QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.32K subscribers
45.5K photos
4.74K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
Қәдирли оқыўшылар, әзиз мектеп питкериўшилери!

Ең дәслеп, сизлерди бүгинги мектепти питкергениңиз ҳәм үлкен өмирге қәдем қойып атырғаныңыз бенен қызғын қутлықлаймыз. 

Сизлер көптен күткен 25-май сәнесинде республикамыздың барлық орынларында «Соңғы қоңыраў” сести жаңлап, питкериўши жаслар қәдирли мектеплери, мийирман устазлары менен хошласпақта. Бүгинги сәнеде қаншама жасларымыз алтын медаль, гүмис медаль менен мектепти жоқары баҳаларда питкерип атыр.  

Әлбетте, булардың барлығы тек ғана сиз – жаслар емес, ата-аналар, устаз ҳәм оқытыўшылар ушын да айрықша итибарға ылайық ўақыя есапланады.

Қәдирли жаслар!

ϴткен жылларға нәзер таслайтуғын болсақ, сизлердиң турмысыңызда үлкен тарийхый өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз берип атырғанын көплеген мысалларда көриўимиз мүмкин.

Атап айтқанда, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.

Атап өтиў керек, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген 213-санлы тарийхый пәрман менен қарақалпақстанлы жасларға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде өткен 2023-2024-оқыў жылында мәмлекетлик грант тийкарында қосымша 3 мың квота, соның менен бирге төлемли-контракт тийкарында қосымша 7 мың квота ажыратылған еди.

Бул ийгиликли ислер быйылғы жылда да даўам еттирилип, қосымша 6 мың 500 квота ажыратылғаны кеўиллерге айрықша мақтаныш сезимлерин бағышлайды.

Жасларға қаратылып атырған имканиятлар нәтийжесинде ҳүрметли Президентимиздиң билимлендириў тараўына болған айрықша итибары менен Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары саны 2016-жылғы 6 дан 12 ге жетти. Жасларымыздың жоқары оқыў орынларына кириў кѳрсеткиши 2016-жылғы 9 проценттен 41 процентке жеткерилди.

Сондай-ақ, Инвестиция бағдарламасы тийкарында быйылғы жылдың өзинде 35 мектепте 206,9 млрд. сумлық қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў, соннан, 4 мектеп 61,2 млрд. сум қаржы тийкарында жаңадан қурылыўы, қамтыў коэффициенти жоқары 30 мектепте 137,3 млрд. сум қаржы тийкарында реконструкция жумыслары шеңберинде қосымша заманагөй имаратлар қурылыўы, 1 мектепте 4,3 млрд. сум қаржы тийкарында капитал-оңлаў жумыслары әмелге асырылыўы режелестирилген.

Нөкис каласында улыўма баҳасы 52,3 млрд. сумлық 504 орынлы заманагөй қәнигелестирилген мектеп (222 орынлы жатақханасы менен) қурылысы жуўмақланыў алдында тур.

Буннан тысқары, елимиз келешеги болған сиз-жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша илажлар нәтийжесинде усы жылдың өзинде 267 питкериўши жасларымыз мүддетинен алдын жоқары оқыў орынларына кириў бахтына еристи. Олар бүгин дүняның белгили жоқары оқыў орынларына ҳәм елимиздеги филиалларына грант жеңип алып, студент болған жаслар есапланады.

Әлбетте, бундай мысалларды еле кѳплеп келтириўге болады.

Қәдирли жаслар!

Сизлерди мектеп билимлендириўин нәтийжели жуўмақлағаныңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, ҳәммеңиз студент болыў бахтына миясар болғайсыз деп тилеп қаламыз.

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Әзиз питкериўшилер, қәдирдан ул-қызларымыз!

Бүгин сизлерди өмириңиздиң ең қуўанышлы ҳәм тәсирли мәўритлери - мектепти питкерип, үлкен турмысқа қәдем қойғаныңыз бенен шын қәлбимнен қутлықлайман!

Ҳүрметли Президентимиздиң күни кеше сиз әзиз питкериўшилерге жоллаған қутлықлаўында тастыйықланғанындай, қәлби бир әлем пәк арзыў-үмитлер менен толы сизлер киби нәўқыран, жигерли жасларымыз тымсалында биз ушын шешиўши әҳмийетке ийе болған тәлим-тәрбия тараўындағы ҳәрекетлеримиздиң және бир әмелий көринисин, халқымыз ҳәм Ўатанымыздың келешегин көремиз.
Исенимим кәмил, бүгин елимизде жаратылып атырған имканиятлардан пайдаланып, заманагөй талаплар тийкарында тәлим -тәрбия алған жас әўлад ўәкиллери сыпатында бәршеңиз мәмлекетимиз, халқымыз тәрепинен жаратылып атырған имканиятларды қәдирлеп, олардан және де нәтийжели пайдаланасыз.

