QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
10.7K subscribers
47.7K photos
5.07K videos
28 files
14.6K links
Download Telegram
"ҮСТИРТ" TЕ ҒӘЛЛЕДЕН МОЛ ЗҮРӘӘТ ТОПЛАНДЫ

  Қоңырат районының ең шетки аймақларының бири- "Үстирт" аўыл пуқаралар жыйынындағы ең алыс аўылларға да суў келип тиришилик қайта оянды.
  Суў келмегенликтен бир неше жыллардан бери егислик болмаған майданлар өзлестирилип, партаў жерлер егислик майданға айналдырылды.
Өткен жылы гүзде "Қоңырат пахта кластер" ЖШЖ тәрепинен 586 гектар майданға егилген гүзлик бийдайдан бүгин атызларда мол зүрәәт топланды.
Қырмызы дән жоқары өнимдарлы комбайнлар жәрдеминде орып алынып, ел телегине тапсырылмақта.
Районда ғәллешилик пенен шуғылланатуғын 139 фермер хожалықлары тәрепинен мәмлекетке 11мың тоннадан аслам бийдай тапсырыý нәзерде тутылған. Орым-жыйым мапазын шөлкемлескенлик пенен өткериý мақсетинде 13 отряд дүзилген болып, оларға 13 дана заманагөй комбайнлар бириктирилген.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
❗️ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

   Бүгин Қоӊырат районындағы "Азатлық","Моншақлы","Түркистан" МПЖ аймақларында саат 9:00 ден 18:00 ге дейин усы аймақлардағы трансформаторларда киши оңлаў жумыслары өткерилиӯине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылатуғынлығын хабарлаймыз.

Қоңырат РЭТК

Telegram | Instagram |
УouTube | Facebook
❗️ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Қоңырат районы суў тәмийнаты филиалына қараслы «Алтынкөл ВЗС» насос станциясында ири оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы «Әжинияз» АПЖ, «Алтынкөл» ППЖ, «Қумбыз» ,«Каратал», «Кашы», «Хан жап», «Моншақлы», «Таллық» ҳәм «Бердах» МПЖлар аймақларында 2024-жыл 20-июнь күни саат 10-00 ден 17-00 ге дейин ишимлик суў тәмийнаты ўактынша тоқтатылатуғынлығын хабарлаймыз.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Шоманай районы ҳәкими тайынланды

Бүгин, 20-июнь күни халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң гезексиз тоқсан биринши сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда Шоманай районы ҳәкими лаўазымына Аметов Адилбек Оразымбетовичты тайынлаў мәселеси көрип шығылды.

Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.

Сессияда Аметов Адилбек Оразымбетович Шоманай районы ҳәкими етип тастыйықланды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, А.Аметов мийнет жолы даўамында бир қанша жуўапкершиликли лаўазымларда жемисли мийнет еткен.

Усыныӊ менен халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң гезексиз тоқсан биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter