tashkent qalasında 8 jastan 18 jasqa shekemgi hám 18 jastan joqarı óspirimler hám jaslar arasında sporttıń Jiu jitsu túrinen Ózbekstan Kubogı bolıp ótken edi.

Onda Qońırat rayonı sport mektebinen qatnasqan shuǵıllanıwshılar jámi 18 medallardı, sonnan 4 altın, 2 gúmis 12 qola medalın qolǵa kirgiziwge miyasar boldı.

Sportshılarımız Qońırat temir jol vokzalında sport mektebi jámááti, trener- ustazları, ata-anaları hám ǵalaba xabar quralları wákilleriniń qatnasıwında saltanatlı túrde kútip alındı.

Óz náwbetinde sportshılarımızdı hám olardıń ata-anaların erisken jeńisleri menen qızǵın qutlıqlaymız!

Qońırat rayonı hákimligi málimleme xızmeti

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Live

Қоңыратта Жаңа жыл нәпеси
___

Қўнғиротта Янги йил шукуҳи

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#LIVE

Жаңа жыл ярмаркалары халық хызметинде

   Жаңа жыл алдынан халқымыздың күнделикли турмысында ең зәрүрли болған гөш, ун, мәйек, қумшекер, өсимлик майының баҳаларының жасалма рәўиште асырылмаўы, базарда ең керекли, көп қолланылатугын өнимлерге арзан баҳалар қойылыўы тийисли уйымлар тәрепинен қадағаланбақта.
  Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти, Қоңырат районы ҳәкимлиги тәрепинен «Қоңырат дийхан базары» нда арзанластырылған аўылхожалығы өнимлери  ярмаркалары шөлкемлестирилмекте.
  Саўда ярмаркасынан райондағы фермер хожалықлары тәрепинен жетистирилген азық-аўқат өнимлери арзан баҳаларда сатылмақта.  Аймақ турғынлары гөш, гүриш, мийўе-палыз өнимлерин арзан баҳаларда  сатып алыў имканиятына ийе болғанынан миннетдар болмақта.

Telegram |