Қәдирли жаслар!

Бәршеңизге мәлим, Мәмлекетимиз басшысының тиккелей басшылығында қысқа мүддетте мектепке шекемги билимлендириў, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў системасында үлкен өзгерислер әмелге асырылды.
Ең әҳмийетлиси, жаратылып атырған имканиятлар нәтийжесинде районымыздың қәбилетли жаслары пән олимпиадаларында, фестиваль ҳәм таңлаўларда жоқары орынларды ийелеп, мәмлекетимиз ҳәм шет елдеги абыройлы жоқары оқыў орынларына кириў ҳуқықларын қолға киргизбекте.

Әзиз ул-қызларым!

  Оқыўдан, излениўден алға ҳәрекет етиўден тоқтамаң. Жаслықта  алынған билим тасқа ойылған нағыс киби мәңги қалыўын ҳәм жақсылыққа хызмет ететуғынлығын естен шығармаң!

Пәк нийетлер босағасында бәршеңизди келешекте күтип турған табысларыңыз бенен қутлықлап, үлкен турмысқа ҳақ жол, узақ өмир тилеймен!

Қос қанатыңыз ҳеш қашан талмасын!
Пәрўазыңыз бәлент болсын!


Бекзод Мадаминов
Қоңырат районы ҳәкими


Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы мектеп питкериўшилерин қутлықлады

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде өткерилген соңғы қоңыраў илажында қатнасты.

Илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы мектеп питкериўшилерин шын кеўилден қутлықлап, Президентимиздиң мектеплерди питкериўши ул-қызларға жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы үлгили, белсенди оқыўшыларға ҳәм оларды камалға келтирип, тәрбиялаған ата-аналарына, оларға билим берген муғаллимлерге миннетдаршылық билдирди.

Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебин быйыл 35 оқыўшы питкерип, соннан 20 оқыўшы шет тилин билиў дәрежесиниң халықаралық ҳәм миллий сертификатына, 12 оқыўшы түрли пәнлерден миллий сертификатқа ийе болды.

Соныда айрықша атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң итибары ҳәм ғамхорлығы менен жасларға үлкен итибар қаратылып, өз қәбилетин жүзеге шығараман деген жасларға бар мүмкиншиликлер жаратып берилди. Буннан тысқары, Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары саны 2016-жылғы 6 дан 12 ге жетип, жасларымыздың жоқары оқыў орынларына кириў кѳрсеткиши 2016-жылғы 9 проценттен 41 процентке жеткерилди.

Илажда соңғы қоңыраў қағылды.

Ўзб


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Абитуриентлар ушын әҳмийетли жаңалық: Енди жоқары оқыў орынлары, тәлим жөнелиси ҳәм тәлим формасы тесттен соң таңланады

Президент Пәрманына тийкар 2024/2025-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик жоқары ҳәм профессионал оқыў орынларына (кәсип-өнер мектебинен тысқары) қабыл етиў бойынша имтиханлар «алдын тест, соң таңлаў» өлшемине муўапық бир ўақытта өткерилиўи белгиленди. Бунда:

а) абитуриентлер өз таңлаўына муўапық тест сынағы нәтийжесинде жыйнаған балынан келип шығып, дәслеп жоқары билимлендириўдиң бакалавриат тәлим жөнелислерине, соң профессионал оқыў орынларына оқыўға кириў ушын таңлаўда қатнасады;

б) мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары бакалавриатына қабыллаў процеси төмендеги еки басқышта әмелге асырылады:

🗓биринши басқышта абитуриент ҳәр жылы 5-июньнан 25-июньға шекем (25-июнь күни де) тест сынағын тапсырыў ушын дизимнен өтеди ҳәмде тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси, тәлим тили ҳәм тест тапсырыў аймағын ҳәмде кириў имтиханлары қурамында кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан болса, усы имтиханды тапсыратуғын жоқары оқыў орынларын таңлайды. Бунда бакалавриат тәлим жөнелислери бойынша бирден-бир кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар бағдарламасы ҳәм баҳалаў өлшемлери тийисли министрлик (мәкемелер) тәрепинен Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен келисилген ҳалда тастыйықланады;

📝 оқыўға қабыл етиў бойынша кириў имтиханлары июль–август айларында өткериледи;

Екинши басқышта абитуриентлер тест сынақлары толық жуўмақланғаннан соң 15 күн даўамында жоқары оқыў орынлары, бакалавриат тәлим жөнелиси ҳәм тәлим формасын таңлайды;

✔️@mandat_javobbot арқалы қайсы жоқары оқыў орнында қандай жөнелислер бар екенлиги ҳәм ҳәр бириниң өтиў баллары менен танысыўы мүмкин.

Абитуриентлар учун муҳим янгилик: Энди олий таълим муассасаси, таълим йўналиши ва таълим шакли тестдан сўнг танланади


Президент Фармонига асосан 2024/2025-ўқув йилидан бошлаб давлат олий ва профессионал таълим муассасаларига (касб-ҳунар мактаби бундан мустасно) қабул қилиш бўйича имтиҳонлар "аввал тест, сўнг танлов" тамойилига мувофиқ бир вақтда ўтказилиши белгиланди. Бунда:

а) абитуриентлар ўз танловига кўра тест синови натижасида тўплаган балидан келиб чиқиб, дастлаб олий таълимнинг бакалавриат таълим йўналишларига, сўнг профессионал таълим муассасаларига ўқишга кириш учун танловда иштирок этади;

б) давлат олий таълим муассасалари бакалавриатига қабул жараёни қуйидаги икки босқичда амалга оширилади:

🗓биринчи босқичда абитуриентлар ҳар йили 5 июндан 25 июнга қадар (25 июнь куни ҳам) тест синови топшириш учун рўйхатдан ўтади ҳамда тест синови топшириладиган фанлар мажмуаси, таълим тили ва тест топшириш ҳудудини ҳамда кириш имтиҳонлари таркибида касбий (ижодий) имтиҳон бўлса, ушбу имтиҳонни топширадиган давлат олий таълим муассасасини танлайди. Бунда бакалавриат таълим йўналишлари бўйича ягона касбий (ижодий) имтиҳонлар дастурлари ва баҳолаш мезонлари тегишли вазирликлар (идоралар) томонидан Олий таълим, фан ва инновациялар вазирлиги билан келишилган ҳолда тасдиқланади;

📝 ўқишга қабул қилиш бўйича кириш имтиҳонлари июль–август ойларида ўтказилади;

иккинчи босқичда абитуриентлар тест синовлари тўлиқ якунланганидан сўнг 15 кун давомида олий таълим муассасаси, бакалавриат таълим йўналиши ва таълим шаклини танлайди;

✔️ @mandat_javobbot орқали қайси олийгоҳда қандай йўналишлар борлиги ва ҳар бирининг ўтиш баллари билан танишиш мумкин.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#Қоңырат
#2_санлы_мектеп

ПӘРЎАЗЫҢЫЗ БӘЛЕНТ БОЛСЫН, ӘЗИЗ ПИТКЕРИЎШИЛЕР!
⬇️⬇️⬇️

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Соңғы_қоңыраý                                #Қоңырат
#2_санлы_мектеп

   Қоңырат районында 49 улыýма билим бериý мектеплери бар болып,  быйыл бул мектеплердиң 11-классларын 1523 оқыўшы питкерип, ана мектеби қушағынан үлкен турмысқа туңғыш қәдемлерин тасламақта. Бүгин райондағы барлық мектеплерде  "Соңғы қоңыраý" кешелери жоқары кейпиятта  өткерилди.
  "Қоңырат" аýыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 2-санлы мектепте  болып өткен"Соңғы қоңыраў" кешесинде район хәкиминиң биринши орынбасары Мухтар Муртазаев мектеп питкериýшилерин қызғын қутлықлап, Президент Шавкат Мирзиёевтың күни кеше улыýма билим бериý мектеплериниң питкериýши жасларына жоллаған қутлықлаýын оқып еситтирди хәм мектеп питкериýшилерин билимлендириýдиң келеси басқышына табыслы өтип алыýын тиледи.

    Мектепте 650 оқыўшы тәлим алып атырған болса, соннан 36 сы быйыл ана мектеби босағасынан қанат қомлап ушпақта.
   
    Үлгили оқыўшылар хошаметленип, мектепти питкерген елге белгили мийнеткеш инсанлар менен ушырасыýлар шөлкемлестирилди. Мектеп питкериўшилери устазларына деген, ана мектебине деген  миннетдаршылығын өзлери таярлап келген терең сезимлерге бай,қосықларында, ойын-заýықлары арқалы билдирди.

   Быйыл район бойынша 66  питкериýши үлгили минез- қулқы ҳәм жоқары баҳалары ушын    алтын ҳәм 29 питкериўши гүмис медаллар менен сыйлықланбақта.
   
    Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook